Санлы технологиялар жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын қамтып алып атырған ҳәзирги дәўирде ҳаял-қызлардың санлы саўатлылығы глобал көлемде әҳмийетли мәселеге айланды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән банки ҳәм Халықаралық телекоммуникациялар бирлеспеси сыяқлы халықаралық шөлкемлер ҳаял-қызлардың санлы дүньяға тең ҳуқықлы кириўин тәмийинлеўди турақлы раўажланыў мақсетлериниң ажыралмас бөлеги сыпатында көрмекте. Статистикалық мағлыўматларға бола, дүнья бойынша 259 миллион ҳаял-қыз интернеттен пайдаланыў имканиятына ийе емес, бул болса олардың билимлендириў, бәнтлик ҳәм санлы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын шеклейди. Олардың санлы саўатлылығын арттырыў тек ғана гендер теңлигин тәмийинлеп қоймастан, ал глобал көлемде экономикалық өсиў, инновациялар ҳәм социаллық инклюзияны жеделлестириўге хызмет етеди. Сол себепли, ҳаял-қызлардың санлы көнликпелерге ийе болыўы заманагөй жәмийетлер ушын стратегиялық тийкарғы бағдарлардан бири болып есапланады.
Санластырыў шараятында гендер теңлигин тәмийинлеў жүдә әҳмийетли, бул процесс жәмийетте бар социаллық-экономикалық теңсизликти азайтыў ушын имканият жаратады. Өзбекстанда ҳаял-қызлардың сапалы билимлендириў, илим, санлы технологиялардан пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм инновациялық жумыстағы қатнасын кеңейтиў турақлы дыққат орайындағы мәселелерден.
Атап айтқанда, Президентимиз Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында "Өзбекстан - 2030" стратегиясын қайта көрип шығыў, елимиздиң келеси бес жыллық раўажланыўына байланыслы болған бул ҳүжжет кең жәмийеттшиликтиң додалаўынан өткерилип, халқымыздың пикир-усыныслары тийкарында жетилистирилиўи зәрүр екенлиги ҳаққында айрықша атап өтти. Усы мүнәсибет пенен "Өзбекстан - 2030" стратегиясының мақсетинде "Мәлимлеме-коммуникация технологияларынан жедел пайдаланыўға тартылған ҳаял-қызлардың санын ҳәр жылы 100 мың (жәми 500 мың) адамға арттырыў" ўазыйпасының белгилениўи өзбек ҳаял-қызларының санлы саўатлылығын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған үлкен қәдемлерден бири болды, десек алжаспаған боламыз. Себеби, әмелдеги "Өзбекстан - 2030" стратегиясы бул көрсеткишти өз ишине қамтып алмаған еди.
Бул көрсеткиштиң жаңаланып атырған стратегия жойбарында сәўлелениўи жәмийетте ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экономиканың жаңа, заманагөй тармақларындағы орнын және де арттырыўды нәзерде тутады. Бизиң пикиримизше, жаңаланып атырған стратегияға муўапық санлы мәканда ҳаял-қызлардың ролин арттырыў арқалы мәмлекетимизди және де раўажландырыўымыз мүмкин. Атап айтқанда, бириншиден, санлы экономика шараятында ҳаял-қызлардың мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў дәрежесин арттырыў олардың мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлылығын күшейтеди.
Екиншиден, ҳаял-қызлардың санлы саўатлылығын арттырыў оларды аралықтан бәнтлик, исбилерменлик ҳәм инновациялық жумысқа кеңнен тартыў имканиятын береди.
Үшиншиден, социаллық теңликти тәмийинлеў, мәлимлемеге теңдей кириў имканиятларын кеңейтиў ҳәм гендер айырмашылығын қысқартыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.
Елимизде ҳаял-қызларды IТ тараўына және де кеңирек тартыў ҳәм ҳаял-қызларды мәлимлеме технологиялары бойынша оқытыў мақсетинде бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Булар қатарына “GAP” Women IT Union” жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген ҳаял-қызлар “GAP” IТ-клубын киргизиў мүмкин. Клубтың ўазыйпасы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың IТ тараўындағы саўатлылығын арттырыў және усы бағдарда оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў имканиятын жаратыўдан ибарат. Мақсет болса, IТ тараўында ҳаял-қызлар жетиспеўшилиги машқаласын шешиў, IТ кәсиплерин ҳаял-қызлар ҳәм жас қызлар ушын ашық ҳәм қызықлы етиў, сол арқалы усы тараўдағы гендер айырмашылығын азайтыўдан ибарат.
Сондай-ақ, “IT Women Uz” жойбары ҳаял-қызлардың мәлимлеме технологиялары тараўындағы белсендилиги, электрон исбилерменлик ҳәм компьютер саўатлылығын арттырыўға қаратылған.
Жойбар шеңберинде социаллық дәптерлерге киргизилген ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардағы 12 жастан 35 жасқа шекемги ҳаял-қызлар ушын компьютер саўатлылығы ҳәм исбилерменлик бағдары бойынша оқыў курслары шөлкемлестириледи, оқыў курсларын табыслы тамамлаған ҳаял-қызларға сертификатлар берилген.
Буннан тысқары, Өзбекстанда ҳаял-қызларды технология менен ислесиўде хошаметлеў бойынша “Women in Tech” (WIТ) халықаралық тармағы иске қосылған. Тармақ ҳәр жылы халықаралық сыйлықлар ҳәм саммитлерди шөлкемлестиреди. WIТ ҳаял-қызлар жәмийетшилиги барлық ҳаял-қызлар ушын ашық, онда қатнасыў бийпул.
Бүгинги күнде ҳаял-қызлар блогерлик статусы астында социаллық тармақларға ҳәр қыйлы темадағы мәлимлемелерди жайластырмақта. Усы мәлимлемелерди социаллық тармақ пайдаланыўшыларына жеткериў процесинде пайдаланыўшылар тәрепинен интернет арқалы күш көрсетиў ҳәм қуўдалаў жағдайлары ушыраспақта. Бул әсиресе, информациялардың түсиниклеринде көринбекте. Түсиндириўлерде белгисиз социаллық тармақ пайдаланыўшылары ҳәр қыйлы кемситиўши сөзлер ҳәм дөҳметли гәплер жазыў арқалы ҳаял-қызларға руўхый-психологиялық басым өткермекте.
Бул жағдайға тийкарғы себеп ҳаял-қызлардың блогерлик жумысы менен шуғылланыўында информация түри ҳәм формасын таңлаўда миллий қәдирият ҳәм дәстүрлерге сәйкес келмейтуғын, халықтың руўхый көзқарасларын кемситиўши қураллардан пайдаланыў жағдайларының көплиги болып есапланады.
Усыларды есапқа алған ҳалда мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыўын буннан былай да арттырыў, шетки аймақлардағы ҳаял-қызларды да мәлимлеме технологияларынан белсене пайдаланыўға тартыў мәселесине үлкен әҳмийет қаратылып атырғаны жәмийетимиздиң тек ғана социаллық раўажланыўында емес, ал барлық тараўлардың раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, виртуал мәкандағы қәўип-қәтерлер ҳәм мәлимлеме мәденияты менен байланыслы машқалаларды есапқа алған ҳалда, мәмлекетлик сиясат шеңберинде ҳаял-қызлардың МКТдан қәўипсиз, нәтийжели ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыўын тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Улыўма алғанда, жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың мәлимлеме-коммуникация технологияларынан белсене пайдаланыўын раўажландырыў мәселеси глобал тенденциялар ҳәм миллий раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары менен толық сәйкеслеседи. БМШ ҳәм басқа да халықаралық институтлар тәрепинен алға қойылып атырған санлы инклюзия принциплери мәмлекетимизде де избе-из әмелге асырылмақта. Усы көзқарастан, жаңаланып атырған "Өзбекстан - 2030" стратегиясында ҳаял-қызларды МКТдан жедел пайдаланыўға тартыў бойынша жыллық анық көрсеткиштиң белгилениўи стратегияның әмелий ҳәм нәтийжеге бағдарланғанлығы менен айрықша әҳмийетке ийе.
Расулбек ҲОЖИЕВ,
Шаңарақ ҳәм гендер илимий-изертлеў институты үлкен илимий хызметкери