Жәмийет раўажланыўының тийкарғы өлшеми де әне усы. Мәмлекеттиң қүдирети оның экономикалық потенциалы ямаса дөретиўшилик көлеми менен ғана өлшенбейди. Бәлким халықтың барлық қатламларына тең имканият жаратыўы, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлап, ҳәр бир пуқара өзин жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасы сыпатында сезиўи ушын мүнәсип шараят жаратылғанында көринеди. Халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, турмыс сапасын арттырыўға қаратылған избе-из сиясат турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады.
Жаңа Өзбекстанда мине усы норма мәмлекетлик сиясаттың бас принципине айланды. "Инсан қәдири ушын" деген идея басқарыўдың жаңа философиясы сыпатында турмысқа кирип келди. Бул өзгерислерди айқын көрсетип атырған тараўлардан бири, әлбетте, социаллық қорғаў системасы болып есапланады. Бул системадағы өзгерислер халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, социаллық хызметлердиң қамтып алыўын ҳәм сапасын арттырыў, ҳәр бир пуқараға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли. Бүгин тараўдағы реформалар тек ғана жәрдем көлемин кеңейтиў менен шекленбей, инсанның мүнәсип турмыс кешириўи ушын беккем кепилликлер жаратыўға хызмет етпекте.
Жақынға шекем социаллық қорғаў дегенде көпшиликтиң көз алдында напақа тайынлаў, материаллық жәрдем ажыратыў ямаса жеңиллик бериў турар еди. Негизинде мүтәж инсанның машқаласы көбинесе бир жәрдем менен шешилмейди. Оның денсаўлығы, бәнтлиги, шаңарақлық орталығы, руўхый жағдайы, перзентлериниң билим алыўы - булардың барлығы өз-ара байланыслы мәселелер.
Сонлықтан, Президентимиздиң 2023-жыл 1-июньдеги "Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында"ғы пәрманы менен шөлкемлестирилген Социаллық қорғаў миллий агентлиги пүткиллей жаңа қатнасты турмысқа енгизди. Бурын ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымларға бөлинип кеткен хызметлер бирден-бир системаға бирлестирилди. Нәтийжеде инсан бир машқала менен бир неше кеңсениң есигин қағатуғын дәўир артта қалмақта.
Наманган ўәлаятында бул бағдардағы жумыслар бул реформалардың әмелий нәтийжесин айқын көрсетпекте. Бүгинги күнде ўәлаятта майыплығы болған 85,6 мың шахс, кем тәмийинленген 54 мыңнан аслам шаңарақ, мыңлаған жетим балалар ҳәм жалғыз кекселер социаллық қорғаў системасының турақлы итибарында. Әҳмийетлиси, енди олардың ҳәр бири статистика емес, ал өз алдына тәғдир сыпатында көрилип атыр. Буны "кейс-менеджмент" системасы мысалында да көриў мүмкин. Соңғы үш жыл даўамында 46 мың 800 ден аслам пуқара бойынша индивидуал исленип, 500 мыңнан аслам социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетилди. Бул тек ғана ярым миллион хызмет дегени емес. Бул ярым миллион мәрте инсан машқаласын тыңлаў, мүтәжлигин анықлаў ҳәм шешим табыўға урыныў дегени.
Поп районы "Поп" МПЖда жасаўшы 1-топар майыплығы болған Раҳбаржон Фозилов өзи ҳәм шаңарағына көрсетилген комплекс социаллық хызметлер ҳаққында былай дейди:
"Шаңарағымызға көрсетилген жәрдемлер биз ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе болды. Алдын айырым машқалаларымызды қалай шешиўди билмей, әдеўир қыйналар едик. Бүгин болса көплеген мәселелеримиз өз шешимин тапқанынан қуўанышлыман. Өмирлик жолдасым менен некемиз рәсмий түрде дизимге алынды, еркин ҳәрекетлениўим ушын электрон жүргизиўши майыплық арбаша берилди. Шаңарағымыз кәмбағаллық реестрине киргизилип, балалар напақасы тайынланды, перзентлерим жеңиллетилген тийкарда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жайластырылды. 1-топар майыплығы себепли қараўшылық рәсмийлестирилип, анама қараўшы сыпатында мийнет стажы белгиленди. Исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын электр тармағының тартып берилгени мен ушын үлкен имканият болды. Ең қуўанышлысы, адаптив спорт - пара стол теннисине тартылып, жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келмектемен.
Буннан тысқары, коммуналлық хызметлер бойынша компенсациялар, материаллық жәрдем, медициналық тексериў ҳәм емлениў хызметлеринен де пайдаландық. Ҳәзир қуяш панелин орнатыў ушын зәрүр ҳүжжетлер рәсмийлестирилмекте. Мен ушын ең әҳмийетлиси - бизге тек ғана жәрдем берип қоймады, ал келешекке исеним менен қараўымыз, өзимизди тиклеўимиз ҳәм имканиятларымыздан пайдаланыўымыз ушын шараят жаратты".
Сондай-ақ, балалардың мәплерин қорғаў бағдарындағы қатнас түп-тийкарынан өзгерди. Бурын мәкеме балаға баспана болса, бүгин шаңарақтың орнын ҳеш нәрсе баса алмайтуғыны тийкарғы принципке айланды. Сол себепли соңғы жыллары жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған 4 мыңнан аслам бала қәўендерлик, әменгерлик, патронат ҳәм шаңарақлық балалар үйлерине жайластырылды. Ең итибарлысы, тек ғана 2025-жылы 890 бала өз шаңарағына қайтарылды.
Мәмлекеттиң социаллық сиясаты инсанның келешегин де ойлайды. Сол себепли, турақ жайға мүтәж болған 66 жетим жас жаңа квартира менен тәмийинленди. 139 жигит-қызға жоқары билимлендириўде оқыў ушын жеңиллик берилди. Ҳақыйқый социаллық қорғаў инсанды өмирлик жәрдемге ғәрезли етип қойыў емес, ал оның еркин өмир сүриўи ушын имканият жаратыў болып табылады.
Майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы реформалар мине усы мақсетке хызмет етпекте. Бүгин итибар тек ғана пенсия ямаса напақаға емес, ал олардың жәмийетте белсене қатнасыўына қаратылған. Адаптив спорттың раўажландырылып атырғаны, инклюзив билимлендириў кеңейип атырғаны, бәнтлик бағдарламаларының әмелге асырылып атырғаны буның әмелий көриниси болып есапланады. Тек ғана 2025-жылы майыплығы болған 10 мың 649 пуқараның жумыс пенен тәмийинленгени әҳмийетли нәтийже болды. Себеби жумыс орны тек ғана дәрамат дәреги емес, ал инсанның жәмийеттеги орнын, өзине исенимин тиклейтуғын ең әҳмийетли фактор болып есапланады.
Реабилитация системасында сезилерли өзгерислер бақланбақта. Егер 2023-жылы ўәлаятта 3 мыңнан аслам протез-ортопедия үскенеси ҳәм реабилитация қуралы жеткерип берилген болса, 2025-жылға келип 10 мыңнан асты. Бул мыңлаған инсанлардың еркин жүриўи, мийнет етиўи ҳәм белсенди турмыс кешириўи ушын жаратылған имканият болып есапланады.
Наманган ўәлаятында 2026-жылдың дәслепки алты айы да система избе-из раўажланып атырғанын көрсетпекте. Мыңлаған пуқаралар майыплық экспертизасы ҳәм реабилитация хызметлеринен пайдаланды. Төрт мыңнан аслам пуқара заманагөй протез ҳәм техникалық қураллар менен тәмийинленди. "Тең имканият - инклюзив бәнтлик" бағдарламасы арқалы майыплығы болған дерлик үш мың адам жумыслы болды.
Буннан тысқары, Президентимиздиң 2026-жыл 5-февральдағы "2026-жылы аймақларды жаңаша қатнасықлар тийкарында раўажландырыў арқалы халықтың дәраматын арттырыў, турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары мыңлаған инсанлардың турмысында түпкиликли бурылыс жасады. Наманган ўәлаятында бул бағдарда халықтың дәраматларын арттырыў, турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған жаңа илажлар Социаллық қорғаў миллий агентлиги ўәлаятлық басқармасы ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Қарарда социаллық реестрге киргизилген, 1-топар майыплығы болған ҳәм мийнетке жарамлы ағзасы болмаған шаңарақлардың жасаў шараятларын жақсылаў, шаңарақларын энергия үнемлеўши жағдайға келтириў, соның ишинде, қуяш панельлерин орнатыў арқалы энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қосымша дәрамат дәреклерин жаратыўға айрықша итибар қаратылған.
Тўрақўрғон районында жасаўшы 1-топар майыплығы болған Зуҳра Қирғизованың шаңарағы Президентимиздиң усы қарарының орынланыўы шеңберинде энергия үнемлейтуғын үйге айландырылды. Усы қарар тийкарында шаңарақтың жасаў шараятлары жақсыланып, 5 кВт қуўатлылыққа ийе қуяш панели орнатылды.
- Социаллық хызметкер бир күни шаңарағымызға жаңа қарар ҳаққындағы хабар менен кирип келди ҳәм тез күнлерде маған көрсетилген жәрдем ҳәм көмеклер себепли турмысым пүткиллей өзгерип кетти. Себеби майыплығыма байланыслы, әсиресе, жаўынлы ҳәм қолайсыз ҳаўа-райы шараятында ҳәўлиде ҳәрекетлениўге жүдә қыйналар едим. Үйимизде дерлик шараят жоқ еди. Ҳәзир шаңарағымыз әдеўир қолайлы ҳәм заманагөй көриниске енди. Әсиресе, барлық шараятқа ийе санузел әйне үйдиң ишинде қурып берилгени мендей адам ушын үлкен қолайлық болды. Әлбетте, бизге басқа бағдарларда да жәрдемлер көрсетилди. Балалар напақасы тайынланды, "Сақаўат ҳәм көмек" қоры арқалы жәрдем берилди, медициналық, психологиялық ҳәм ҳуқықый хызметлерден пайдаландық. Перзентим спорт дөгерегине тартылды. Булардың барлығы шаңарағымыз турмысына унамлы тәсир көрсетти, - дейди З.Қирғизова.
Социаллық қорғаў тараўында қатнас барған сайын күшеймекте. Машқала жүзеге келгеннен кейин илаж көриў менен шекленбестен, оның алдын алыўға қаратылған механизмлер избе-из жетилистирилмекте. "Социаллық реестр" арқалы жәрдемге мүтәж шаңарақларды мәнзилли анықлаў, "Жасларға жәрдемлесиў" бағдарламасы тийкарында жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларды еркин турмысқа таярлаў, социаллық қорғаўға мүтәж халық жасайтуғын шаңарақларды энергияны үнемлеў, аймақлық социаллық хызметлер орайларын шөлкемлестириў усылардың қатарына киреди.
Бул бағдарда Давлатобод районында жумыс баслаған аймақлық Социаллық хызметлер орайы системадағы жаңаша қатнастың әмелий көриниси болды. Енди пуқаралар ҳәр қыйлы уйымлардың босағасында әўере болыўдың орнына, өзлерине зәрүр социаллық хызметлерди бир орынның өзинде алыў имканиятына ийе. Бул болса хызметлерден пайдаланыўды және де қолайластырыў, ўақыт ҳәм артықша әўерегершиликтиң алдын алыў менен бирге, халықтың мәмлекетлик хызметлерге исенимин беккемлемекте.
Социаллық қорғаў тараўында ерисилген нәтийжелерди тек ғана санлар ямаса есабатлар арқалы баҳалап болмайды. Әлбетте, статистикалық көрсеткишлер әмелге асырылған жумыслардың көлемин сәўлелендиреди. Бирақ реформалардың ҳақыйқый нәтийжеси адамлар турмысында жүз берип атырған унамлы өзгерислерде көринеди. Шаңарақ қушағына қайтқан баланың жүзиндеги күлки, мүнәсип жумыс орнына ийе болған майыплығы болған пуқараның ертеңги күнге исеними, еркин турмыс ушын өз үйине ийе болған жетим жаслардың қуўанышы, жалғыз кексениң өзин дыққат орайында сезиўи мине усы өзгерислердиң ең тәсиршең көриниси болып есапланады.
Социаллық қорғаўдың тийкарғы мақсети инсанды турақлы жәрдемге мүтәж жағдайда сақлап қалыў емес, ал оған мүнәсип турмыс кешириў, өз имканиятларын жүзеге шығарыў ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы ушын беккем тийкар жаратыўдан ибарат.
Усы мәнисте Өзбекстанда қәлиплесип атырған социаллық қорғаў системасы инсан мәплерин тәмийинлеўге қаратылған реформалардың ажыралмас бөлеги сыпатында барған сайын жетилисип бармақта. Бул жолдағы ҳәр бир баслама, жаратылып атырған ҳәр бир жаңа механизм ҳәм көрсетилип атырған ҳәр бир мәнзилли хызмет бир ийгиликли мақсетке - пуқаралардың мүнәсип турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте. Инсан өзин қорғалған, қәдирленген ҳәм мәмлекет итибарында екенин сезген жәмийетте ғана раўажланыў турақлы, реформалар болса халықшыл ҳәм турмыслық әҳмийетке ийе болады.
Иброҳим ХОДЖИЕВ,
Социаллық қорғаў миллий агентлиги Наманган ўәлаяты
басқармасының баслығы