Бирақ Ўатанды қорғаў буның менен шекленбейди. Негизинде жүрегинде халыққа ҳәм ўатанға шексиз меҳир сезими бар, зәрүрлик туўылса, жанын пидә ететуғын, пүткил өмирин мәмлекеттиң раўажланыўы бағышлайтуғын ҳәр бир инсан Ўатан қорғаўшысы болып есапланады. Усы мәнисте исбилерменлерди де ел қорғаўшылары қатарында биймәлел тилге алыў мүмкин.

Жақында Президентимиз исбилерменлерди кәсиплик байрамы ҳәм мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы менен қутлықлап, ҳәр бир тараў, аймақ ҳәм мәҳәлледеги реформалар менен өзгерислерде исбилерменлердиң де салмақлы үлеси бар екенин айрықша атап өтти. Миллий ғәрезсизлик байрамы менен исбилерменлердиң кәсиплик байрамының үнлес келиўи де бийкарға емес. Себеби бүгинги исбилермен жаңа Өзбекстанның қүдирети ҳәм раўажланыўының таянышы болып есапланады.

Ғәрезсизлик тек сиясий емес, ал экономикалық жақтан да ҳеш кимге ғәрезли болмаў дегени. Экономикалық ғәрезсизлик, бәринен бурын, исбилерменлердиң басламасы, мийнети ҳәм мәртлиги себепли жүзеге шығады. Соның ушын, елимиздеги ҳәр бир реформа, ҳәр бир аймақ ҳәм мәҳәлледеги жаңаланыўлар тийкарында исбилерменниң ой-пикири ҳәм мийнети жәмленген.

Әлбетте, исбилерменлик мәмлекетимиз раўажланыўының беккем экономикалық тийкарына айланды. Бүгин тараў ўәкиллери аўыл хожалығынан баслап, санаат ҳәм хызмет көрсетиўге шекемги барлық тараўда жаңа жумыс орынларын ашпақта, миллий өнимлеримизге қосымша қунды арттырмақта. Президентимиздиң атап өткениндей, ҳәр бир мәҳәлледеги өзгерислер - абат ландшафтлар, жаңа инфраструктуралар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, билимлендириў ҳәм мәденият орайларының қурылысында исбилерменлердиң пидәкерлик мийнети көрсетилмекте.

Қураллы Күшлер елимиз ғәрезсизлигин қорғап, тыныш ҳәм парахат турмысымызды тәмийинлесе, исбилерменлер дөретиўшилик жумысы арқалы мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин беккемлейди. Усы мәнисте, исбилерменлерди жаңа Өзбекстанның экономикалық қорғаўшылары, деп толық исеним менен айтыў мүмкин.

Ўатанды қорғаў тек әскерий хызметкердиң мойнындағы ўазыйпа емес. Ғәрезсиз мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы, қәўипсизлиги ҳәм айдын келешеги исбилерменниң мийнети, басламасы ҳәм мәртлиги менен де тығыз байланыслы. Себеби исбилермен ислеп шығарады - мәмлекет экономикасы тойынады, исбилермен жумыс орынларын ашады - мыңлаған шаңарақлардың ырысқы-несийбеси пүтин болады, исбилермен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлейди - халық тыныш жасайды.

Экономикалық қүдирет - әскерий қүдиреттиң таянышы. Өндирис көбейсе, экономика жоқарыласа, армияның тәмийнаты пүтин, қуралы күшли болады. Демек, исбилерменниң ҳәр бир басламасы тек ғана базар емес, ал мәмлекеттиң қорғаныў потенциалы ушын да хызмет етеди. Себеби, исбилерменлик ҳәм миллий қорғаныў бир-биринен ажыралмас түсиниклер болып есапланады.

Тарийх та бул ҳақыйқатты тастыйықлайды. Саҳыпқыран Әмир Темур айтқанындай, "Әскери қүдиретли мәмлекет - бай болады, бай мәмлекеттиң әскери қүдиретли болады". Бул сөзлер арадан неше әсирлер өтсе де, өз қәдирин жоғалтқан жоқ. Себеби экономикалық қүдиретсиз әскерий қүдирет болмайды, әскерий қүдиретсиз болса ғәрезсиз мәмлекет узақ жасай алмайды.

Тарийх ҳәм тәжирийбе бир ҳақыйқатты қайта-қайта дәлиллеп келмекте: ҳәр қандай мәмлекеттиң әскерий қүдирети экономикалық тийкарға сүйенеди. Кәрханалар көбейеди - экономика жоқарылайды, санаат раўажланады - армия қүдиретли болады, аўыл хожалығы турақлы болады - елдиң қәўипсизлиги беккемленеди. Миллий экономика тек халық абаданлығы емес, ал миллий қәўипсизликтиң де ең исенимли кепили болып есапланады.

Ҳәр бир исбилерменниң басламасы - жаңа өндирис, жаңа технология, жаңа өним - бул тек ғана экономикалық нәтийже емес. Бул - елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтетуғын қосымша қүдирет. Себеби жергиликли ислеп шығарылған ҳәр бир техника, қурылыс материалы ямаса азық-аўқат өниминиң бир бөлеги тәбийғый түрде армия мүтәжликлерине де хызмет етеди. Соның ушын исбилермен қолындағы ҳәр бир стартап, идея, инвестицияның ҳәр бир сумы қорғаныў дийўалына қаланған беккем гербиш болып есапланады.

Усы көзқарастан қарағанда, исбилерменлик экономикалық раўажланыў қуралы болыўы менен бирге, миллий қәўипсизликке хызмет ететуғын ўатансүйиўшилик болып табылады. Ашық айтыўымыз мүмкин, исбилерменниң ҳәр бир басламасы, жумысқа киргизген инвестициясының ҳәр бир сумы - елди қорғаўға қосылған үлес. Усы мәнисте исбилерменлик - экономикалық ўатансүйиўшиликтиң ең жоқары көриниси!

Президентимиздиң 2021-жылдан берли ҳәр жылы 20-август күни исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи дәстүрге айланғаны үлкен әҳмийетке ийе. Бул ушырасыўларда исбилерменлерди ойландырып атырған әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланады, исбилерменлердиң пикир ҳәм усыныслары тийкарында әҳмийетли қарарлар қабыл етиледи. Усы күнге шекем ашық сөйлесиўлерде билдирилген мыңлаған усыныс ҳәм басламалар нызам ҳәм қарарларда өз көринисин тапқаны буның айқын дәлили болып есапланады.

Дәстүрге бола, усы жыл 20-август күни мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерди ҳәм бир топар пидайы исбилерменлерге мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларын тапсырды.

Күтилгениндей, бул сөйлесиўде де Президентимиз исбилерменлер ҳәм экономикалық тараў ўәкиллеринен келип түскен мүрәжатларды терең үйрениў тийкарында ислеп шығылған, олардың жумысына және де кеңнен имканият ҳәм қолайлықлар жаратыўға қаратылған бир қатар жаңа шешимлерди алға қойды.

Бүгин елимиздиң қорғаныў системасында жеке меншик сектордың қатнасыўы күн сайын кеңеймекте. Аўыл хожалығы исбилерменлери армияға сапалы ҳәм өнимли азық-аўқат өнимлерин жеткерип бермекте. Қорғаныў санаатында жумыс алып барып атырған жеке меншик кәрханалар армияны заманагөй үскенелер, техника аўысық бөлеклери ҳәм арнаўлы кийим-кеншек пенен тәмийинлемекте. Мәлимлеме технологиялары тараўындағы исбилерменлер миллий армия ушын интеллектуаллық бағдарламалар, дронлар ҳәм жасалма интеллект шешимлерин ислеп шығыўға үлес қоспақта.

Сондай-ақ, жеке меншик сектор армияның жедел ҳәрекетлениўи ҳәм үзликсиз тәмийнаты ушын зәрүр заманагөй инфраструктураларды қурыўда да айрықша әҳмийетке ийе. Демек, исбилермен тек ғана экономист ямаса инвестор емес, ал мәмлекет раўажланыўының тийкары, миллий экономиканың ҳәрекетлендириўши күши, соның менен бирге Ўатанның қорғаўшысы да болып есапланады.

Ким жаңадан-жаңа кәрханалар ашса, адамлар ушын жумыс орны ҳәм дәрамат дәрегин жаратса, ишки базарды миллий өнимлер менен толтырса, дүнья базарына экспорт етип, валюта түсимин арттырыўға үлес қосса, салық төлеп мәмлекет ғазнасын толтырса, ҳақыйқый ўатансүйгиш болады.

Кейинги жыллардағы салмақлы жетискенликлер - елимизде завод ҳәм фабрикалардың иске қосылыўы, “Made in Uzbekistan” белгиси менен дүнья базарларына шығыўымыз, миллий экспорт көлеминиң артып барыўы - булардың барлығы исбилерменлик руўхының күшейгенинен дәрек береди. Президентимиз бийкарға атап өтпеди: "Биз үлкен шеклерге тек ғана исбилерменлик руўхы менен ерисе аламыз".

Соның ушын да исбилерменлик - әпиўайы экономикалық процесс емес, ал миллий раўажланыўдың идеялық тийкарына айланбақта. Бул бизге Президентимиз алға қойған уллы ҳақыйқатты еслетеди: "Жаңа Өзбекстан - күшли экономика ҳәм күшли мәнаўият үнлеслигинде!"

Себеби, бүгин дүнья экономикалық және геосиясий бәсеки майданы. Бул майданда жеңиске ерисиў ушын болса жаңа заман қаҳарманлары керек. Бул қаҳарманлар - исбилерменлер! Олар қурған заводлар, әмелге асырып атырған уллы жойбарлар, аўыл ҳәм қалаларда жаратылған жүз мыңлаған жумыс орынлары халқымыздың абаданлығы артыўына, мәмлекетимиздиң абырайының жоқарылаўына хызмет етпекте.

Олардың ҳәр бир жетискенлиги - халқымыздың жеңиси.

Олардың ҳәр бир басламасы - елимиздиң раўажланыўы жолындағы жаңа қәдем. Соның ушын да: исбилерменлик - бул экономикалық ўатансүйиўшилик!

Исбилерменлик - бул ўатанға садықлық ҳәм миллетке хызмет етиўдиң ең жоқарғы белгиси!

Олимжон ЎСАРОВ,

қорғаныў министриниң ўатанды сүйиўшилик

үгит-нәсияты, руўхый-ағартыўшылық жумыслары

ҳәмде жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.