Қарарға бола, төмендегилер суў алыў тәртибин бузыў деп есапланады:
белгиленген лимиттен артықша суў алыў;
суў алыў шәртнамасын рәсмийлестирместен суў алыў;
суў алыў орынларын суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелемеген ҳалда суў алыў;
суўдан арнаўлы пайдаланыўға рухсатнамасыз суў алыў;
өзбасымшалық пенен суў алыў.
2027-жыл 1-январьдан баслап жыл даўамында биринши мәрте суў алыў тәртибин бузған, бирақ пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, өзгелердиң мүлкине зыян жеткермеген юридикалық тәреплерге "Биринши қәтелик ушын – ескертиў" қағыйдасы қолланылады. Бундай жағдайда Инспекция юридикалық шахсты “suvnazorat.uz” электрон платформасы арқалы ескертиў береди ҳәм көрсетпе береди. Жағдай 10 күн мүддетте сапластырылмаса, финанслық санкция қолланылады.
Финанслық санкция ҳәр мың куб метр суў ушын БЕМ тийкарында, Суў кодексиниң 164-статьясында (https://lex.uz/uz/docs/-7655343#-7658553) белгиленген процент муғдарында есапланады. Санкция қолланылғаннан кейин бир жыл ишинде тәртип қайтадан бузылса, санкция бес есеси муғдарында қолланылады.
Төлеў тәртиби:
қарар ҳәм санкция есабы алынған күннен баслап бир ай мүддетте қаржының 50 проценти ықтыярый төленсе, юридикалық шахс қалған бөлегин төлеўден азат етиледи;
сумманы алты айдан кешиктирмей, ҳәр айда алтыдан бир бөлегинен кем болмаған муғдарда бөлип-бөлип төлеў мүмкин. Бир ай ишинде дәслепки төлем төленгенде бул тәртип автоматикалық түрде әмел етеди;
санкция ықтыярлы төленгенде ҳуқықый тәсир илажы қолланылмаған деп есапланады.
Бир ай мүддетте ықтыярый төлем төленбесе, Инспекция судқа даўа арзасы киргизеди. Шағым етилген жағдайда болса ол көрип шығылғанға шекем санкция қолланыў процеси ҳәм мүддети тоқтатып турылады.
Суд нызамсыз ҳәм тийкарсыз деп тапқан және төленген қаржылар 15 күн мүддетте қайтарылады. Өз ўақтында қайтарылмаған ҳәр бир календарь күн ушын Орайлық банк тийкарғы ставкасының үш жүзден бир бөлеги муғдарында процент төленеди.