баннер
17 Mar 2025
03:36

    Экономикада жеке меншик сектордың роли және де арттырылады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Экономикада бәсекини раўажландырыў ҳәм жеке меншик сектордың ролин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-35-санлы, 28.02.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, мүлкшилик түрине қарамастан бир ямаса бир неше хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерге белгили бир товарларды ислеп шығарыў (хызметлер көрсетиў, жумысларды орынлаў) ямаса сатыў ямаса сатып алыў, сондай-ақ, бирден-бир операторлық хызметлерин көрсетиў ушын төмендегилер тийкарында берилген айрықша ҳуқық эксклюзив ҳуқық сыпатында тән алынады:

    низамшылық ҳүжжетлери менен айрықша түрде берилген рухсатнама (ҳуқық);

    улыўма тәртиптен тысқары түрде берилген жеке тәртиптеги лицензия (рухсатнама).

    Онда таңлаў (тендер) тийкарында усынылған лицензиялар (рухсатнамалар) эксклюзив ҳуқық сыпатында тән алынбайды.

    2025-жыл 1-апрельден эксклюзив ҳуқық хожалық жүргизиўши субъектлерге нызамлар ҳәм Президент пәрман ҳәм қарарлары менен 3 жылдан артық болмаған мүддетке тек ғана төмендеги мақсетлер ушын бериледи:

    конституциялық дүзимди, халықтың денсаўлығын, Өзбекстан қорғаныў қәбилетин, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти және жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў;

    тәбийий апатшылықлар, апатшылықлар ҳәм эпидемиялардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech