Илимнен басқа илаж жоқ ҳәм болмайды да

    Пән олимпиадалары орайы жумыс баслағанына еле онша көп ўақыт болған жоқ. Өткен дәўирде Өзбекстан сайланды командасы бир неше абырайлы халықаралық олимпиадада тарийхый нәтийжелерге еристи.

    Мысал ушын, өткен жылы 128 медаль қолға киргизилген болса, усы жылдың усы ўақытына шекем дүнья билимлендириў сахналарында елимиздиң аты 195 мәрте улығланды. Келеси жылы мектеп оқыўшылары арасында халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары биринши мәрте Өзбекстанда өткериледи. Оннан күтилетуғын нәтийже үлкен. Пән олимпиадалары орайының директоры Тўрабой ШЕРМАТОВ пенен сәўбетимиз усы ҳәм басқа да мәселелер ҳаққында болды.

    - Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қәбилетли ҳәм илимлерди терең үйрениўге қызығатуғын жасларды анықлаў ҳәм селекциялаў, олардағы қәбилетти және де раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген орайымыз қәбилетли ул-қызлар ушын билим ҳәм дөретиўшилик майданы болып хызмет етпекте, - дейди сәўбетлесимиз. - Орайымыз оқыўшылардың халықаралық пән олимпиадаларында қатнасыўын тәмийинлеў ушын зәрүр шараят жаратыў менен шуғылланады.

    Оқыўшылардың халықаралық олимпиададағы нәтийжеси жоқары болыўында бир қатар факторлар әҳмийетли орын ийелейди. Бириншиден, оларды таңлап алыў процеси ашық-айдын. Қалаберди, ҳәр бир сайлап алыў басқышы алдынан оқыўшылар ушын күшейтилген шынығыў шөлкемлестириледи. Биргеликтеги оқыў жыйынлары өткериледи.

    Соның менен бирге, пән олимпиадаларына таярлық процесине сырт елден де қәнигелер, илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар тартылмақта.

    Пән олимпиадаларына ўәлаятлық олимпиада жеңимпазлары, яғный 9, 10, 11-класслардың ең жоқары нәтийже көрсеткен 5 оқыўшысы ҳәм регионаллық және абырайлы халықаралық жарыслардың жеңимпазлары тартылады. Ҳәр бир пән бойынша орташа 400-500 оқыўшы қамтып алынады.

    Математика бойынша абырайлы жәҳән олимпиадасында 6, химиядан 4, физикадан 5 оқыўшы қатнасады. Сонлықтан, екинши басқышта 12-18 қатнасыўшы сайлап алынады ҳәм сырт елли тренерлерге бириктириледи. Кейин сырт елге қоспа оқыў жыйынына жибериледи, күшейтилген сабақта таярланады.

    Екинши сайлап алыў нәтийжесине бола, жақсы нәтийжеге ерискен оқыўшылар сайланды командаға алынып, олимпиадада қатнасыўы тәмийинленеди. Саралаў басқышларындағы сораўлар халықаралық олимпиада стандарты тийкарында дүзиледи.

    - Халықаралық олимпиадада қатнасып атырған команда ағзалары шет тилин билиўи шәрт пе?

    - Халықаралық олимпиадада бир стандарт бар: оқыўшы сынақларды бирден-бир тилде тапсырыўы шәрт емес. Оған өзин еркин сезиўи ушын олимпиада процесслерин ол жақсы түсинетуғын тилге аўдарма ислеў имканияты бериледи. Бул ўазыйпа сайланды команда басшысына жүкленеди. Олимпиада басланыўынан алдын мәмлекетлердиң сайланды командаларына оқыўшының қәлеўине бола ўазыйпа бериледи. Әлбетте, шет тиллерин билген жақсы. Ғәрезсиз түрде халықаралық олимпиада материаллары менен шуғылланыў имканиятын береди. Бирақ тил билмеў халықаралық олимпиадада қатнаспаў ямаса сайланды командаға кире алмаў ушын себеп болмайды.

    - Өзбекстанда пән олимпиадаларын өткериўди қоллап-қуўатлаў қайсы тәрепи менен парықланады?

    - Пән олимпиадалары турақлы қоллап-қуўатланатуғын бағдар дәрежесине алып шығылған. Бул тек ғана оқыўшыларды қызықтырыў емес, ал келешекте фундаменталь, тәбийғый пән билимпазларын жетилистирип шығарыў ушын қойылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

    Мен пүткил жәҳән химия олимпиадасы басқарыў комитетиниң ағзасыман. Абырайлы олимпиадаларда қатнасқан ўақтымда басқа мәмлекет ўәкиллери елимиздеги итибарды жоқары баҳалайды. Қатнасыўшыларының ҳәттеки транспорт қәрежетин халық жыйнап беретуғын мәмлекетлер бар. Бизде қатнасыўшыны таңлап алыў, оқытыў бийпул екенлиги, ўәкилимиз жеңимпаз болса, 80 мың долларға шамалас пул берилетуғынын айтқанымда сырт елли кәсиплеслерим ҳайран қалған.

    2017-жылға шекем де республика көлеминдеги ҳәм халықаралық олимпиадалар өткерилген. Сол жылы Өзбекстан сайланды командасы 15 медалды қолға киргизген. Усы жылдың 9 айында ўәкиллеримиз 195 медалға ийе болды. Таллаўлар нәтийже 13 есеге артқанын көрсетпекте. Бул билимлендириў ҳәм илимдеги кескин бурылыстан дәрек береди.

    Өзбекстанның жетискенликлерин басқа мәмлекетлер де тән алмақта. Мысал ушын, ҳәзир химия ямаса математика олимпиадаларында сайланды командамыз айрықша ҳүрмет етиледи. Себеби, Өзбекстан жоқары көрсеткишли мәмлекетлер қатарында. Басқышпа-басқыш физика, информатика пәнлери де раўажланбақта. Информатика пәнинен усы жылы биринши мәрте сайланды командамыз ағзалары гүмис медалды қолға киргизди. Бул потенциалымыз артып атырғанын көрсетпекте.

    - Келеси жылы мектеп оқыўшылары арасында абырайлы халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары биринши мәрте Өзбекстанда болып өтеди. Буннан нелер күтилмекте?

    - Келеси жылы дүньяның ең жас химик ҳәм информатиклери Өзбекстанда жәмленеди. Биз де халықаралық майданда мине усы бағдарларда және бир мәрте өз потенциалымызды көрсетиў имканиятына ийе боламыз. Себеби сораўларды қабыл етиўши мәмлекет ўәкиллери дүзеди. Демек, халықаралық олимпиада стандартларына сәйкес жетик сораўлар дүзилиўи керек.

    Процесслерге таярлық әлле қашан басланған. Елимизде уллы ойшылларымыздың аты менен аталатуғын халықаралық олимпиадалар шөлкемлестирилип келинбекте. Мысал ушын, Ал-Хорезмий атындағы халықаралық математика-информатика олимпиадасы, Абу Райхан Беруний атындағы халықаралық химия олимпиадасы, Ал-Ферғаний атындағы физика олимпиадасы, Абу Али ибн Сино атындағы халықаралық биология олимпиадалары турақлы өткерилип келинбекте. Бул Өзбекстанның халықаралық олимпиада өткериў бойынша тәжирийбесине ийе екенин көрсетеди.

    Келеси жылы мәмлекетимизде өткерилиўи нәзерде тутылған химия бойынша жарыста 96 мәмлекеттен жас химиклер қатнасады. Информатикадан 90 нан аслам мәмлекет ўәкиллери беллесетуғыны күтилмекте. Ҳәзир процесске жергиликли экспертлерден таңлап алынған илимий комитет пенен бирге тәжирийбе алмасыў мақсетинде халықаралық экспертлер де тартылған. Олар олимпиада ушын керекли материаллар топламын дүзип атыр. Бул олимпиадалар тарийхында ҳәр тәреплеме ең жақсы беллесиўлерден бири болады, деп үмит етемиз.

    - Өткен жылға салыстырғанда медаллардың саны артқан, көрсеткишлердиң жоқарылығы адамға мақтаныш бағышлайды. Бул табыстың тийкарында нелер жәмленген?

    - Бир факторды дәл усы деп көрсетиў қыйын. Бирақ ҳақыйқат сонда, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген оқыў мәкемелериниң ашылғаны билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыўға тийкар жаратты. Қалаберди, ата-аналардың дүньяға көзқарасы да өзгерген. Ҳәзир көпшилик ата-аналар балаларды киши жасынан билим алыўға бағдарламақта.

    2019-жылы халықаралық олимпиада жеңимпазларын материаллық хошаметлеў системасы енгизилди. Бул пән олимпиадалары тарийхында жаңа дәўирди баслап берди. Жылдан-жылға нәтийжелер сезилерли дәрежеде артты. Өз үстинде ислеген муғаллим ҳәм устазлар, дүнья илим майданында жоқары нәтийже көрсетип атырған оқыўшылардың мийнети бүгин жоқары дәрежеде қәдирленбекте.

    Пән олимпиадалары орайының шөлкемлестирилгени, процесслердиң толық ашық-айдын шөлкемлестирилгени, қысқасы, пүткил механизм табысқа ерисиўде шешиўши әҳмийетке ийе болмақта.

    - Оқыўшылар ушын халықаралық олимпиадаларда руўхый басымды жеңиў бойынша қандай жумыслар исленбекте?

    - Жарыста еки түрли басым болады. Бириншиси - академиялық басым, баланың билими тапсырманы орынлаўға жететуғын ямаса жетпейтуғын болса, екиншиси - руўхый басым. Таярлық процесинде академиялық басымды жеңиў ушын оқыўшыға дурыс материал бериў, илимий потенциалын арттырыў керек. Руўхый басымды жеңиў бойынша айрықша таярлық көриледи.

    Олимпиадаға таярлық процесиниң нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде ҳәр бир сайлап алыў басқышынан алдын бир ҳәптелик интенсив шынығыўлар турақлы өткериледи. Бунда оқыўшылар пән бойынша терең билим алыў менен бирге өз-ара жақыннан танысып, дослық орталығында бәсекилесиўди үйренеди. Жуўмағында жазба сынақ өткерилгенде, қатнасыўшылар нәтийжени арқайын қабыл етеди. Себеби оқыўшы кемирек балл алса да, бул оның билими төмен екенин емес, ал қасында оннан күшлирек қарсыласы бар екенинен дәрек беретуғынын түсинеди. Нәтийжеде балаларда "Мен жеңе алмадым" деген түскин кейпият емес, ал өз үстинде көбирек ислеў ҳәм раўажланыў тилеги қәлиплеседи. Қарсыласын бир ҳәпте бақлап, оның жоқары нәтийжесин тән алады. Олимпиада жуўмағында болса билимлерин және де жетилистириў ҳаққында ойлайды.

    Оқыўшы шекленген ўақытты дурыс режелестире алыўы керек. Себеби әдетте қыйын мәселе биринши бериледи. Бала шеше алмаса, стреске түседи. Пүткил олимпиада ушын ажыратылған ўақыттың ярымын биринши мәселеге жумсайды. Онда алты мәселе болса, енди қалған ўақыт бес мәселени шешиўге сарыпланады. Автомат асығыў қәте ислеўге алып келеди.

    Табысқа ерисиўде тәжирийбе әҳмийетли. Тәжирийбе ушын болса ўақыт керек. Ўақыт қысқа болады. Ҳәмме гәп пидайы устазда қалады. Статистиканы таллайтуғын болсақ, қайсы пәннен сайланды команда басшысы ҳәм устазлары пидайы болса, сол пәннен жақсы нәтийжеге ерисилген.

    Оқыўшыларға көбирек тәжирийбе майданын жаратып бериў керек. Әпиўайы, арзымаған қәтелик пүткил мийнетти жоққа шығарыўы мүмкин. Бул болса тәжирийбе ҳәм психологиялық таярлық дәрежесине байланыслы.

    Ҳәзир орайымыз оқыўшылардың олимпиадаларға таярлық көриўинде жәрдем беретуғын методикалық қолланбалар, олимпиада материаллары ҳәм олимпиада мәселелерине байланыслы видео шешимлер таярламақта.

    Буннан тысқары, педагоглар арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде республика бойлап оқытыўшылар олимпиадасына старт берилди. Физика, химия, биология, математика, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнлеринен сабақ беретуғын муғаллимлер беллести. Бул оларға ҳақыйқый олимпиаданы сезиў, шөлкемлестириў ҳәм баҳалаў процеси менен жақыннан танысыў имканиятын берди.

    Мәмлекетимизде улыўма миллий мақсетке айланған билимлендириўди раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлер нәтийже бере баслады. Бүгин түрли регионаллық ҳәм халықаралық олимпиадаларда жоқары орынларды ийелеп, елимиздиң абырайын көтерип атырған қәбилетли ул-қызлар ертең елге пайдалы инсанлар болып камалға келеди. Пән олимпиадалары орайы болса олардың потенциалын жүзеге шығарыў ушын бар имканиятты иске қоспақта. Себеби, уллы илимпаз Имам Бухарий айтқанындай, "Дүньяда илимнен басқа илаж жоқ ҳәм болмайды да".

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates