Сапар даўамында Түркияның исбилермен топарлары, еркин экономикалық зоналары, саўда-санаат палаталары ҳәм жумыс бериўшилер бирлеспелери менен бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Делегацияның сапары Стамбул, Коджаэли, Конья ҳәм Анталия қалаларын қамтып алды. Сапар даўамында 200 ден аслам ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилди, соның ишинде, еки тәреплеме товар алмасыў, логистика ҳәм экспорт инфраструктурасы бойынша Стамбул санаат палатасы ҳәм Саўда-санаат палатасының (ССП) басшылары, технологиялық ҳәм санаат кластерлерине ферғаналы ислеп шығарыўшыларды тартыў бойынша "Коджаэли" ҳәм "Гебзе Гузеллер" еркин санаат зоналарының басшылары менен сөйлесиўлер өткерилди.
Сапар етиўдиң жуўмағында түркиялы шериклер менен тоқымашылық ҳәм химия санааты, аўыл хожалығы, қала қурылысы, қурылыс, медицина, туризм, илим, билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўларында бирге ислесиў бойынша бир қатар келисимлерге қол қойылды. Олардың улыўма баҳасы 679,5 миллион АҚШ долларын қураған.
Сапар нәтийжелери еки мәмлекет аймақлары арасындағы әмелий бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықты.
Ферғана ўәлаятында түрк капиталы қатнасындағы қоспа кәрханаларды көбейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша өз-ара пайдалы сөйлесиўлер өткерилди.
Делегация Стамбул қаласында болып өткен "Глобал қәўип-қәтерлер: жаңа реаллыққа бейимлесиў" атамасындағы 16-Босфор саммитинде де белсене қатнасты.
Сапар даўамында Түркия исбилерменлер кеңеси, Санаат аўқамлары, Туризм ассоциациялары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралардың басқа да ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, биргеликтеги инвестициялық форумларды шөлкемлестириўге келисип алынды.