Ҳүкимет қарары менен "Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы қәнигелестирилген спорт мектеплери ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Реже Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы қәнигелестирилген спорт мектеплериниң статусы, тийкарғы ўазыйпалары, сондай-ақ, жумысын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
Режеге бола, спорт мектеплеринде спорт түрлери бойынша 5-11-классларда билим бериледи.
Гимнастикаға қәнигелестирилген спорт мектебине талап ҳәм усыныслардан келип шығып, 7 - 11 жастағы оқыўшы-спортшыларды 1 - 4-классларға оқыўға қабыллаўға рухсат бериледи.
Билимлендириў процеси оқыўшы-спортшылар саны 12 - 24 ге шекем болған классларда шөлкемлестириледи.
Оқыўшы-спортшылардың спорт шеберлиги дәрежесин арттырыў мақсетинде қысқы дем алыста 15 күн, жазғы дем алыста 45 күн, жәми 60 күнлик оқыў-шынығыў жыйынлары өткериледи.
Спорт мектеплериниң 9-класс питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги аттестат, 11-класс питкериўшилерине тийисли спорт түрлери бойынша диплом және тренерлик жумысы менен шуғылланыў ушын маманлық сертификаты бериледи.