Нәтийжелер Жер жүзинде 3,04 триллионға шамалас тереклер өсетуғынын көрсетти. Бул ҳәр бир адамға шама менен 390 терек туўра келеди, дегени.

Он жыллар даўамында Жер жүзинде дерлик 400 миллиард терек өседи, деп есапланған. Илимпазлар бул санды космослық сүўретлерди үйренип шыққанынан кейин алған. Бирақ, жасалма жолдаслар тоғайлардың қай жерде өсип атырғанын көрсетиўи мүмкин, бирақ олардағы өсимликлердиң қаншелли қалыңлығын көрсетпейди.

Эколог Томас Кроутер басшылығындағы халықаралық топар тереклер тығызлығының биринши глобаллық картасын ислеп шықты. Олардың мағлыўматлары алдынғы баҳалаўлардан дерлик 8 есеге артты.

Илимпазлардың атап өтиўинше, тереклердиң ең жоқары тығызлығы Канада арқалы, Аляска, Скандинавия ҳәм Россияның бореал тоғайларында бақланбақта. Суўық климат ийне жапырақлы өсимликлер ушын қолайлы.

Бунда тереклердиң ең көп улыўма саны Қубла Америка, Орайлық Африка ҳәм Қубла-Шығыс Азия тропикалық ҳәм субтропикалық тоғайларында өседи. Бул аймақларда жер жүзиндеги барлық тереклердиң 40% тен асламы бар. Тек ғана Амазонка тропикалық тоғайларында жүзлеген миллиард тереклер өседи, деп жазбақта “mir24.tv”.

Тарийхий моделлестириў инсаният цивилизациясы басланғанынан берли Жер планетасындағы тереклердиң шама менен 46% и жоғалғанын көрсетти. Илимпазлардың есап-санақларына қарағанда, ҳәр жылы 15 миллиардтан аслам тереклер кесиледи, бирақ тәбийғый регенерация ҳәм тоғайлардың тиклениўи бул жоғалтыўлардың орнын толтырады.

Илимпазлар нәллерди әпиўайы етип отырғызыў менен тоғайзарлық машқаласы шешилмейтуғынын ескертти. Нәллердиң писип жетилисиўи ушын он жыллар керек болады. Буннан тысқары, жасалма тоғайлар түрлердиң көп емеслиги менен ажыралып турады. Соның ушын оларда ҳайўанлар аз, кеселлик ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы емес. Илимпазлар жаңа тоғайлар егиўге қарағанда бар тоғайларды қорғаў әҳмийетли екенин атап өтти, деп жазбақта “Interesting Engineering”.