Президентимиздиң басқарыў шеберлиги негизинде 3000 жыллық миллий мәмлекетшилигимиздиң ең күшли ҳәм нәтийжели факторларына тийкарланады, десек дурыс болады.

Бул ҳақыйқатты аңлаў ушын жүдә тереңлеп, узаққа барыўдың кереги жоқ. Буның ушын кейинги дерлик он жылда өзбек мәмлекети ҳәм оның артынан тарийхый Туран-Түркстан, ҳәзирги Орайлық Азия, түркий дүнья ҳәм ислам дүньясында жүз берген өзгерислерди еске алыў жеткиликли болады.

Шерек әсир даўамында халықаралық қатнасықлар кимлердиңдур мәплери дәрежесине түсирип қойылған регионымыз ҳәм оның жүреги Өзбекстанымыз бүгин дүнья ислериндеги өзиниң әзелий орнын тиклеўге беккем бел байлағаны, ким не айтыўына қарамастан, өз сөзи ҳәм көзқарасларына иье екенин дәлиллеп болды. Буны Өзбекстан Президентиниң усы жыл 14-августтағы "Өзбекстандағы бир топар палестиналы пуқараларға мәмлекетлик ғамхорлық, мийрим-шәпәәт принциплери тийкарында жәрдем бериў системасын жолға қойыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы, оннан гөзленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың көлеми де дәлиллеп тур.

Мәмлекетимиз басшысының Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 2023-жыл 9-ноябрьде Ташкент қаласында болып өткен мәжилисинде, яғный Израиль-Палестин қатнасықлары қураллы түрге енгенинен бир ай өтип билдирген мына пикирлерин еске алыў орынлы, деп билемиз: "Глобал тынышлық ҳәм қәўипсизликке үлкен қәўип туўдырып атырған Жақын Шығыстағы Палестина-Израиль урысы бәршемизде үлкен тәшўиш оятпақта. Тилекке қарсы, бул қанлы келиспеўшилик ақыбетинде, бәринен бурын, тыныш халық ўәкиллери, әсиресе, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм кекселер көплеп қурбан болмақта. Урыстың регион бойлап жайылып кетиў қәўпи барған сайын реал түс алмақта... Палестина халқы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми резолюциялары менен тастыйықланған ҳуқыққа, яғный өзиниң ғәрезсиз мәмлекетин қурыў ҳуқықына ийе, деген қатаң позициямызды және бир мәрте билдиремиз".

Ғәрезсизлик жылларында сыртқы сиясатта "сен маған тийме, мен саған" жолын тутып, ҳәттеки биз ушын тарийхый ҳәм турмыслық мәселелерде де өзимизди шетке алыў, пурсат күтиўге берилип кеткен узақ басқыштан кейин бундай исенимли ҳәм әдил шығыў басқалар қатарында менде де мақтаныш сезимлерин оятқанын ашық айтыўымыз керек! Себеби, жақын ба, узақта ма, буннан бийғәрез, Шығыс, улыўма, Азия, әсиресе, ислам дүньясы, түркий дүнья мәселелери менен машқалалары мың жыллар даўамында өзбек мәмлекетшилиги ушын жат саналған емес.

Ең әҳмийетлиси, Президентимиз кейинги жылларда халықаралық дәрежедеги оннан бир ушырасыўда дүнья халқы ҳәм сиясатшылардың итибарын тыныш халық шегип атырған азап-ақыретлерге қаратып киятырғаны, "Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Палестина қашқынларына жәрдем бериў бойынша арнаўлы агентлигиниң жумысын шеклеўге қаратылған ҳәрекетлерди де кескин қаралаймыз", деп қатаң мүнәсибет билдиргенин айрықша атап өткен болар едик.

Басқаша айтқанда, бул пәрман тосыннан ҳәм әпиўайы туўылған ҳүжжет емес. Бәлким еки халықтың урыс-таласынан мәпдар тәреплер әдеттегидей өз тас баўырлығын көрсетип киятырған шараятта өзбек жетекшиси кекселер, ҳаял-қызлар, балалар ҳаққында қайғырмақта. Ең тийкарғысы, палестиналыларды қашқынлар сыпатында емес, ал мийманлар сыпатында жоқары статуста қабыл етиўге итибар берилмекте. Бул пәрманның да, оның мазмунындағы сиясаттың да оғада күшли тәрепи болып есапланады.

Себеби, дүнья залымлары себепли өз елин таслап, басы аўған таманға умтылып атырғанларды халықаралық қатнасықта қашқынлар сыпатында көрсетиў әлле қашан сиңдирилип болынған. БМШның мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта бундайлардың саны 120 миллионнан артып кеткен. Аўыздың бир шетинен шығып кететуғын бул сан артындағы апатшылықларды ҳәр ким де көз алдына келтире алмайтуғын шығар. Олардың аўқатланыўы, ишиўи, денсаўлығы, билим алыўы, бәнтлиги, туўылыўы ҳәм өлиўи менен байланыслы қаншадан-қанша факторлар бар екенлигин көз алдымызға келтирейик!

Кимдур, ҳәй енди, бурынғы заманларда да, мысалы, Екинши жер жүзилик урыс ўақтында қаншадан-қанша адамларға баспана бергенимизди айтыўы мүмкин. Дурыс, сексен жыл бурын елимиз 1,5 миллион адам, соның ишинде, 250 мыңнан аслам баланы қабыл еткени, халқымыз өзи жемей, оларға жегизгени, өзи киймей, оларға кийдиргени, оларға өз үйиниң төринен қонық бергени де тарийхый ҳақыйқат. 1932-1933-жылларда бақланған ашаршылық ўақтында да биз тәреплерге қашып келген миллионға шамалас адамның қарнын тойдырғанымыз - өлимнен сақлап қалғанымыз да бар гәп. Бирақ сол дәўир ҳәм дүзимниң сиясий талабы сыпатында ҳәм бизге байланыслы болмаған тәризде жүз берген бул ислер бизге оғада қымбатқа түскенин де айтыўдың пурсаты келди, деп исенемиз.

Усы мәнисте палестиналы досларымызға көрсетилетуғын кеңпейиллигимиздиң оғада әҳмийетли тәрепине итибар қаратқан болар едик. Ол да болса, мийманлардың елимизде жасаўы ҳеш биримизге аўырлық етпейди. Барлық шөлкемлестириў ҳәм қаржы мәселелерин мәмлекетимиз өз мойнына алмақта. Буның дәлийлин пәрманның тоғыз бөлиминде белгиленген илажлар - мийманлардың социалласыўы, бизиң турмысымызға кирип кетиўи, олардың мүтәжликлерин анықлаў, социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер менен қамтып алыў, денсаўлығын қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, перзентлерин билимлендириўге тартыў, "Мәҳәлле жетилиги"ниң мийманлар менен ислесиўин шөлкемлестириў, ҳәр қандай мәмлекет те жүрек ете алмайтуғын бул процессти қаржыландырыў ҳәм пәрманның орынланыўын тәмийинлеў сыяқлылар да көрсетип тур.

Демек, мәмлекетимиз өз пуқараларына нени мақул көрсе, палестиналыларға да тап сондай мүнәсибетте ҳәм жуўапкершиликте болмақта. Өз ўатанласларының қәдирин қаншелли қәдирлесе, палестиналылардың қәдирин де орнына қоймақта. Президентимиздиң басқаларға баспана бериў сиясатының басқа мәмлекетлердеги қашқынларға қатнаслардан түпкиликли айырмашылығы да мине усында деп билемиз. Яғный, елимиздеги инсан қәдири сиясаты халықаралық дәрежеде инсаныйлық қәдирине жетиўде көзге тасланып атыр!

Палестиналылар Өзбекстан шараятларына көнлигип, жәмийетимизге араласып кететуғынына исенемиз. Елимиз араб миллетине тийисли қатламларға бурын да баспана болғанына байланыслы тарийхый дәлиллер бар. Узаққа бармай, Қаршы қаласындағы Абу Убайда ибн Жарроҳ мақбарасын алайық.

Абу Убайда ибн Жарроҳ (583 - 639) пайғамберимиз Мухаммед әлейхиссаламның ең жақынларынан болып, тирилигинде жәннет үгити берилген он саҳабаның бири болып, ислам динин ен жайдырыўда жанкүйерлик көрсеткен. Әсиресе, Қуддус халқының мусылманлықты қабыл етиўинде оның хызметлери жоқары баҳаланады.

Шамды ийелеген Әмир Темур бабамыз Әбиў Убайда ибн Жарроҳтың Дайрәледеги (ҳәзирги Ордун аймағында) қәбирин зыярат еткен ҳәм оннан топырақ алдырып, Қаршыға жиберген ҳәм рәмзий мақбара да қурдырған. Мине, алты жүз жылдан берли оғада көплеген мусылманлар, соның ишинде, Туранлы араблар ушын да зыярат орнына айланған бул естелик палестиналы мийманларымыз ушын да муқаддес мәнзил болатуғынына гүманланбаймыз.

Азамат ЗИЁ,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы,

ИА Тарийх институты директоры, академик