Президентимиз Хийўа қаласында "Арда Хийўа" халықаралық туризм орайының салтанатлы ашылыў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде: "Биз ата-бабаларымыз қалдырған бийбаҳа илимий-руўхый мийрасты қәстерлеп сақлаў, байытыў ҳәм дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаўды өз алдымызға уллы мақсет етип қойғанбыз", деп атап өтти. Бул жаңа Өзбекстанның ағартыўшылық сиясаты жаңа басқышқа шыққанынан дәрек береди.

Бул мақсетти әмелге асырыў ушын анық ўазыйпалар да берилди. Атап айтқанда, Мамун академиясы имараты алдындағы 2 гектар бағ "Уллы ойшыллар" атамасындағы ашық аспан астындағы смарт музейге айландырылатуғын болды. Бул арқалы Хорезмде камалға келген онлаған ата-бабаларымыздың ибратлы өмир жолы, бай дөретиўшилик мийрасы интерактив усылда бир неше шет тиллерде туристлерге усынылады. Бул, әлбетте, жаслар тәрбиясында да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бул музей, онда ата-бабаларымыздың өмир жолының көрсетилиўи жасларға ибрат мектеби болады.

Ўәлаятты экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында да жүдә көплеген басламалар алға қойылды. Олардан бири, әлбетте, Хийўа қаласында "Арда Хийўа" халықаралық туризм орайының ашылыўы болды.

"Хорезмниң ҳәўес етсе арзыйтуғын және бир бийбаҳа байлығы бар. Бул оның саўлатлы тарийхый естеликлери болып есапланады. Ашық аспан астындағы қала-музей - Ичан қала комплекси улыўмаинсаныйлық ғәзийнеси сыпатында ЮНЕСКО дизимине киргизилгени де пикиримизди тастыйықлайды," деди Президентимиз усы орайдың ашылыў мәресиминде.

Усы жерде бийтәкирар шайыр Аман Матжанның "Еки қала" қосығы ядыма түсти. Онда шайыр: "Адам - Дишон қала, әрманы - Ичан!" деп жазады. Бүгин жаңа Өзбекстан әрманы мине усы Ичан қала сыяқлы кеўиллеримизге терең орнады. Ол ата-бабалардан мийрас ағартыўшылық пенен суўғарылып, әмелий ҳәрекетке айланып бармақта.

Пикиримизди IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивальының ЮНЕСКО ҳәм АЙСЕСКО сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң қәўендерлигинде өткерилгени де тастыйықлайды. Бул әнжуман қатнасыўшыларына Президентимиз жоллаған қутлықлаўда атап өтилгениндей, фестиваль быйыл ески Шығыс гәўҳары - бийтәкирар Хорезм диярында өткерилгени оған айрықша руўх ҳәм мазмун бағышлады. Бул үлкениң дәстаншылық мектеби оғада әййемги ҳәм бай тарийхқа ийе. Усы мектептиң Бала бақсы - Қурбанназар Абдуллаев, Қаландар бақсы - Рузимбой Норматов, Абдулла Қурбонназаров, Етмишбой Абдуллаев сыяқлы ел сүйген ўәкиллери ата-бабалар мийрасының бизге шекем жетип келиўине хызмет етти. Олар "Ғәрип Ашық ҳәм Шаҳсәнем", "Гөруғли", "Авазхан", "Алпамыс" ҳәм "Қырмандәли" сыяқлы халық дәстанларын жоқары сеслерде жырлады. Усы тәризде халқымыз арасында мәртлик, әдиллик ҳәм ўатансүйиўшиликти жырлады. Өйткени, елимиздиң цивилизациясында бақсышылық көркем өнери бәрқулла айрықша орын ийелеген. Ол әсирлер даўамында халқымыздың эпикалық ой-пикирин қәлиплестирген, музыкалық ҳәм фольклор дәстүрин әўладтан-әўладқа жеткерген. Негизинде ҳәр қандай миллеттиң тийкарғы тарийхы, мәденияты оның фольклоры, эпослары менен белгиленеди. Жазба дереклер қәлбекилестирилиўи, аўыздан аўызға өткен тарийхый мағлыўматлар заманға қарай өзгериўи мүмкин. Бирақ эпослардың түп-тамырындағы тийкарғы көзқараслар, қәдириятлар, ўақыя-ҳәдийселер сақланып қалады.

Усы жағынан көп қырлы, бай фольклорға ийе халықты даңқлы тарийхқа ийе деўге болады. Халқымыз әне усындай бай мәдений мийрасқа ийе екени бизди ҳақылы түрде қуўандырады. Бул қуўаныш халқымыз, әсиресе, жаслардың мақтанышына айланыўы керек. Сонда олар дәстанларымызда жырланған қаҳарманлар сыяқлы Ўатанымызға мүнәсип перзент болып камалға келеди.

Сонлықтан, жаңа Өзбекстанды қурыўда мәденият ҳәм көркем өнерге айрықша итибар қаратылып атырғаны қуўанышлы. Атап айтқанда, 2018-жыл 1-ноябрьде Президенттиң "Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилген еди. Соннан берли елимизде ҳәр еки жылда бир мәрте Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивальын өткериў дәстүрге айланды.

Усы тийкарда 2019-жылдың апрель айында Термиз қаласында I Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы болып өтти. Буннан соң оған Нөкис ҳәм Гүлистан басшылық етти. Быйыл болса Хийўада IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы жоқары дәрежеде өткерилди.

Хийўадағы фестиваль шеңберинде IV Түркий дүнья мәденияты форумы да өткерилди. Форум шеңберинде аўызеки халық дөретиўшилигин сақлаў ҳәм раўажландырыўға бағышланған халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Хийўа фестивалында бақсылар, ақынлар, музыкатаныўшылар ҳәм фольклортаныўшылар өзлериниң миллий көркем өнер үлгилерин көрсетип, түркий халықлар мәдений мийрасының бай ҳәм бийтәкирар тәреплерин дүняға көрсетти. Улыўма, әнжуман шеңберинде додаланған темалардың тийкарғы тамырында мәдений мийрасты сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў сыяқлы ийгиликли мақсетлер жәмленди. Бул болса Өзбекстанның ағартыўшылық сиясаты халықаралық дәрежеде жаңа басқышқа шығып атырғанын көрсетпекте.

Кейинги жыллары туўысқан үлкелерде шөлкемлестирилип атырған ири әнжуманлар, оларда алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламалар руўхый бирлигимизди тәмийинлеў, улыўма қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, халықларымыз арасындағы байланысларды және де беккемлеўге хызмет етип атырғанын тән алыў керек. Соның ишинде, Әзербайжанның Шуша қаласында өткерилген Биринши Түркий дүнья мәденияты форумы дослық байланысларымызды жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе болды. Мине усындай өзине тән бирге ислесиў бағдарында Өзбекстан интакер екени тән алынбақта. Атап айтқанда, елимизде мәденият ҳәм көркем өнер күнлери, жаслар ҳәм театр фестивальлары, дөретиўшилик форумлар шөлкемлескенлик пенен өткерилип атырғанын айтыў мүмкин.

Буннан тысқары, түркий тиллер ҳәм әдебиятлардың раўажланыўына бағышланған халықаралық конференцияларда елимиздиң илимпаз ҳәм дөретиўшилери белсене қатнаспақта. Мине, усы бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында "Түркий әдебият дүрданалары" деп аталған 100 томлық китаплар дүркини өзбек тилинде басып шығарылды. Оған Өзбекстан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркменстан ҳәм Венгриядан жәми 450 ден аслам классикалық ҳәм заманагөй шайыр, жазыўшы ҳәм ойшылдың шығармалары киргизилди.

Топламның "Улыўма түркий әдебият үлгилери" деп аталған дәслепки 5 томын әййемги түркий тилимизди биринши мәрте илимий тийкарда изертлеген уллы ойшыл Маҳмуд Қашғарий, Юсуф Хос Ҳожиб, Аҳмад Югнакий, Аҳмад Яссаўий, Сулайман Бақырғаний ҳәм Насриддин Рабғузий шығармалары қураған болса, "Өзбек әдебияты үлгилери" деп аталған томлардан Әлийшер Наўайыдан баслап ҳәзирги күнге шекем қәлем тербетип атырған өзбек әдебияты ғайраткерлериниң шығармалары орын алған.

Түркий дүняның сиясат, илим, медицина, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларында үлкен жетискенликлерге ерискен ғайраткерлерин хошаметлеў мақсетинде уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық шөлкемлестирилгени де мәдений турмысымызда әҳмийетли ўақыя болды.

Және бир әҳмийетли тәрепи: жақын арада Өзбекстан Түркий мәденият ҳәм мийрас қорына толық ағза болып киреди. Ҳәзир бул бағдарда әмелий жумыслар алып барылмақта. Бул материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, илимий изертлеў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўда жаңа шеклерди ашатуғынына гүман жоқ.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде инсан мәденияты ҳәм руўхыйлығына, әсиресе, жаслардың санасына түрли қәўиплер күшейип бармақта. Бул процесс ақыбетинде тийкарғы көркем өнердиң орнын "ғалабалық мәденият", керек болса, мәдениятсыз "мәденият" ийелеп атырған орынлар да бар екенлиги ашынарлы, әлбетте. Әне усындай бир жағдайда классикалық көркем өнерди, халық дөретиўшилигиниң бийбаҳа үлгилерин қәстерлеп сақлаў, оларды келешек әўладларға зыянсыз жеткериў оғада әҳмийетли мәселе. IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы да тек ғана халық дөретиўшилигиниң бийбаҳа дүрданаларын сахнаға алып шыққан емес, ал жас әўладты миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, бақсышылық мектебин жаңа басқышқа көтериў жолында әҳмийетли қәдем болды.

Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, дүнья цивилизациясы ҳәм мәдениятына бийбаҳа үлес қосқан, Шығыс гәўҳары Хорезм дүньяға белгили илимпазлардың, сәркарда ҳәм султанлардың, әзиз данышпанлардың, бийтәкирар шайыр ҳәм жыршылардың ўатаны болып есапланады. Мине усындай үлке бүгин мәмлекетимиздиң илим ҳәм ағартыўшылық ошағына айланып атырғаны қуўанышлы жағдай. Себеби, алдынғы еки Ренессансқа ата-бабаларымыз илим ҳәм ағартыўшылықты еки қанат сыпатында көриў арқалы ерискен. Ағартыўшылықсыз илим наданлыққа баслаўы аңсат. Усы мәнисте бүгин жаңа Өзбекстанның ағартыўшылық сиясатын таллағанлар Үшинши Ренессансқа қарай исенимли баратырғанымызды атап өтпекте. Демек, мәмлекетимиздиң "Ичан қала"сы жоқарылап бармақта.

 

Озодбек Назарбеков,

Өзбекстан мәденият министри