Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен интеллектуаллық мүлкти қорғаўды күшейтиўге қаратылған нызам жойбары нәзерде тутылмақта, деп хабар береди Нызамшылық палатасының мәлимлеме хызмети.
Атап өтилиўинше, нызам жойбары дәслепки тәризде көрип шығылмақта. Оның менен Жынаят, Жынаят-процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Пуқаралық кодекслерине авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықларды, сондай-ақ, санаат мүлки объектлерине болған ҳуқықларды бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, интеллектуаллық мүлк объектлерине байланыслы жеке меншик емес ҳуқықларды бузғаны ушын әмелдеги нызамшылықта нәзерде тутылған жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте. Бундай объектлерге байланыслы мүлк ҳуқықларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.
Нызам жойбары сиясий партиялар фракциялары мәжилислериниң додалаўына киргизиў ушын таярланбақта.