Ўәлаят ҳәкимлигинен мәлим етилиўинше, сөйлесиўлер ўақтында жылына 10 мың тонна мыс қазып алыў ҳәм қайта ислеў қуўатлылығына ийе кәрхананы қурыўды нәзерде тутатуғын 650 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбарды әмелге асырыў процеси додаланды. Жойбар нәтийжесинде 350 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.
Бүгинги күнде биринши ҳәм екинши басқыштағы геологиялық-излеў жумыслары жуўмақланып, ҳәзирги ўақытта заводты қурыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Буннан тысқары, инвесторлар денсаўлықты сақлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер жойбарды әмелге асырыў бойынша техникалық-экономикалық тийкарлар, дәслепки келисимлерди таярлаў, шөлкемлестириў басқышын баслаў ҳәм мыс қазып алыў ҳәм қайта ислеў жойбарын әмелге асырыў процесин жеделлестириўге келисип алды.






