Президентимиздиң октябрь айында қабыл етилген "Жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары елимизде зәрүр инфраструктураны раўажландырыў ҳәм кадрлар таярлаў ушын барлық шараятларды жаратты.
Атап айтқанда, 2030-жылға шекем мөлшерленген стратегия тастыйықланып, Санлы технологиялар министрлиги жанында қәнигелескен орай ашылды. Жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў ушын зәрүр есаплаў инфраструктурасы жаратылмақта. Атап айтқанда, АҚШтың “Nvidia” компаниясы менен биргеликте суперкомпьютер кластерин иске қосыў жойбары әмелге асырылмақта.
Медицина тараўында жасалма интеллект бойынша 5 жойбар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, инсульт ҳәм сүт бези рак кеселликлерин анықлаў ушын АИ қолланылғанда диагноз қойыў ўақты 80 процентке қысқарады, бул өмирге қәўип туўдыратуғын жағдайларды ерте анықлаўға жәрдем береди.
Президент жасалма интеллект жәрдеминде диагноз қойыў мүмкин болған кеселликлер дизимин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен республикалық қәнигелестирилген медицина орайларында сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте жүрек, өкпе ҳәм простата бези рак кеселликлери, инфаркт ҳәм қурамалы сүйек сыныўларын анықлаўда АИ жәрдеминде медициналық сүўретлерди таллаў системаларын енгизиў режелестирилген.
Келеси оқыў жылынан мектеп, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында жасалма интеллект бағдарламалары басланады. Буның ушын информатика оқытыўшылары таярланбақта. Оқытыўшыларға жүклемени азайтыў ушын тек ғана компьютер пәнлери муғаллимлерин емес, ал пүткил мектеп жәмәәтин АИдан пайдаланыўға үйретиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Босап қалған ўақыт оларға өз үстинде көбирек ислеў имканиятын береди.
Презентацияда бул бағдардағы жаңа көзқараслар көрип шығылды.
Соның ишинде, мектеп билимлендириўи ушын жасалма интеллект платформасын енгизиў усынысы билдирилди. Оның шеңберинде оқытыўшының виртуал жәрдемшиси ислеп шығылады ҳәм интеграцияланады. Бул қарар педагогларға лекция материаллары, презентациялар, тестлер, сабақ режелерин дүзиўде, имтихан процесин қадағалаўда жәрдем береди.
Мәжилисте ҳәкимлердиң санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект бойынша кеңесгөйлериниң маманлығын арттырыў бағдарламасы ҳаққында да мәлимлеме берилди.
Транспорт тараўында да жасалма интеллект жойбарларын әмелге асырыў режелестирилген. Атап айтқанда, вагонлардың техникалық жағдайын АИ арқалы мониторинг етиў арқалы жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўын автоматикалық түрде анықлаў ҳәм темир жол ҳәдийселери қәўпин азайтыў бойынша усыныслар билдирилди.
Буннан тысқары, космослық технологиялар тараўында да жаңа басламалар ислеп шығылған. "Самарқанд-2028" жасалма жолдасын жаратыў жумысларының барысы көрип шығылды. Жерди аралықтан зондлаў ушын мөлшерленген бул космослық аппарат ушын жасалма интеллект модули ислеп шығылмақта. Алынған космосүўретлерден ҳаўа сапасын дәслепки баҳалаў, аўыл хожалығы егинлери ҳәм тоғайларды мониторинг етиўде пайдаланыў мүмкин болады.
Презентацияның жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге көрип шығылған жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўды кеңейтиў бойынша анық тапсырмалар берди.