“IT-Park” жойбарының екинши басқышына старт берилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 21-октябрь күни пайтахтымыздың Мырза Улығбек районындағы IT-Паркке барып, жойбардың екинши басқышының қурылысына тырнақ тасын қойыў мәресиминде қатнасты.

    Буннан еки жыл алдын 200 миллион доллар инвестиция есабынан әмелге асырылған биринши басқыш шеңберинде дерлик 4 гектар майданда 20-25 қабатлы 6 офис имараты ҳәм заманагөй конгресс-холл қурылды.

    IТ-паркте қәнигелердиң жумыс ислеўи ҳәм перспективалы стартапларды қоллап-қуўатлаў ушын барлық шараятлар жаратылған. Бул жерде инкубация ҳәм акселерция бағдарламалары әмелге асырылмақта, мәлимлеме технологиялары, финтех, логистика, электрон коммерция, онлайн билимлендириў, биотехнологиялар ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

    Ҳәзирги ўақытта “IT-Park” резидентлериниң саны 3 мың 200 ге жетип, оларда 14 мыңнан аслам қәниге жумыс ислемекте. Өткен жылы резидентлер тәрепинен көрсетилген хызметлер көлеми 1,6 миллиард долларды қураған болса, усы жылдың жуўмағы менен бул көрсеткиш 2,5 миллиард доллардан артыўы күтилмекте.

    Хызметлер экспортының көлеми биринши мәрте 1 миллиард доллардан артыўы керек.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық, мәлимлеме технологиялары тараўында 300 мыңнан аслам жасларды жоқары дәраматлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў режелестирилген. Сырт елли экспертлердиң есап-санақларына бола, Өзбекстанның тек ғана жасалма интеллект тараўындағы потенциалы 10 миллиард долларға баҳаланбақта.

    - Бүгин биз баслап атырған бул үлкен баслама белгиленген үлкен шеклерге ерисиў ҳәм Өзбекстан менен сырт ел инвесторлары арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен, - деди мәмлекетимиз басшысы.

    Жойбарға муўапық, “IT-Park” аймағы 1,5 есеге кеңейтиледи. Бул жерде Саудияның Data Volt компаниясы менен биргеликте баҳасы 150 миллион доллар болған 12 мегаваттлы дата-орай қурылады. Кейинги басқышларда қосымша 3 миллиард доллар инвестиция киргизип, улыўма қуўатлылықларды 500 мегаваттқа жеткериў режелестирилген.

    Буннан тысқары, бул аймақта 6 имарат, соның ишинде, Жасалма интеллект орайы, Космос ҳәм келешек технологиялары орайы, 2 20 қабатлы офис имараты, сервис ҳәм саўда орайлары қурылады.

    Бир сөз бенен айтқанда, бул комплекс алдынғы технология, инновация ҳәм билимлерге тийкарланған заманагөй "Жасалма интеллект хабы"на айланады.

    Президент Шавкат Мирзиёев "ИТ-Парк" жойбарының екинши басқышына капсула қойып, қурылыс жумысларына рәсмий старт берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates