Мәмлекетимиз басшысының өзи буннан сегиз жыл бурын жаңа Өзбекстанда басланған жедел реформалардың басында-ақ исбилерменлерге үлкен исеним билдирди. Бул исенимниң артында Президентимиздиң басшылығындағы үлкен қоллап-қуўатлаў, елимиз исбилерменлерине берилип атырған турақлы имканият ҳәм жеңилликлер жәмленген. Мәмлекетимиз исбилерменлери де оған өзиниң күш-ғайраты, интакерлиги ҳәм пидайылығы менен жуўап бермекте.

Кеше, 20-август күни мәмлекетимиз бизнес тараўы ўәкиллери дерлик бир жыл күткен ушырасыў - мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен гезектеги ашықтан-ашық сөйлесиўи болып өтти. Дөретиўшиликлер майданына айланған Жаңа Ташкентте өткерилген ушырасыўдың руўхы, көлеми де соған жараса - бүгинги исбилерменлер алдына қойған мақсетлери сыяқлы үлкен, өзлерине болған исеними сыяқлы саўлатлы еди. Жаңа ҳәм саўлатлы мәнзил мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын жанлы ҳәм шын кеўилден сөйлесиў майданына айланды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында "Бүгин соны мақтаныш пенен айта аламыз, елимизде жаратылып атырған ҳәр бир жумыс орны, бой тиклеп атырған ҳәр бир кәрхана, халқымыздың аўырын жеңил етип атырған ҳәр бир хызмет, экспорт болып атырған ҳәр бир өним - сизлердиң мәртлик пенен ислеп атырған мийнетиңиз, баслама ҳәм излениўиңиздиң жемиси", деп атап өткени кеўиллерди және де толқытқаны сөзсиз. Ақыры, мәмлекет Президентиниң өзи исбилерменлерди қоллап-қуўатлап, оларға хошамет берип атыр. 2021-жылдан берли дәстүрий тәризде өткерилип киятырған ашықтан-ашық сөйлесиў шеңберинде исбилерменлерди ойландырып атырған мәселелер додаланып, тараўдың раўажланыўына хызмет ететуғын пәрман ҳәм қарарлар, жаңа жойбар ҳәм басламалар бизнес ийелериниң өзлери менен мәсләҳәтлескен ҳалда қабыл етилип атырғаны да айрықша итибардың көриниси болып табылады. Биринши ашықтан-ашық сөйлесиўден баслап усы күнге шекем исбилерменлердиң 1 мыңға шамалас басламасы нызамшылықта өз көринисин тапқаны буның дәлийли.

Быйылғы ушырасыўға және де қызғын таярлық көрилди, исбилерменлер тәрепинен билдирилген усыныслар көлеми де бираз үлкен. Әнжуманға таярлық даўамында 26 тараўдың 7 мыңға шамалас ўәкиллери менен өз алдына ушырасыўлар өткерилди. "Колл-орай" арқалы 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм басламалар келип түскен. Мәмлекетимиз басшысы быйыл да исбилерменлик жумысына және де көбирек қолайлық жаратыўға қаратылған пүткиллей жаңа басламаларды алға қойды. Соның ишинде, мәмлекетлик үлеси болмаған кәрханаларға экспортта мүддети өткен қарыздарлық ушын жәрийма есаплаў ҳәм өндириўге бир жыллық мораторий жәрияланатуғын болды. Кәрханасына сыртқы инфраструктураны өз есабынан ислеп атырған исбилерменлердиң бул қәрежети салық базасынан шегирип тасланады ҳәм тағы басқалар.

Улыўма етип айтқанда, исбилерменликтиң көплеген бағдарларында бир қатар жеңилликлер берилетуғыны жәрияланды. Бул әйне усы басламаларды күткен, оған исенген елимиз исбилерменлерин шексиз қуўандырды. Мәмлекетимиз басшысы ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында мәмлекетимиз бизнес ўәкиллерин "Исбилерменлер күни" менен қутлықлап, өзиниң терең ҳәм қызғын миннетдаршылығын билдирди. Олардың бир топарына жоқары мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.

Елимиз исбилерменлериниң көкирегине тағылған бул сыйлықлар Президентимиздиң оларға билдирген исеними, халқымыз ҳәм жәмийетимиз алдындағы жуўапкершилигиниң белгиси, жаңа Өзбекстанның раўажланыўы жолындағы пидайылығының тымсалы болып есапланады.

ҮЛКЕН МАҚСЕТЛЕРДИ НИЙЕТ ЕТКЕНБИЗ

Исбилерменлер күни алдынан мәмлекетимиз басшысының пәрманы менен бир топар исбилерменлер қатарында жоқары сыйлыққа ылайық деп табылғанымды еситип, әлбетте, жүдә қуўандым. "Шуҳрат" медалы менен сыйлықланғаным мен ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик болып есапланады. Бул мәмлекетлик сыйлық тек ғана жеке жумысым емес, ал тиккелей “Paxtakor Teks” ЖШЖда мийнет етип атырған жүзлеген жумысшы-хызметкерлеримизге берилген жоқары баҳаның әмелдеги көриниси, деп билемен.

Исбилерменге исеним, хошамет берилсе, жумысы раўажланып бара береди. Бул мәмлекеттиң раўажланыўы, адамлардың турмыс абаданлығына да тәсир көрсетеди. Кейинги жылларда мәмлекетимизде жаратылған қолайлы исбилерменлик орталығы буны айқын дәлиллейди. Исбилерменлик жумысына жаратылып атырған кең имканиятлар, салық ҳәм финанслық жеңилликлер, ҳуқықый кепилликлер биз - жеке меншик сектор ўәкиллерине шексиз исеним ҳәм хошамет бағышламақта.

Әсиресе, жаңа Өзбекстанда мәжбүрий мийнеттиң пүткиллей сапластырылып, өзбек пахтасына жәҳән базарындағы бойкоттың бийкар етилиўи мәмлекетимиз турмысындағы тарийхый ўақыя болды. Енди, тек ғана пахта жетистириўши емес, ал оны қайта ислеп, таяр өним түринде экспорт ететуғын ири мәмлекетлерден бирине айландық. Өзбек пахта-тоқымашылық санаатының жаңа дәўири басланып қалмастан, қысқа мүддетте үлкен раўажланыўға бет бурды. Бүгин тараўда жумыс алып барып атырған жергиликли исбилерменлеримиз ислеп шығарып атырған өнимлер дүнья базарында биймәлел бәсекиге кирмекте.

Тараўдағы илгерилеў, жаратылған имканият ҳәм берилген жеңилликлер мени де ҳәрекетке ийтермеледи. 2018-жылы Пахтакор районында ийирилген жип ислеп шығарыўға мөлшерленген “Paxtakor Teks” ЖШЖ кәрханасына тийкар салдым. Швейцария, Япония, Түркия, Ҳиндстан мәмлекетлеринен ең соңғы маркадағы үскенелер, Швейцарияның “Uster” бренди астындағы лабораториялық қурылмалар алып келинди. Биринши ҳәм екинши басқышта жылына 8 мың тонна ийирилген жип өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылып, 735 адам жумыс пенен тәмийинленди. Үшинши ҳәм төртинши басқышларда болса улыўма баҳасы 26 миллион долларға тең тоқымашылық-бояў фабрикасы иске қосылып, 600 жаңа жумыс орны жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта кәрханада 8,1 мың тонна ийирилген жип, 7 мың тонна боялған гезлеме өнимлери ислеп шығарылмақта. Өним түрлерин жылдан-жылға кеңейтип бармақтамыз. Экспорт көлеми де артпақта. Өткен жылы баҳасы 300 миллиард сумнан аслам өним ислеп шығарылған болса, соннан 10 миллион долларлық товар сырт мәмлекетлерге экспорт етилди.

Елимизде 2017-жылдан кластер системасы енгизилгеннен соң, биз де пахта-тоқымашылық кластерин шөлкемлестириўге қарар еттик. Себеби, бул система көп тәреплеме абзаллықларға ийе болып, таяр өним ушын шийки затты да өзимиз жетистириўге имканият береди. Бүгинги күнде кластеримизге 11 200 гектар пахта егислик майданы бириктирилген. Онда 478 фермер хожалығы менен фьючерс шәртнамалары дүзилген болып, биргеликте дерлик 30 тонна пахта шийки затын жетистириўге ериспектемиз.

Ўәлаятымызда усы жылдан баслап тәжирийбе-сынақ түринде гени өзгертилген, кеселлик ҳәм зыянкеслерге және гербицидке шыдамлы сырт ел (Қытай) ғаўаша сортлары егилип, орташа өнимдарлықты 43,0 центнерге жеткериў белгиленген. Буның ушын ең алдынғы технологиялардан пайдаланылмақта. Мине, усы шекти гөзлеп мийнет етип атырмыз. Ҳәзирги ўақытта пахталар жақсы тәрбияланбақта, несип етсе, ойлаған зүрәәтликти аламыз. Бул дәраматты және де арттырады. Қалаберди, исбилерменлигимиз көп тармақлы болып, 240 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм нан цехы да халқымызға хызмет көрсетип атыр.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысы Президентлик лаўазымына кирискен дәслепки күнлеринен-ақ биз исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, еркин ҳәм нәтийжели жумыс ислеўимиз ушын зәрүр шараятларды жаратыў, қыйнап атырған мәселелеримиздиң шешилиўине жәрдемлесиў, әсиресе, жумысымызға тийкарсыз араласыўларды сапластырыўға айрықша итибар қаратып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Биринши мәрте, 2021-жылдың 20-август күни биз исбилерменлер менен ушырасып, дерлик алты сааттан аслам сөйлескени еле есимде. Онда усыныс ҳәм басламаларымызды да тыңлады. Усы сәне мәмлекетимизде "Исбилерменлер күни" деп жәрияланды. Соннан берли, бул күн елимизде ҳәр жылы кеңнен белгиленбекте.

Әсиресе, биз исбилерменлер бул сәнени асығып күтемиз. Мәмлекетимиз басшысы менен болып өтетуғын ашықтан-ашық сөйлесиўде жаңа мәселелер ортаға тасланып, жумысымызды буннан былай да раўажландыратуғын көплеген жаңа жеңилликлер бериледи. Белсенди исбилерменлерди мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медаллары менен сыйлықлаў да бизге билдирилген үлкен исеним, көрсетилген итибардың белгиси болып есапланады.

Әлбетте, бул сыйлықлар исбилерменлерге тек ғана материаллық емес, ал руўхый күш-қуўат береди. Жеке өзим де усы ўақытқа шекем мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған исбилерменлерге ҳәўес пенен қарайтуғын едим. Бүгин болса мен де олардың қатарында екенимди мақтаныш етемен. Бул мен ушын үлкен мақтаныш болыўы менен бирге, жоқары жуўапкершилик болып есапланады. Бул тән алыў мени буннан былай да алға умтылыўға, исбилерменлик тараўында жаңа жетискенликлерге ерисиў, инновациялық идеяларды турмысқа енгизиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, ўатанласларымыздың абаданлығы ҳәм мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына үлес қосыўға ийтермелейди.

Илҳомжон АБДУРАҲМОНОВ,

"Шуҳрат" медалы ийеси,

Жиззах ўәлаятындағы “Paxtakor Teks”

жуўапкершилиги шекленген жәмийети басшысы