Реформалар нәтийжесинде тармақта базар принциплери енгизилип, инвестицияларға кең жол ашылды. Өндирис шынжырын кеңейтиў ушын Наўайы, Ферғана, Қоңыратта 3 химиялық кластер, Шыршық ҳәм Жиззақта 2 технопарк шөлкемлестирилди. Қоқанд суперфосфат заводы толық модернизацияланды.

Кейинги бес жылда 23 жаңа кәрхана ашылып, 4 мыңнан аслам жумыс орны жаратылды. Тармаққа халықаралық брендлер кирип келди, киши тоннажлы өнимлер таярлаў жолға қойылды. Булардың нәтийжесинде химия санаатында өндирис 1,5 есеге өсти.

Презентацияда жуўапкерлер быйылғы жумыслар ҳәм режелер ҳаққында есабат берди.

Атап өтилгениндей, усы жылдың биринши шерегинде тармақта 181 миллион долларлық инвестиция өзлестирилген, 39 миллион долларлық 3 жойбар иске қосылған.

Енди екинши шеректе 170 миллион долларлық сырт ел инвестицияларын өзлестириў есабынан "жасыл" водород ҳәм циан дузлары кәрханаларын иске қосыў режелестирилген.

Санластырыў процеси даўам еттирилип, тармақтың бирге ислесиўши тараўлар менен интеграциясы кеңейтиледи. Химия заводларының бирден-бир ғазна системасында қосымша модуллер ашылады. "Бирден-бир санлы платформа" жуўмақланып, кәрханалардың 15 экономикалық көрсеткишлери сәўлелендириледи.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа - энергия нәтийжелилиги. Энергияны үнемлеў ҳәм өндирислик қуўатлықлардан пайдаланыў дәрежесин арттырыў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тараўда еле иске қосылмаған имканиятлар көп екенлиги көрсетип өтилди. Жедел раўажланып атырған ишки базарда өнимлерге талап артып бармақта. Жәҳән базарындағы турақсыз жағдай да жаңа ўазыйпаларды қоймақта.

Сол себепли тармақты структуралық жақтан өзгертиў, локализациялаў ҳәм қосымша қунды арттырыў илажлары додаланды.

Жуўапкерлерге ҳәзирги заман талаплары ҳәм келешектеги экономикалық прогнозлар тийкарында химия санаатын раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Онда жаңа бағдарларды өзлестириў арқалы тармақты диверсификациялаў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға айрықша әҳмийет қаратыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.