Батыс аймаққа Саудия Арабстаны, БАӘ, Қатар, Иран, Өзбекстан ҳәм Ирак командалары киреди. 2 ҳәм 3-март күнлери Абу-Даби, Доха ҳәм Дубайда болып өтиўи режелестирилген ойынлар кейинге қалдырылды, деп жазады ТАСС.

Шығыс регион (Япония, Қубла Корея, Қытай, Таиланд, Австралия, Малайзия) ойынлары календарьға муўапық өткериледи.

Кешиктириў Чемпионлар лигасының екинши дивизионына да тәсир етти, ол жерде дәслепки шерек финал ойынлары болып өтиўи керек еди.

Атап айтқанда:

3-март - "Ал Аҳли" (Доҳа) - "Ал Ҳусайн" (Иордания).

4-март - "Ал-Васл" (Дубай) - "Ал-Наср" (Саудия Арабстаны) - бес мәрте "Алтын топ" ийеси Криштиану Роналду (соңғы ойында жарақат алған).

Еслетип өтемиз, 28-февраль күни Израиль ҳәм АҚШ Иранға қарсы әскерий операция баслаған еди. Иран болса АҚШтың Бахрейн, Иордания, Қатар, Кувейт, БАӘ ҳәм Саудия Арабстанындағы әскерий базаларына соққы берди. Регион мәмлекетлери ҳаўа кеңислигин жаўып, авиакомпаниялар пәрўазларын тоқтатпақта.