Изертлеў тиллерди үйрениў ушын интернет платформасы арқалы әмелге
асырылды. Жумыс даўамында қәнигелер дүньяның 75 тилиндеги 223 сөздиң дизимин
қәлиплестирди. Дәслеп онлайн жәмийетшиликлердеги додалаўлар үйренилди, соңынан
тилшилер, жазыўшылар ҳәм мәденият тараўы экспертлериниң халықаралық топары
жеңимпазды таңлады, деп жазады "Мир24".
Сөзлерди баҳалаўда төрт критерия есапқа алынды: жаңғырыўы, мәниси, сийрек
ушырасыўы ҳәм мәдений әҳмийети. Басқа тиллерде анық уқсасы болмаған сезим, идея
ямаса қәдириятларды билдиретуғын сөзлерге айрықша итибар қаратылды.
Қәнигелердиң
пикиринше, "қайтиакатанга" тек ғана ҳаўазы менен емес, ал терең
мазмуны менен де ажыралып турады. Бул түсиник инсанның тәбиятқа ҳәм қоршаған
орталықты келешек әўладлар ушын қәстерлеп сақлаўға болған жуўапкершиликли
қатнасын сәўлелендиреди.
Сондай-ақ, ең
гөззал сөзлер онлығынан грек тилиндеги "аура" ҳәм "зефир",
япон тилиндеги "икигаи" (турмыслық мақсет сезими) ҳәм "кинцуги"
(сынық керамиканы алтын жәрдеминде қайта тиклеў өнери), испан тилиндеги
"охала" (үмит) ҳәм түрк тилиндеги "якамоз" (ай нурының суў
бетинде гүмис сыяқлы жарқыраўы) сөзлери де орын алған.
Дизимдеги
әдеттегидей емес сөзлер қатарында ягана халқының тилиндеги
"мамихлапинатапай" сөзи де бар екен, бул еки адамның бири екиншиси
биринши қәдем қойыўын кутип турған еки адам арасындағы мәнили көз қарасты
билдиретуғын сөз еди.