Интеллектуал мүлк ҳуқықый жақтан исенимли тәризде қорғалады

    11 тамыз 2025 818

    Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Бул нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў процесин әпиўайыластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислерге бола, санаат мүлки объекти дизимнен өткерилгенде патент талапкерге автомат түрде электрон система арқалы жиберилиўи белгиленди.

    Бурын Санаат мүлки объектине патент бериў объекттиң дизимге алынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар рәсмий хабарда жәрияланған сәнеден баслап 10 күн өткеннен кейин әмелге асырылыўы белгиленген еди.

    Сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды бузғаны ушын жуўапкершилик күшейтилиўи нәзерде тутылған.