баннер
23 Apr 2025
01:23

    Имам Матуридий туўылғанының 1155-жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары.

    Уллы ўатанласымыз, ислам илимлериниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан теңсиз алым, калом илиминиң султаны Имам Абу Мансур Мотуридийдиң (кейинги орынларда - Имам Мотуридий) ибратлы өмир жолы ҳәм бай илимий-руўхый мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениўди хошаметлеў, мотуридия тәлийматына тән кеңпейиллик ҳәм турақлылық принциплерин халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде қарар етемен:

    Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының 2025-жылы Имам Мотуридий туўылған күниниң 1155-жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

    Имам Матуридийдиң туўылған күниниң 1155-жыллығына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша шөлкемлестириўши комитет (кейинги орынларда - Шөлкемлестириўши комитет) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

    Шөлкемлестириўши комитет (А.Арипов) еки ҳәпте мүддетте Имам Матуридийдиң туўылған күниниң 1155-жыллығын алымның ислам дүньясындағы абырай-итибарына мүнәсип түрде жоқары дәрежеде белгилеў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын:

    (а) 2025-жыл апрель айында Самарқанд қаласында "Мотуридийлик - кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериў;

    (б) шет елли изертлеўшилер арасында мотуридия тәлийматы бойынша илимий таңлаў өткериў, жеңимпазлардың қатнасыўында Өзбекстанда мәдений-ағартыўшылық ушырасыў ҳәм семинар-тренинглер шөлкемлестириў;

    (в) Имам Мотуридийдиң "Таъвилот ал-Қуран" ҳәм "Китоб ат-тавҳид" шығармалары ҳәм мотуридия тәлийматына байланыслы дереклердиң өзбек ҳәм шет тиллердеги илимий-түсиндирмели академиялық аўдармаларын басып шығарыў;

    (г) Имам Матуридийдиң туўылғанының 1155-жыллығына бағышланған естелик сувенирлерин айланысқа шығарыў ҳәм почта маркалары, календарлар, уллы ойшылдың өмири ҳәм илимий мийрасын сәўлелендиретуғын басқа көргизбели мәлимлеме қураллары дүркинин жаратыў;

    (д) Имам Матуридийдиң көп қырлы өмир жолы ҳәм илимий мийрасының бүгинги күндеги әҳмийетин ашып беретуғын көркем-публицистикалық фильм жаратыў;

    (е) Самарқанд ўәлаятында Имам Мотуридий ҳәм мотуридия тәлийматы бағдарында жумыс алып барған алымлардың өмири, илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасына бағышланған шығармалардың сийрек ушырасатуғын қолжазба ҳәм баспа нусқалары және китапларының көргизбесин шөлкемлестириў;

    (ж) Самарқанд қаласындағы Абу Мансур Мотуридий комплексин қайта оңлаў ҳәм абаданластырыў.

    Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

    (а) Дин ислери бойынша комитет пенен биргеликте 2025-жыл май ҳәм октябрь айларында Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетинде Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан "Мотуридия тәлийматы ҳәм ҳәзирги заман" темасында республикалық илимий-әмелий конференциясын және илимий мақалалар таңлаўын өткерсин;

    (б) мотуридия тәлийматына тийисли илимпазлардың илимий мийрасы ҳәм сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармаларды үйрениў бойынша Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпаны белгиленген тәртипте қәлиплестирип барсын.

    Өзбекстан мусылманлары басқармасына имам-хатиблер ҳәм диний билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында "Мотуридия тәлийматы билимданы" таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў усыныс етилсин.

    6.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте 2025-жыл даўамында орынларда Имам Мотуридийдиң илимий мийрасына бағышланған дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирсин.

    7. Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Мәдений мийрас агентлиги менен биргеликте:

    (а) сырт еллерде сақланып атырған Имам Мотуридий ҳәм мотуридия тәлийматына тийисли илимпазлардың өмири ҳәм илимий мийрасына байланыслы сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармалар ҳәм басқа да мәдений байлықларды анықлаў, олардың нусқаларын Өзбекстанға алып келиў ҳәм изертлеўди системалы түрде шөлкемлестирсин;

    (б) Имам Мотуридийдиң өмири ҳәм илимий жумысына бағышланған жоқары сапалы медиа өнимлер ҳәм аудиовизуал шығармаларды жаратыў, оларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында жәриялаў, интернет тармағы ҳәм социаллық тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин.

    Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, "Дунё" мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан миллий медиа ассоциациясына Имам Мотуридий туўылған күниниң 1155-жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.

    Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Ш.Мирзиёев.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech