Салтанатлы мәресим Өзбекстанның Москвадағы елшиханасы ҳәм "Биз Қарақалпақстан Республикасынанбыз" мәденият орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте «Дунё» ХА.
Илажда мәмлекетимиздиң дипломатиялық миссиясы, "Биз Қарақалпақстан Республикасынанбыз" мәденият орайының ўәкиллери ҳәм Россия Федерациясының мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнасты.
Жыйналғанлар Россияның қақ орайында қарақалпақ қара үйиниң орнатылыўы Жаңа жыл байрамындағы ҳақыйқый саўға ҳәм еки мәмлекет халықлары арасындағы беккемленип атырған дослықтың тымсалы болғанын атап өтти.
Байрамға қарақалпақ халқының дәстүрий палаўы, миллий зыяпатлары ҳәм мазалы өнимлери толық үлес қосты. Халықтың сүйип тыңлайтуғын қосықшысы Шыраз Нуратдиновтың атқарыўындағы концерт бағдарламасы салтанатқа жыйналғанларға қарақалпақ халқының миллий руўхы ҳәм колоритин бағышлады.
Туўылған жер, ўатанды сүйиў ҳаққындағы қосықлар мийманларда айрықша сезимлер оятты. Жарқын миллий аяқ ойынлар қарақалпақ халқының өзине тән мәденияты ҳаққындағы түсиниклерди кеңейтти.
Қара үй қарақалпақлардың дәстүрий турақ жайларының бир түри болып табылады. Үйдиң ишинде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың миллий кийимлери, турмыслық элементлери, этникалық символлар сәўлеленген гилемлер орнатылған. Үй өзине тән көшпели турақ жай сыпатында тек ғана архитектуралық имарат емес, ал көшпели халықлар мәденияты ҳәм дәстүрлериниң әҳмийетли белгиси болып есапланады.
Саўға етип берилген қара үй еки халық арасындағы дослық белгиси болып, мәдений алмасыўға хызмет етеди.
Соны айтып өтиў орынлы, орнатылған қара үй Өзбекстан ҳәм Россия халықлары арасындағы мәдений бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.