Өзбекстан ҳәм Сербия арасында миграция ҳәм мобильлик тараўында
ҳүкиметлераралық келисимге қол қойыў мәселеси бойынша келисимге ерисилгени
сөйлесиўлердиң тийкарғы нәтийжелеринен бири болды.
Ушырасыў даўамында Сербия тәрепи мәмлекетимизде өткерилетуғын EXPO 2027
халықаралық көргизбеси объектлериниң қурылысына Өзбекстаннан маман қәнигелерди
тартыўдан мәпдар екенин билдирди. Бул бағдарда кадрларды алдыннан таярлаў ҳәм
оларды мүнәсип мийнет шараятына ийе жумыс орынларына жибериў мәселелери
додаланды.
Сондай-ақ,
Өзбекстанда Сербияның елшиханасын ашыў режелестирилип атырғаны мәлим етилди.
Бул жерлеслеримиз ушын бүгинги күнде Астана қаласы арқалы әмелге асырылып
атырған визаларды рәсмийлестириў процесин бираз жеңиллетиўи күтилмекте.
Сөйлесиўлер
Сербия Миллий бәнтлик хызмети директоры Милан Боснич пенен даўам еттирилди.
Тәреплер Ҳүкиметлераралық келисим ратификацияланғаннан соң еки уйым арасында
мийнет миграциясы ҳәм жумысшы күшиниң мобильлиги тараўында бирге ислесиў
ҳаққындағы протоколға қол қойыўға келисип алды.