Экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, меншиклестириўди жеделлестириў мәселелери додаланды

    22 шілде 2025 1201

    Усы жыл 22-июльде Сенат Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Оны Сенат Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

    Мәжилисте парламентлик қадағалаў шеңберинде экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм меншиклестириў процесслерин жеделлестириўге қаратылған илажлардың орынланыўы додаланды.

    Атап өтилгениндей, соңғы жыллары экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў арқалы исбилерменликти раўажландырыў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта.

    Атап айтқанда, 2021-2024-жыллары устав фондында мәмлекетлик үлеси болған 500 ден аслам хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары ҳәм 3,4 мыңға шамалас көшпес мүлк объектлери меншиклестирилген, 1027 кәрхана сапластырылған ҳәм 964 и қайта шөлкемлестирилген.

    Мәмлекетлик активлердиң меншиклестирилиўи нәтийжесинде дерлик 36 мың жаңа жумыс орынлары жаратылған. Исбилерменлерге және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған избе-из илажлардың нәтийжесинде 50 ден аслам мәмлекетлик хызметлер жеке меншик секторға берилген.

    2024-жыл ноябрь айында биринши мәрте "Халықшыл ИПО" бағдарламасы шеңберинде Республикалық товар-шийки зат биржасының 3 миллионнан аслам акциясы халыққа сатылып, 11 мыңға шамалас адам акционерлерге айланған.

    Банк системасын реформалаў стратегиясы шеңберинде 3 банктиң меншиклестирилгени ҳәм 8 жаңа жеке меншик банк шөлкемлестирилгени есабынан мәмлекетлик банклердиң улыўма активлердеги үлеси 85 проценттен 65 процентке қысқарған.

    Додалаў процесинде сенаторлар меншиклестириў бойынша аймақлар ҳәм тармақларда пайдаланылмай атырған имканиятлар, бос турған орынларды экономикалық активке айландырыў, аукционға қойылған таяр имаратларды сатыўда жол қойылған кемшиликлерге де итибар қаратты.

    Соның ишинде, министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының қарамағындағы айырым бос турған имарат ҳәм объектлер ғалабалық саўдаларға шығарылмаған. 10 нан аслам мәмлекетлик активлер дерлик бир жылдан берли аукционда сатылмаған болса да, олардың басланғыш баҳасын төменлетиў механизминен пайдаланылмаған.

    Аймақтың қәнигелесиўи, коммуникация өткериў имканияты үйренилместен исбилерменлик жумысы ушын аукционға шығарылған 1,9 мың гектарға шамалас жер майданлары дерлик 1 жылдан берли сатылмай қалмақта.

    Социаллық дәптерлерге киргизилген жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик мүлктеги имарат ҳәм объектлерди ижараға бериў бойынша енгизилген жеңилликлерден дерлик пайдаланылмаған.

    2024-жылы айырым ўәлаятларда мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыўдан түскен қаржылар толық ўәлаят бюджетине өткерилип, объект жайласқан район (қала) бюджетине ажыратпалар әмелге асырылмаған.

    Сенаторлар тәрепинен меншиклестирилетуғын ҳәм ижараға берилетуғын мәмлекетлик мүлк, оны сатып алыў бойынша жаратылған имканиятлар менен жеңилликлер ҳаққында халық ҳәм исбилерменлерди кеңнен хабардар етиў, үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў мәселелерине жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атырғаны сынға алынды. Бул бағдарда ҳәким жәрдемшилериниң жуўапкершилигин арттырыў да әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Буннан тысқары, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын мониторинг етиў, муниципал мүлкти меншиклестириў жағдайы ҳаққында жуўапкер уйымлардың есабатларын сессияларда тыңлаў ҳәм тийисли илажлар белгилеў бойынша усыныслар берилди, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates