МҒКАда өткерилген брифингте Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызметиниң баслығы Саодат Боймирзаева ҳаял-қызлардың социаллық, сиясий ҳәм экономикалық белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.
Қәнигениң сөзлерине бола, 2025-жыл даўамында криминоген жағдай аўыр мәҳәллелерде социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлардың дизимлерин қәлиплестириў, ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў илажларын көриў бойынша Бас министрдиң орынбасары-Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы басшылығындағы жумысшы топардың қурамы ҳәм аймақларда үйрениў жумысларын алып барыў реже-графиги тастыйықланды.
Енди ҳәр айда реже-график тийкарында аймақларда жумыслар шөлкемлестириледи, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың дизимлери қәлиплестирилип, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў илажлары көрилип барылады.
Ҳаял-қызлар арасында ҳәм шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңберинде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша "Хожели тәжирийбеси" жаратылып, республиканың барлық аймақларына енгизилди.
Сондай-ақ, пиллешилик тараўында жумыс ислеў тилегинде болған ҳаял-қызларды қысқа мүддетли оқыў курсларында оқытыў ҳәм олардың бул тараўда бәнтлигин тәмийинлеў бойынша илажлар режеси ислеп шығылып, барлық аймақларда орынланыўға қаратылды.