Жарыс жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы 25 алтын, 33 гүмис, 61 бронза, жәми 119 медалды қолға киргизип, улыўма командалық есапта төртинши орынды ийеледи. Дәслепки үш орынды Россия, Әзербайжан ҳәм Беларусь командалары ийеледи.
III ҒМДА ойынлары жас спортшыларымыз ушын әҳмийетли таярлық басқышы болды. Қатнасыўшылардың көпшилиги жас өспиримлер сайланды командаларының резерв қурамының ўәкиллери болды, себеби тийкарғы қурам 10 күннен кейин Бахрейнде өткерилетуғын III Азия жас өспиримлер ойынларына таярлық көрмекте. Соған қарамастан, жас спортшылар мүнәсип нәтийжелер көрсетип, делегацияның улыўма табысына мүнәсип үлес қосты.