Мәмлекетимиздиң жедел сыртқы сиясаты ҳәм қолайлы исбилерменлик орталығы нәтийжесинде инвестициялар көлеми избе-из өсип бармақта. Атап айтқанда, усы жылдың биринши шерегинде 8 миллиард 700 миллион доллардан аслам сырт ел инвестициялары өзлестирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 20 процентке өсти.
Бул қаржылар есабынан энергетика, металлургия, химия, фармацевтика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, коммунал ҳәм социаллық тараўларда көплеген әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта. Онда қосымша қун ҳәм жумыс орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Биринши ярым жыллықтың жуўмағы менен 18 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестицияларының өзлестирилиўи күтилмекте.
Улыўма, 2025-жылы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясының тартылыўы, 81 ири, 8 мыңнан аслам орта ҳәм киши жойбарлардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Жуўапкерлерге ҳәр бир жойбар бойынша мәнзилли ислеп, барлық министрлик, ҳәкимлик ҳәм тармақ басшыларын тартып, тийисли мәселелерди өз ўақтында шешип барыў бойынша көрсетпелер берилди.
Ҳәзирги күнде дүньяда жүз берип атырған экономикалық өзгерислер шараятында ҳәр бир инвестор менен тығыз ислесиў, сырт ел инвестицияларының нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ең тийкарғысы - жаңа инвестициялық жойбарларды тезирек иске қосып, санаат тармақларын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў және жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў әҳмийетли екени атап өтилди.









