Бүгин, 26-август күни Самарқанд қаласында сапардың тийкарғы илажлары Иордания басшысын рәсмий күтип алыў мәресиминен басланды.
Конгресс орайы имараты алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Президенти жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.
Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлерин атқарды.
Өзбекстан Президенти ҳәм Иордания Патшасы ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегация ағзаларын қутлықлады.