"Жаңа Өзбекстандағы реформалар" деген сөзди еситкенимде ерксиз көз алдыма Арал теңизиниң қурыған ултанында көкке бой созған жасыл қаплама келеди. Бул жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый жасыл әжайыбаты!
Арал теңизиниң қурыған ултанына өмир қайтты. Оны жаңа дәўирдиң жедел ҳәм избе-из жаңаланыўлары қайтарды. Халқымыз суў – тиришилик, дейди. Бул бийкарлап болмайтуғын ҳақыйқат. Шын мәнисиндеги халықшыл жаңаланыўлар да суў сыяқлы инсанларға, ҳәттеки тәбиятқа да жаңа өмир бағышлайды екен. Буны мәмлекетимиздеги өзгерислер мысалында көрип турмыз. Пикиримди илимий тийкардағы фактлер менен билдирсем. Суўдың муз, пуў сыяқлы формалары бар екенлиги мектеп сабақлығында үйретиледи. Ал мен оның жасыл келбети де бар деп билемен. Яғный жасыл әлем өз әтирапында суў топлайды. Жердеги ығаллықты узақ ўақыт сақлайды. Пуўланыў есабынан жаўын-шашынға унамлы тәсир етеди. Бундай илимий тийкарланған фактлерди көпшилик жақсы биледи. Тап сол сыяқлы, ҳақыйқый реформалар формасы жағынан бир-биринен парықланыўы мүмкин. Бирақ оның нәтийжеси биреў — халықтың абаданлығына хызмет етип, арзыў-нийетлерине жол ашады.
Жаңа Өзбекстанда экологияны сақлаў, оны келешек әўладқа зыянсыз жеткериў бағдарындағы жумыслар буның айқын дәлили болып есапланады. Қуўанышлы тәрепи, Аралбойы аймағынан басланған экологиялық реформалар бүгин халықаралық дәрежеде тән алынып, избе-из даўам етпекте.
Усы жерде Президентимиздиң Анталия қаласында болып өткен БМШтың Климат өзгериўи бойынша Рамкалы конвенциясы тәреплери конференциясының 31-сессиясы (COP31) шеңберинде Дүнья жетекшилери саммитиниң жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзин еске алыў зәрүр. Мәмлекетимиз жетекшиси бул рет те оғада әҳмийетли басламаларды алға қойды. Олардың бағдары ҳәм избе-излигин талқыласаңыз, жүдә үлкен турмыслық ҳақыйқатларды ашасыз. Олар бир-бирин толықтыратуғын ҳәм бүгинги күнимиз ушын әҳмийетли бағдарлар екенин аңлайсыз.
Атап айтқанда, биринши орынға мәлимлеме бағдары қойылды. Онда Жәҳән метеорология шөлкеминиң жәрдеминде климат қәўип-қәтерлери ҳаққында мағлыўмат алмасыў инфраструктурасын жаратыў зәрүр екенлиги айтылды. Көрип турмыз, ҳәзирги глобал өзгерислер дәўиринде ескише усылларда ислеп болмайды. Экологиялық қәўип-қәтерлерди ерте анықлаў, оларды шешиўдиң узақ ҳәм жақын келешектеги жойбарлары ушын оператив мәлимлеме анализи зәрүр. Бунда бир мәмлекет ямаса регионның өзи барлық исти шеше алмайды. Жеримиз бир, оның климаты да бирден-бир система. Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысының әсте-ақырын жүзеге келетуғын тәбийғый апачылықларды мониторинг етиў бойынша көрсеткишлер ҳәм оларға тийкарланған қоспа механизмлерди қәлиплестириў бағдарындағы басламасы үлкен әҳмийетке ийе. Яғный ҳәр бир мәмлекет экологиялық мәлимлеме бериўде ашық болып, таллаўларды биргеликте қәлиплестириў керек. Буның ушын болса улыўма информация майданына зәрүрлик сезиледи. Мәмлекетимиз басшысы мине усы майданды жаратыў басламасын алға қойды. Өз орнында мәлимлемелер, таллаўлар әмелий жумыслар арқалы ғана нәтийжели болады. Кейинги басламалар мине усы бослықты толтырыўға хызмет етеди.
Президентимиздиң технологиялық бағдардағы басламасы Өзбекстандағы экологиялық реформалардың халықаралық дәрежеде даўам ететуғынын және бир мәрте дәлилледи. Атап өтилгениндей, ҳәр жылы Орайлық Азияның "Eco Expo" көргизбеси өткерилмекте. Онда бәрқулла алдынғы тәжирийбе, перспективалы инновациялар усыныс етилмекте. Бул көргизбени өзине тән халықаралық илимий кеңес деп атаў мүмкин. Яғный, ол үлкен потенциалға ийе қәнигелерди бир майданда жәмлейди. Енди бул көргизбени регионымызға сай заманагөй экологиялық шешимлер беретуғын турақлы инвестиция ҳәм технологиялар майданына айландырыў мақсет етилмекте. Мине усының өзи-ақ экологиялық мәселелер ушын оғада үлкен шешимлерди беретуғын баслама болды. Себеби, жағдайды таллаў, мәселени күн тәртибине шығарыў биринши мәселе болса, заманагөй технологиялар арқалы оларға шешим бериў болса әҳмийетли нәтийже болып есапланады.
Өзбекстан жетекшисиниң және бир басламасы финанслық бағдарды қамтып алды. Әйне мәселе шынжыр ҳалқасындай бир-бирине байланыслы басламалардың әҳмийетли буўыны. Яғный Орайлық Азия жергиликли шараятлар ҳәм талаплар есапқа алынатуғын турақлы қаржы дәреклерине мүтәжлик сезеди. Бул бағдарда раўажланыў банклери ҳәм мақсетли қорлар менен биргеликте Орайлық Азия ушын жаңа жәрдем қуралларын ислеп шығыў усыныс етилмекте. Олар ҳәр қыйлы жеңиллетилген грантлар, "көк" ҳәм "арид" қаржыландырыў механизмлери көринисинде болады. Региондағы бир экологиялық мәселе пүткил дүнья жүзи ҳаўа-райына тәсир етиўи ҳақыйқат. Усындай жағдайда мәмлекетимиз басшысы дүнья жәмийечилигине экологиялық мәселелерди биргеликте шешиўдиң анық механизмлерин көрсетип берди.
Халқымызда сөз ҳәм әмел бирлиги деген түсиник бар. Яғный инсан өзи әмел етип атырған ислерге шақырық пенен шықса, басқалар оған ықлас пенен жуўап береди. Усы мәнисте, Өзбекстан жетекшиси алға қойған бул басламалар халықаралық климат дипломатиясында қызғын қабыл етилди. Себеби бүгин мәмлекетимизде тәбиятты қорғаў бағдарында әмелий жумыслар әмелге асырылмақта. Санаат, өндирис қаншелли жедел өсип атырған болса, оның артынан келетуғын экологиялық мәселелер де шешимин берип барылмақта. Мине бир факт: мәмлекетимизде жалпы ишки өним бирлигине туўра келетуғын газ шығындыларын 35 процентке қысқартыў бағдарындағы мақсет мүддетинен алдын орынланды. Сондай-ақ, 2035-жылға барып зыянлы шығындыларды 50 процентке азайтыў бойынша жаңа шек белгиленди. Улыўма экологиялық мәселелер избе-из түрде илимий тийкар арқалы шешилмекте. Буны жасыл әжайыбат — Аралдың қурыған ултанында шөлкемлестирилип атырған тоғайлар мысалында да көриў мүмкин.
Усы жерде Аралдың қурыўына байланыслы машқаланың мәниси ҳаққында қысқаша тоқтап өтсек. Арал теңизиниң қурыған ултаны 6 миллион гектарға шамалас майданды ийелейди. Бул майданнан ҳәр жылы ҳаўаға 150 миллион тоннаға шамалас дуз ҳәм қум көтериледи. Олар булт пенен араласып, 1000 километрге шекем узаққа кетип, дузлы жаўын ҳәм қар көринисинде жаўады. Мине усы арқалы жердиң деградациясы, өнимдарлықтың төменлеўине себеп болады. Адамлар дем алатуғын майда дузлы шаң менен тойинган ҳаўа болса түрли кеселликлерди келтирип шығарады. Усы факттиң өзи-ақ Арал теңизиниң турмысымызда қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин көрсетеди. Биз узақ жыллар даўамында бул мәселе ҳаққында жар салдық. Бирақ әмелий жумыслар дерлик орынланбады. Мәселеге илимий-турмыслық шешим көрсетилмеди.
Жаңа Өзбекстандағы реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ Президентимиз бул мәселеге айрықша итибар қаратты. Бул итибар тез өз нәтийжесин бере баслады. Бул нәтийжелиликтиң бир неше себеби бар. Бәринен бурын, мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл ноябрьде Қарақалпақстанға сапары шеңберинде Мойнақ районына да барған еди. Бул сапар етиў халқымыздың кеўлинде исеним оятты. Себеби Аралбойы халқының дәрти ҳәм тәшўишлерине қулақ түрилди. Аймақтың раўажланыўы ушын үлкен жойбарлар басланды. Сол ўақытта бир ҳақыйқатты аңлағанман: мәмлекетимиз жетекшиси тек ғана аймақтағы жағдайдан хабардар емес, ал бар мәселелерге ақылға уғрас шешимлер де алып келген екен. Сапар шеңберинде илимпаз ҳәм қәнигелер менен ушырасыў болып өтти. Онда теңиздиң қурыған түбиндеги унамсыз тәсирди азайтыў бойынша пикир алысылды. Жуўмағында теңиз орнында жасыл қаплама — қорғаў тоғайларын жаратыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилген еди. Бул жумыслардың нәтийже беретуғынына биз — қәнигелер исенгенбиз. Сонлықтан, бундай имканият ҳәм итибардан қуўанышлы болдық. Себеби бул бағдарда илимий қолланбаларымыз бар еди. Жаңа баслама шеңберинде қолланбалар және де пуқта көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысының көрсетпелери менен климатқа ҳәм аймаққа және де бейимлестирилди. Бирақ тараўдан узақта болған адамларда гүман туўылыўы, қумда жасыл өним өсиўине исенимсизлик болыўы да тәбийғый еди. Жумыстың көлеми, қызығыўы мине усындай гүманларға да жүдә тез тыйым салды.
Кешегидей есимде: сол жылдың декабринен баслап елимиз бойлап жаңа ҳәрекет басланды. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларының ўәкиллери, Айрықша жағдайлар ҳәм Аўыл хожалығы министрликлери системасы және тоғай хызметкерлери қыстың 25-30 градус суўығына қарамастан, әмелий жумысларға киристи. Мине, усы процессте халқымыз бирлессе, қандай күшке ийе болатуғынын көрдик. Орынлап атырған жумысынан заўық алып атырған адам шаршаў ҳәм тосқынлықларға итибар бермейди екен. Өйткени, қыйыншылықларға қарамастан, ҳеш кимниң түнерип жүргенин көргенимиз жоқ!
Аўа, қыйын болды. Жасаў шараяты жақсы емес еди. Әлбетте, бизлер тек теңиз түбиндеги вагоншада ғана түнейтуғын едик. Жумыс ўақтында болса ызғырық өзине тартатуғын еди. Мине, усы сынақларға қарамастан, ҳеш ким ҳеш қашан "маған қыйын болып атыр", деп налынбады. Ойпатлықтан ямаса оазистен келген ҳәмелдарлар "Аралдан мың шақырым қашықлықта турман, маған не дәркар?" демеди. Ҳәтте қатты суўық себепли көпшилик наўқас болып, жоқары қәнигели медициналық жәрдем алып атырған ўақытларда да жүзлеринде өз жумысы, өз тәғдирине разылық, разылық көринетуғын еди.
Енди орынланған жумыслардың көлемин көз алдыңызға келтирсениз, буның артындағы машақатлы мийнетти сезесиз. Атап айтқанда, Арал теңизи ултанының суўы қурыған аймақларында жасыл қапламалар, қорғаў тоғайларын жаратыў мақсетинде дәслеп 2018-жыл гүз-қысы ҳәм 2019-жыл бәҳәринде 1125 мың гектар майданда жер таярлаў жумыслары орынланды. Арал теңизиниң суўы қурыған ултанындағы жәми 461 мың гектар майданда фитомелиорация жумыслары орынланды. Соның ишинде, туқымнан 445,5 мың гектарда тоғай жаратыў ушын туқым егилип, нәл егилди. Соннан 326,2 мың гектарға самолёт, 119,4 мың гектарға болса техника жәрдеминде туқым себилди. Буннан тысқары, 15,3 мың гектарға нәл егилди. Усы тәризде ҳәр жылы гүз ҳәм бәҳәр мәўсиминде егиў жумыслары даўам еттирилди. Жумысшы күшлер ҳәм техникалар тартылды.
Мине, усы жумыслардың салмағын көз алдымызға келтириў ушын бир салыстырыў келтирейик. Айтылғанындай, пута ҳәм терек туқымлары техникалар жәрдеминде де себилди. Буның ушын жүдә үлкен техникалар кәрўаны алып келинди. Мойнаққа, оннан ары өтип, Аралдың қурыған ултанына барғанлар сол жерге шекем тракторларды алып барыўдың өзи қаншелли азап екенин жақсы биледи. Топырақ ҳәм қумлы жолдың азабын тартып көрип ғана буған баҳа бериў мүмкин. Және бир тәрепи: 15,3 мың гектар майданға нәл егилди. Бул шама менен стандарт өлшемдеги 21 мың 428 футбол майданы дегени. Және бир салыстырыў: 500 гектар жери бар фермер ең ири хожалық басшысы. Бул жерде гәп 30 ири фермер хожалығының аймағына тең жер ҳаққында бармақта. Бул Аралдың қурыған ултанына салыстырғанда киши көриниўи мүмкин, бирақ орынланатуғын жумыслар көлемине қарағанда үлкен майдан есапланады. Яғный қысқа мүддетте мине усындай ири, логистикалық имканиятлары оғада шекленген майданға нәл егиў аңсат болғаны жоқ.
Усы жылы Арал теңизиниң қурыған ултанындағы 115 мың гектар майданда жасыл қаплама – қорғаў тоғайларын жаратыў нәзерде тутылған. Өткен жылларда қурылған жасыл қапламалардың айырым жерлеринде өнип шығыў төмен болған жағдайлар да бақланған. Аралдың қурыған ултанындағы климат, тәбият ынжықлықларын есапқа алсақ, бул — күтилген жағдай. Ендиги ўазыйпамыз — мине усындай орынлардан 100 мың гектарда қорғаў тоғайларын толық қәлиплестириў. Бул тоғай-мелиорация илажларына 730 техника ҳәм механизм, атап айтқанда, 2 самолёт ажыратылған. Сондай-ақ, 622 жумысшы-хызметкер тартылды. Тапсырманы орынлаў ушын 690,2 тонна туқым жыйналған. Туқымларды жыйнаўда да илимий тийкарланған шешимлер берилмекте. Яғный қайсы жерлерге сексеўил, қайсы жерлерге қарабарақ жақсы өсиўи есапқа алынған. Буның ушын қәнигелер тәжирийбе майданларын шөлкемлестирип, ҳәр бир терек, пута туқымын сынақтан өткерип келмекте. Усы есап-санақлар тийкарында 81,2 тонна сексеўил, 609 тонна қарабарақ туқымы жыйналды. Белгиленген аймақтың 116 мың 500 гектарына авиация жәрдеминде жасыл қаплама ушын туқым себилди. Буннан тысқары, өнимдарлығы төмен болған 115 мың 30 гектарда жумыслар орынланды. Соның ишинде, 2896 гектарға нәл, 112 мың 134 гектарға болса туқым себилди.
Әҳмийетлиси, 2018-2026-жыллары Арал теңизиниң суўы қурыған ултанындағы жәми 2 миллион 96 мың 900 гектар майданда фитомелиорация жумыслары орынланды. Бул жумыслар ушын шөл өсимликлериниң 8564,2 тонна туқымы таярланды. Булар арасында сексеўил, қарабарақ, қандим, черкез ҳәм шөл жайлаўы өсимликлериниң туқымы бар.
Улыўма алғанда, 2018-жылдан ҳәзирги күнге шекем Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам қорғаў тоғайы жаратылды. Өткен жылларда Аралға жаңа өмир бағышлаўға қаратылған жумыслар улыўма халықлық ҳәрекетке айланды. Онда Айрықша жағдайлар министрлиги, аўыл ҳәм тоғай хожалығы хызметкерлери менен бирге, жаслар, нуранийлар, зыялылар, бир сөз бенен айтқанда, пүткил халқымыз белсене қатнасты. Нәтийжеде аймақта алдын тез-тез бақланатуғын қум-шаң бораны кескин азайды. Ҳаўа қурамындағы майда қум бөлекшелериниң муғдары болса 70-75 процент қысқарды. Қулласы, ҳәзир Арал теңизи ашық аспан астындағы илимий лабораторияға, жаңа илимий-әмелий идеялар ҳәм қолланбалар жаратылатуғын инновациялық аймаққа айланып бармақта.
Усы жыл 6-июль күни Президентимиз шөлистанлыққа қарсы гүресиў ҳәм шөл экономикасын раўажландырыў, сондай-ақ, қалаларда "жасыл қала" принциплерин енгизиў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты. Сонда "шөл экономикасы" деген пикир алға қойылды. Яғный шөлден қандай да бир дивидентлерге ийе болыўымыз, бир нәрсе алыўымыз керек. Бул бағдарда бизлер де өзимиздиң жойбарларымызды ислеп шықтық. Ағаш пенен қапланған ҳәм қуўраған жер адамға пайда келтириўи зәрүр. Буны қалай әмелге асырыў мүмкин? Жайлаўлар жаратыў арқалы. Жайлаўлар пайда етиў ушын болса, тәбийий, нәлшелер, азықлық өсимликлер — черкез, қарабарақ, қандим сыяқлы жайлаў өсимликлери болыўы керек. Тилекке қарсы, Өзбекстанда азықлық өсимликлердиң туқым нәлин жетистириў мүмкин болған нәлхана жоқ. Бул көп себеплерге байланыслы. Демек, тийисли жер, суў ҳәм қәнигелер керек.
Тоғай хожалығы арнаўлы техникалық билимлерди талап етеди. Оларды институтларда алыў мүмкин. Айырым жағдайларда тоғай хожалығын тараўдан узақ адамлар басқарып атырғанын көремиз. Бундай жағдайда нәтийжелилик кеўилдегидей болмайды. Барлық тараўдың перспективасын қәнигелер белгилеп береди. Мәмлекетимиздеги реформалардың нәтийжелилиги сыры да сонда — ҳәмме өз жумысын ислеп атыр ямаса соған жол ашылып атыр.
Соның ишинде, Президентимиз 14 жасыл техникум шөлкемлестириў ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Усы ҳүжжет тийкарында Қарақалпақстанның Елликқала районында усындай техникум шөлкемлестирилген. Ол жерде тоғай хожалығы қәнигелери, соның ишинде, техникалық тоғайшылар, маман жумысшылар таярланады. Яғный Аралбойы өз қәнигелери менен тәмийинленеди.
Биз жүдә үлкен майданда жайлаўлар жаратыўды нийет еткенбиз. Оның биринши басқышы әллеқашан орынланды. Яғный теңиздиң қурыған ултанын қатар нәллер менен беккемледик: ҳәр бир қатар 10 метрге тең. Ҳәзир қатар араларына азықлық өсимлик нәллерин егип атырмыз. Олар келеси жылы туқым береди ҳәм самал тәсиринде әтирапқа жайылады. Өз-өзинен өнип шыға баслайды. 5-6 жылда, көби менен 7 жылда 500-600 мың гектар жерде жайлаў жаратамыз, деп ойлайман.
Ҳәзирги ўақытта бул жүдә әҳмийетли мәселе. Президентимиздиң "Жаңа Өзбекстанның "жасыл" раўажланыў жолы" китабының 329-бетинде "Шөл от-жем өсимликлери туқым нәллерин жетистириў бойынша аймақлық орай шөлкемлестириў...", деген сөзлер жазылған. Президентимиздиң 2026-жыл 25-марттағы "Жасыл мәкан улыўма миллий жойбарының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында "Азықлық өсимликлер туқымгершилигин жетистириў бойынша регионаллық орай шөлкемлестириў зәрүр", деп көрсетилген. Бундай орайды Хожели тоғай хожалығында шөлкемлестириў режелестирилген. Дәслеп ол регионаллық орай болады. Еки-үш жылдан кейин халықаралық орайға айланады.
Жақында Монголияға барып келдим. Монголиялы қәнигелер де бул жумысларда қатнасыў тилегин билдирди. Бул өзбек-қазақ-монғол орайы болады. Пүткил Қарақалпақстанды азықлық өсимликлер нәллери менен тәмийинлеймиз, артығын қоңсылас республикаларға сатамыз. Буның ушын бизде барлық тийкарлар, илимий усыныслар бар.
Екиншиден, Мойнақтан баслап Қазақстанның Казалинск қаласына шекем илимий тийкарда экотуризм раўажландырылады. Яғный туристлер 30-40 километр аралықты басып өтеди. Оларды тоғайшы алым күтип алады. Тоғай хожалығы ҳаққында барлық мағлыўматты айтып береди. Олар дем алатуғын, шубат ишип, күш топлайтуғын отаў болады. Оннан арман өтсең, ол жерде топырақтаныўшы, бул жерде биолог ушырасады. Усы тәризде экотуризмниң жаңа бағдары шөлкемлестириледи.
Бул экстремал экотуризм болады. Туристлер атта, түйеде, квадросиклде илимий-ағартыўшылық изертлеўлер өткереди. Ҳәзир биз Қарақалпақстанда халықаралық жаслар экологиялық орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы режени ислеп шықпақтамыз. Бул жерде ҳәр қыйлы мәмлекетлерден жас илимпазлар келип, шөлистанлыққа қарсы гүресиўдеги усыл ҳәм технологияларымызды үйренеди. Илимий излениўлер алып барады, илимий жумыслар жазады. Яғный Қарақалпақстан илимий орайға айланады. Бул жерде халықаралық климатты қорғаў ушын әҳмийетли басламалар туўылып, пүткил дүньяға қулаш жаяды. Аўа, алдын сырт елге барып, олардың тәжирийбесин үйренген болсақ, енди олар бизге келип тәжирийбе арттырады. Бул әлле қашан турмыста өз көринисин таба баслады. Қазақстаннан үш делегация келип тәжирийбемизди үйренди. Буннан тысқары, Германиядан да студентлер келди.
Усы жерде бир тарийхый ўақыяны еске алғым келеди. Бир неше жыл алдын Дубайда болып өткен COP-28 илажларында ерискен жетискенликлеримиз ҳаққында баянат жасадым. Қубла Кореядан келген Нобель сыйлығының лауреаты шығып сөйлеп, былай деди: "Өзбекстанлылар — қаҳарман халық! Олар суўсыз, ширинди жоқ, топырағы төмен жерде усындай тоғай жарата алды. Ол жерде ҳайўанат та, өсимлик те бар. Бул халық Нобель сыйлығына мүнәсип!".
Жаңа Өзбекстандағы реформалардың бундай тән алыныўы бизди және де күшли, күшли болыўға шақырады. Усы умтылыс пенен жаңа жойбарларды әмелге асырамыз. Оған билимимиз де, тәжирийбемиз де, потенциалымыз да жетерли. Айтпақшыман, бул Өз жеримиз, Өз ўатанымыз! Оның тәғдири ушын келешек әўладлар алдында жуўапкермиз. Балаларға не қалдырамыз? Мынаў шорлы қум барханларын ба? Жоқ! Биз оларға жасыл мәмлекетти қалдырып кетемиз!
Онда адамлар кеўилли, бахытлы жасайды. Басқа мәмлекетлердеги адамлар Өзбекстандай гөззал мәмлекетте жасап атырғанымызға ҳәўес етеди. Соның ушын биз ҳәзир Өз жумысымызды, ўазыйпамызды Өз садықлығымыз бенен атқарып атырмыз.
Зиновий НОВИЦКИЙ,
Аралдың қурыған ултанын тоғайластырыў бағдарламасының басшысы, аўыл хожалығы илимлериниң докторы, академик