баннер
22 Mar 2025
03:22

    Авторлық ҳуқықты бузғаны ушын жуўапкершилик күшейтилмекте

    19 Fevral 2025 472

    Депутатлар интеллектуаллық мүлкти қорғаўды буннан былай да күшейтиўге қаратылған нызам жойбарын биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығып, қабыл етти.

    Таллаўларға бола, кейинги бес жылда интеллектуаллық мүлктиң исбилерменлик жумысында пайдаланыў көлеминиң артыўы ҳәм айырым бизнес ўәкиллери тәрепинен ҳадал емес исбилерменлик жумысы алып барылыўы себепли бул бағдардағы ҳуқықбузарлықлар саны кескин артқан.

    Соның ишинде, 2023-жылы судлар тәрепинен интеллектуаллық мүлк объектлерин қорғаўға байланыслы 249 дан аслам ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилген.

    Бул нызам жойбары менен Жынаят, Жынаят-процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Пуқаралық кодекслерине авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықларды, сондай-ақ, санаат мүлки объектлерине болған ҳуқықларды бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

    Нызам жойбарының қабыл етилиўи жәмийетте интеллектуаллық мүлк ҳуқықына ҳүрмет сезимин қәлиплестириў ҳәм интеллектуаллық мүлк ийелериниң материаллық мәплерин қорғаў, интеллектуаллық мүлк тараўындағы жуўапкершилик илажларын күшейтиў арқалы контрафакт өнимлердиң айланысына шек қойыў ҳәм халықтың, соның ишинде, исбилерменлик субъектлериниң интеллектуаллық мүлк объектлеринен нызамлы пайдаланыў бойынша жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech