"Жасыл өсиў" концепциясы тийкарында раўажланыўға избе-из өтиў арқалы жаңа Өзбекстанды қурыўдағы стратегиялық мақсетлерге ерисиў мүмкин.

Бүгинги унамлы демографиялық жағдай, технологиялық раўажланыў, тармақтағы структуралық өзгерислер, хызмет көрсетиў тараўы ҳәм санлы экономиканың раўажланыўы шараятында жәмийетти электр энергиясы және басқа да түрдеги таза ҳәм "жасыл" энергия менен үзликсиз тәмийинлеў мәмлекетти социаллық раўажландырыўдың ең әҳмийетли ўазыйпасына айланбақта.

Инсанияттың келешеги халық санының өсиўи ҳәм экономикалық жумыстың жеделлесиўи шараятында климат өзгериўине унамсыз тәсирди азайтыў ҳәм шекленген тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў жаңаша қатнаслар менен тығыз байланыслы екенин умытпаў керек.

Қәнигелердиң есап-санағына бола, 2050-жылға барып, климат өзгериўиниң глобал принциплери ҳәм тәбийғый ресурслардың жетиспеўшилиги барған сайын күшейип атырғаны бир неше бағдарда тийисли илажлар көриўди талап етеди. Энергетика балансында қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды көбейтиў, электр энергиясын жеткерип бериўде шығынларды азайтыў, электр энергиясын сақлаў ушын жетерли қуўатлылық жаратыў, электр транспортының үлесин арттырыў, энергия үнемлейтуғын "жасыл" қурылыс әмелиятына өтиў, турмыслық электр энергиясынан пайдаланыўдың ески усылларын қайта көрип шығыў солардың қатарына киреди.

McKensey компаниясының "2022-жыл ушын глобал энергетика перспективалары" (Global Energy Perspective 2020) есабатына бола, 2050-жылға барып глобал энергия тутыныўы 3 есеге артыўы мүмкин. Жыллық талап шама менен 3 процент өседи. Қазып алынатуғын жанылғыға тийкарланған глобал өндирис қуўатлылығы қурамын альтернатив энергия дәреклерине өзгертиў арқалы ноль дәрежели углерод шығындылары системасына өтиў тәмийинленеди.

Энергетика ғәрезсизлигин ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселеси "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды шешиў, мәмлекетимиздиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша өзине алған халықаралық миннетлемелерин орынлаў ҳәм "жасыл" экономикалық моделди қәлиплестириўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Кейинги жыллары мәмлекетимиз энергетика тараўын реформалаў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, 2016-жылдан берли өндирис қуўатлылығының көлеми ҳәм қурамында түпкиликли өзгерислер жүз берди. Бул болса мәмлекет басшысының анық нәтийжеге бағдарланған бирден-бир энергетика сиясатын қәлиплестириўге турақлы ҳәм айрықша итибарының нәтийжеси болып есапланады.

Энергетика министрлигиниң мағлыўматларына бола, бүгин Өзбекстанда 112 электр станциясы бар. Олардың 15 проценттен асламы қуяш ҳәм самал электр станциялары болып есапланады. Мәмлекетимиздеги өндирис қуўатлықларының әмелдеги көлеми 22 мың мегаваттан асты. Улыўма қуўатлықта қуяш ҳәм самал электр станцияларының үлеси күннен-күнге артып барыўы күтилмекте.

Электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлықларының қурамындағы өзгерислерге итибар қарататуғын болсақ, 2016-жылы 14 гигаваттлы қуўатлық тек ғана ЫЭС ҳәм ГЭСке туўра келген. Электр энергетикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыў ҳәм қолайлы энергия дәреклерине өтиў нәтийжесинде усы жылы электр қуўатлылығы дерлик 30 гигаваттқа жеткериледи. Соннан дерлик 25 процентин қуяш ҳәм самал электр станциялары ислеп шығарады. Жедел инвестициялық орталық ҳәм технологиялық өзгерислер нәтийжесинде 2016-2024-жылларда электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми дерлик 40 процентке артты. "Жасыл" энергетика қуўатлылығы болса жылдан-жылға өсип бармақта.

Кейинги жыллары елимиздиң барлық аймақларында жаңа қуўатлықларды қурыў ҳәм барларын модернизациялаў бойынша 80 ге шамалас инвестициялық жойбар әмелге асырылды. Нәтийжеде 54 миллиард киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 10 мың мегаваттан аслам қосымша қуўатлық иске қосылды. Қуяш ҳәм самал энергетикасын раўажландырыў бойынша 18 жойбарды әмелге асырыў себепли 2020-2024-жылларда улыўма өсиўдиң 44 проценти муғдарында қосымша өндирис қуўатлылығы қурылды.

Электр энергетикасын раўажландырыў процесинде магистраль жоқары күшлениўли электр тармақлары, киши станциялар ҳәм трансформатор пунктлерин модернизациялаў ҳәм жаңалаўға үлкен итибар қаратылмақта. 2021-2024-жылларда бул зәрүрлик ушын дерлик 10 триллион сум ажыратылды. Нәтийжеде 1300 километрден аслам жоқары күшлениўли магистраль тармақ алмастырылды, 9 жаңа подстанция иске қосылды ҳәм дерлик барлық подстанцияның қуўатлылығы арттырылды. Усы жыллары 38 мың километр орта күшлениўли бөлистириў тармақлары модернизацияланды, 170 киши станцияның қуўатлылығы арттырылды. Дерлик 12 мың трансформатор пункти орнатылды ҳәм бул мақсет ушын 5 триллион сумнан аслам қаржы қаратылды.

"Жасыл" экономиканы қәлиплестириў процесинде энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм экологиялық жүкти азайтыў үлкен әҳмийетке ийе. 2020-2025-жыллары өндирис қуўатлылығын модернизациялаў, қуяш ҳәм самал электр станцияларын иске қосыў, узатыў тармақлары ҳәм басқа да технологиялық инфраструктураны жаңалаў нәтийжесинде 7,4 миллиард куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисилди. Атмосфераға 6 миллион тонна карбонат ангидрид шығыўының алды алынды.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде электр энергиясынан пайдаланыў жедел өсип атырғаны, соның ишинде, 2016-2024-жылларда 44 процентке артқаны, ЖИӨ көлеми болса өткен жылы рекорд көрсеткиш - 115 миллиард долларға жеткенин атап өтиў керек. Әсиресе, электр энергиясы тутыныўы қурамында санаат ҳәм электр транспортының мәмлекеттиң улыўма электр энергиясы тутыныўындағы үлеси жеделлик пенен өспекте. Бул болса санаатластырыў ҳәм "жасыл" транспортқа избе-из өтиўдиң тиккелей нәтийжеси болып есапланады.

Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм инсанның климат өзгериўине унамсыз тәсирин азайтыў ушын "жасыл" қурылыс әмелиятына өтиў үлкен әҳмийетке ийе. Бул концепция қурылыстың пүткил цикли - объектлердиң дизайны, экологиялық таза қурылыс процеси, қолланылатуғын материаллардың сапасы ҳәм өзгешеликлери, энергия үнемлеўшилиги ҳәм нәтийжелилиги, пайдаланыў процесинде зыянлы шығындыларды минималластырыўға тәсир етеди.

Мағлыўматларға бола, дүнья көлеминде карбонат ангидрид шығындысының дерлик 40 проценти қурылыс секторы ҳәм имаратларды эексплуатациялаў ушын зәрүр энергия ислеп шығарыў үлесине туўра келеди. АҚШта имаратларды ысытыў ҳәм ҳаўаны турақлыластырыў ушын мәмлекетте пайдаланылатуғын энергия ресурсларының шама менен 43 проценти жумсалады. Халықаралық шөлкемлердиң есап-санақларына бола, "жасыл" қурылыс технологияларына өтиў зыянлы шығындылар муғдарын 35 процентке шекем азайтыўы мүмкин.

"Жасыл" қурылыс унамлы экологиялық нәтийже менен бир қатарда, қосымша экономикалық пайда да келтириўи мүмкин. Экспертлердиң пикиринше, "жасыл" имаратлардан пайдаланыўдың дәслепки бес жылында эксплуатация қәрежети орташа 17 процентке азаяды. Заманагөй "жасыл" қурылыс стандартларына муўапық, жаңа ямаса оңланған имаратлардың ийелери қосымша 10 процентлик капиталластырыўға ийе болады.

Сырт елли қәнигелердиң үйрениўине бола, тутыныўшылардың "жасыл" қурылыс объектлерине талабы барған сайын артып бармақта. Олардың пикиринше, 84 процент резидент ушын "жасыл" үй жақсы жасаўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады. Соның менен бирге, үй ийелериниң 64 проценти жасыл аймақта жасаў ушын көбирек ҳақы төлеўге таяр екенин билдирген. Қурылысшылардың 16 проценти болса "жасыл" қурылысты хошаметлеўдиң әҳмийетли факторы сыпатында салық жеңилликлери ямаса мәмлекетлик субсидияларды көрсеткен.

Өзбекстанда халықтың турақлы өсиўи ҳәм урбанизация процеси жеделлесиўи шараятында "жасыл" қурылыс технологияларына өтиў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе болмақта. 2024-жылы мәмлекетимизде 21,4 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 19,1 миллион квадрат метр турақ жай емес имарат қурылған. Халықтың жан басына туўра келетуғын турақ жай майданы 2020-жылдағы 16 квадрат метрден 2024-жылда 19 квадрат метрге жеткен. Турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер қурылысының және де өсиўин есапқа алған ҳалда "жасыл" қурылыс технологияларына өтиўдиң әҳмийети жылдан-жылға артып барады.

Турақ жай, коммерциялық ҳәм турмыслық тараўларда энергия нәтийжелилигин тәмийинлеў ҳәм энергия шығынларын азайтыў ушын қурылыс ҳәм реновацияда “R value” жоқары нормативлик көрсеткишлерине ийе ыссылық изоляторларынан кеңнен пайдаланыў зәрүр. Бул бар ҳәм жаңадан қурылып атырған имаратлар және турақ жай фондын мәжбүрий энергия аудитинен өткериў ҳәм “R value” алдынғы нормаларына жуўап беретуғын заманагөй ыссылық изоляция материалларынан пайдаланыў бойынша жаңа стандартларға өтиў зәрүрлигин аңлатады.

Жоқары жыллылық жеткериў қарсылығына (R value) ийе заманагөй ысытқышларды мәжбүрий қолланыўға өтиў жыллық жыллылық шығынларын азайтыўды тәмийинлейди. Буны сырт ел тәжирийбеси де тастыйықлайды. Европа Аўқамы, Канада, АҚШ ҳәм Японияда узақ ўақыттан берли “R value” бойынша қатаң нормалар, мәжбүрий энергия аудити ҳәм сертификатлаў системалары (LEED, BREEAM, Passivhaus) қолланылады. Бул стандартларға өтиў ысытыў ҳәм ҳаўаны турақластырыў ушын ыссылық шығынларын 20-35 процентке азайтып, Өзбекстанда жылына шама менен 980 миллион куб метр газ ҳәм 730 миллион киловатт саат электр энергиясын үнемлеўди тәмийинлейди. Жақын келешекте халық ҳәм үй хожалықлары санының артыўын есапқа алған ҳалда газ ҳәм электр энергиясын үнемлеў ҳәр жылы артып, кейинги 5-6 жылда улыўма бюджет нәтийжеси 12 триллион сумнан 35 триллион сумға шекем жетиўи мүмкин. Бул болса турақлы мультипликатив нәтийжени тәмийинлейди.

Турмыслық сектор газ ҳәм электр энергиясының ири тутыныўшысы болып есапланады. Соның ишинде, 2016-2024-жылларда халықтың электр энергиясынан пайдаланыўы 72 процентке көбейип, 18,6 миллиард киловатт-саатты қурады. Усы мүнәсибет пенен энергияны үнемлейтуғын турмыслық үскенелерди избе-из енгизиў, оларды қадағалаў ҳәм басқарыў ушын жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў "жасыл" экономиканы қәлиплестириўдиң әҳмийетли қурамлық бөлеги болады. Бул илажлардың мультипликатив тәсири нәтийжесинде турақлы раўажланыў тәмийинленеди. Углерод изи кемейеди ҳәм экономикалық өсиў және де хошаметленеди.

"А++" ҳәм оннан жоқары энергия нәтийжелилиги класына ийе турмыслық техникадан кеңнен пайдаланыў, мәмлекет көлеминде турмыслық индукциялық электр плиталары, электр қазан ҳәм ыссылық насосларынан пайдаланыўға өтиў менен бирге, энергия тутыныўын басқарыўды автоматластырыў ҳәм "ақыллы" үйлер концепцияларын енгизиў энергияны үнемлеў ушын үлкен имканиятлар жаратады. Бундай қатнас жасаў имаратларының ыссылық изоляциясын жақсылаў ҳәм заманагөй турмыслық техникалардан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў арқалы халықтың абаданлығын сезилерли дәрежеде тәмийинлеў имканиятын береди.

Есап-санақларға бола, имаратлардың ҳәр қыйлы конструкциялары ушын “R value” параметринен әмелде пайдаланыўға өтиў, қурылыста жергиликли ыссылық изоляциялаў материалларын қолланыў, алтернатив энергия дәреклери, коллективлик электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм топлаў қурылмалары, гелиоқурылмалар, ыссылық печьлеринен ғалаба пайдаланыў, энергия нәтийжелилиги жоқары болған турмыслық үскенелерге өтиў бағдарламасына күтилип атырған инвестициялардың көлеми 10-15 миллиард долларды, қазып алынатуғын жанылғы ушын қәрежетлер ҳәм энергия ресурсларының жумсалыўын азайтыў есабынан өзин-өзи қаплаў мүддети 7-10 жылды қурайды. Турақлы энергия тәмийнаты ҳәм энергия қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы өнимдарлықты арттырыў ҳәм турақлы экономикалық өсиў есабынан қосымша экономикалық нәтийжеге ерисиледи.

Улыўма алғанда, мәмлекеттиң энергетика тараўын реформалаў пәти, заманагөй ҳәм исенимли өндирис қуўатлықлары системасын жаратыўға инвестициялардың тартылыўы, энергетика инфраструктурасын жаңалаў бойынша көрилип атырған илажлар сезилерли нәтийже бермекте ҳәм энергетика ғәрезсизлигин тәмийинлеў тийкары болып хызмет етпекте. Соның менен бирге, экономиканың барлық тармақларында альтернатив энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыўға итибар қаратылыўы ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға комплексли қатнас Өзбекстанның "жасыл" раўажланыў принциплерине садықлығын тастыйықлайды. Энергетика тараўындағы мәмлекетлик сиясат халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, жаңа Өзбекстанды қурыў кепилликлерин тәмийинлейди.

Дурбек Ахмедов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

экономика илимлериниң докторы, профессор