Реже мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбаған ҳәмде айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балаларға тәлим-тәрбия хызметлерин көрсетиў бойынша Ерте раўажланыў орайларын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Орайлар 3-6 жастағы балаларды, атап айтқанда, кәмбағаллық дәрежеси жоқары ҳәм айрықша билимлендириў талаплары болған шаңарақлардың перзентлерин қамтып алған ҳалда шөлкемлестириледи.

Орайлар төмендеги 2 модель тийкарында жумыс алып барады:

  • арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў хызмети модели - педагоглар тәрепинен айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған шаңарақлардың 2-7 жасар перзентлери ушын жасаў үйине барған ҳалда тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириў;
  • ойын топары модели - 3-6 жаслы балалар ушын Орайларда шөлкемлестирилген қысқа мүддетли (3,5-4 саат) топар.

Орайлар район (қала) лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими жанында шөлкемлестириледи.

Орайларға қабыл етилген барлық тәрбияланыўшылардан ата-ана төлеми өндирилмейди.