Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Санлы технологиялар қуралында жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў тараўы ушын профессионал кадрлар таярлаў системасын енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарары (17-санлы, 22.01.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, 2025/2026-оқыў жылынан ҳәр жыллық қабыллаў параметрлери (квоталары) шеңберинде төмендеги бағдар ҳәм қәнигелик енгизиледи:
- Ишки ислер министрлиги Академиясында бакалавриаттың "юриспруденция" билимлендириў бағдарында оқыў мүддети төрт жылды қурайтуғын "Санлы технологиялар тараўында жынаятларға қарсы гүресиў жумысы" бағдары;
- Өзбекстан Республикасы Ҳуқықты қорғаў академиясында оқыў мүддети бир жылды қурайтуғын "Киберқәўипсизликти ҳуқықый тәмийинлеў" магистратура қәнигелиги.
Талантлы талабанларға төмендеги жеңилликлер бериледи:
- "Санлы технологиялар тараўында жынаятларға қарсы гүресиў жумысы" бағдарына математика, информатика, программаластырыў ҳәм мәлимлеме технологиялары бойынша абырайлы халықаралық, регионаллық және республикалық олимпиадалардың сыйлы орын ийелерин дәслепки таңлаўдан табыслы өткеннен соң оқыўға жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбетсиз қабыл етиледи;
- "Киберқәўипсизликти ҳуқықый тәмийинлеў" магистратура қәнигелигине Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен белгиленетуғын абырайлы халықаралық IТ-сертификатқа ийе талабанлар таңлаўдың қәнигелик пәнлери бойынша "Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары" пәнинен имтихан тапсырыўдан азат етиледи.
2025-жыл 1-июльге шекем ИИМ Академиясы структурасында бар штатлар шеңберинде киберҳуқық, анық пәнлер, санлы технологиялар ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги және криминалистикалық экспертизалар кафедраларын өз ишине алатуғын Киберқәўипсизлик ҳәм санлы криминалистика факультети шөлкемлестириледи.
Ҳуқықты қорғаў академиясының мәлимлеме-билимлендириў порталы арқалы сорастырыўшылар, тергеўшилер ҳәм прокуратура уйымларының оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы хызметкерлери ушын аралықтан түрде "Санлы криминалистика" бағдары бойынша турақлы арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестириледи.









