Жәҳән чемпионатында дзюдошы қызымыз күшли бесликтен орын алды

    Спорт 16 маусым 2025 927

    Венгрия пайтахты Будапешт қаласында 93 мәмлекеттен 550 ден аслам дзюдошылардың қатнасыўында өтип атырған жәҳән чемпионатының артта қалған үшинши күнинде сайланды командамыз ағзасы Шукуржон Аминова өз салмақ категориясында дүньяның 5 ең күшли дзюдошыларының бири атына миясар болды.

    Жерлесимиз сайлап алыў беллесиўлерин табыслы өткерди. Франция ҳәм Венгрия сайланды командасы ағзаларын жеңген Аминова ярым финал босағасында түркменстанлы Майса Пардаеваға аз есапта имканиятты қолдан берди.

    Бул нәтийже Аминованы қола медалы ушын гүреске, Пардаеваның алтын медаль жолындағы ҳәрекетин даўам еттириўге алып келди.

    Шукуржон Аминова бронза медалы ушын беллесиўде финляндиялы Пиха Салоненди қосымша минутларда жеңип шығып, франциялы Сара-Леони Сизикка қарсы гүрес алып барыў ҳуқықына ийе болды.

    "Токио-2020" ҳәм "Париж-2024" Олимпиадасының жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийеси, жәҳән ҳәм Европа чемпионатларында бир неше мәрте минберге көтерилген 26 жаслы Сара-Леониге 22 жаслы Шукуржон Аминова теңдей гүреслер астындағы беллесиўдиң қосымша минутларында жеңилип қалып, 5-орын менен шекленди.

    Бул нәтийже арқалы Халықаралық дзюдо федерациясы рейтинги ушын 720 балл топлаған Шукуржон Аминова өз салмағында дүньяның ең күшли 10 дзюдошыларының бирине айланды.

    Бүгин, 16-июль күни жәҳән чемпионатының төртинши күнинде ҳаял-қызлар арасында -63, ер адамлар арасында болса -81 килограмм салмақ категориясында беллесиўлер өткерилип, жас дзюдошыларымыз Маржона Нуруллоева ҳәм Арслонбек Тожиев Венгрия татамиларында шеберлигин көрсетеди.

    Төртинши күн жарыслары босағасында Япония 3 алтын медаль менен жетекшилик етип атырған болса, Франция, Италия ҳәм Грузия сайланды командаларының есабында 1 алтын медаль бар.

    Жәҳән чемпионатының жеке беллесиўлери 19-июнь күни жуўмақланса, 16 миллий сайланды команда қатнасыўындағы командалық беллесиўлер 20-июнь күни шөлкемлестириледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates