Жәҳән банки Өзбекстанға электр тармақларын модернизациялаў ушын 100 млн доллар ажыратады

    17 мамыр 2025 557

    Қаржылар қайта тиклениўши энергия дәреклерин бөлистириў тармақларына интеграциялаў ҳәм электр энергиясы тәмийнатының исенимлилигин арттырыўға бағдарланады.

    Жәҳән банки Өзбекстанға 100 миллион доллар жеңиллетилген кредит ажыратыўды мақуллады.

    Жәҳән банкиниң хабарына бола, қаржылар қайта тиклениўши энергия дәреклерин бөлистириў тармақларына интеграциялаў ҳәм электр энергиясы тәмийнатының исенимлилигин арттырыўға қаратылады.

    "Аймақлық электр тармақлары" (АЭТ) кәрханасы да бул бағдарламаны әмелге асырыў ушын қаржы ажыратады - 50 миллион доллар.

    Усы тәризде келеси бес жыл ишинде бөлистириў инфраструктурасын раўажландырыўға 150 миллион доллар инвестиция киргизиледи. Бул тийкарғы аймақлар, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятын исенимли электр энергиясы менен тәмийинлеўге хызмет етиўи күтилмекте.

    Жойбардың тийкарғы жумысы төмендегилерден ибарат:

    6000 км төмен күшлениўли электр узатыў линияларын қурыў ҳәм модернизациялаў;

    улыўма қуўатлылығы 250 мегавольт-ампер болған 1200 бөлистириўши трансформаторды алмастырыў ҳәм орнатыў;

    АЭТ тармақларында коммерциялық электр шығынларын азайтыўға жәрдем беретуғын 150 мың "ақыллы" есаплағышларды жалғаў;

    бөлистириўши тармақларды автоматластырыў ҳәм санластырыўды тәмийинлеў ушын 4000 мағлыўматлар концентраторын орнатыў.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates