- Өзбекстан көп жыллардан берли уран ислеп шығарыў бойынша жетекши мәмлекетлерден бири болып есапланады. Жәҳәндеги барлық резервлердиң шама менен 4 проценти республика үлесине туўра келеди, жылына 3,5 мың тоннадан аслам радиоактив металл қазып алынады.
Мәмлекетимиз ири ислеп шығарыўшылар қатарынан беккем орын ийелейди ҳәм глобал жанылғы айланысында исенимли шерик болып қалмақта. Бундай әҳмийетли санаат тәжирийбеси тараўды раўажландырыўда жаңа басқышқа тийкар болмақта.
Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекет өзиниң атом генерациясын жаратыўға өтпекте. Бул көп тәреплеме бағдар. "Росатом" менен биргеликтеги жойбарда мәмлекетимиз тарийхында биринши атом электр станциясын қурыў нәзерде тутылған. Бир аймақта 2 қуўатлы (1000 МВт) ҳәм 2 киши (55 МВт) реактор қурылады.
Бундай қатнас бир ўақыттың өзинде 2,1 ГВт базалық генерация ҳәм өзгермели қуўатлылықларды тәмийинлейди. 525 гектар майданды ийелейтуғын станция 2035-жылға барып жылына 15 миллиард киловатт-сааттан аслам электр энергиясын ислеп шығарады. Бул жойбар энергетиканы диверсификациялаў стратегиясының бир бөлеги болады.
2030-жылға барып Өзбекстанда таза энергияның үлеси 40 проценттен артыўы керек ҳәм АЭС бул мақсетке ерисиўге үлес қосады. Соның менен бирге, қайта тиклениўши дәреклер бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.
Үлкен ҳәм киши блокларды бир майданда бирлестириў тараўдың турақлылығын күшейтип, интеграцияны аңсатластырады. Үлкен блоклар тийкарғы генерацияны тәмийинлейди, киши блоклар ең жоқары жүклемелерди қаплайды, қуяш ҳәм самал станцияларының турақсыз жумысын теңлестиреди.
АЭС тек ғана жасыл энергия дәреги емес, ал системаны жаратыўшы объект сыпатында да жумыс алып барады.
Айрықша бағдар - кадрлар таярлаў. Бул система мектептен баслап жоқары ҳәм оннан кейинги билимлендириўди қамтып алады. МИФИ филиалы таяныш билимлендириў мәкемеси есапланып, ол жерде 2030-жылға шекем 300 ден аслам қәниге таярланады. Москвада МИФИ да студентлеримиз магистратура бағдарламасы бойынша оқыйды.
Өзбекстанның Жиззақ ўәлаятында қурылатуғын АЭС тек ғана қосымша генерация емес, ал регионды узақ мүддетли санаатластырыў болып есапланады. Қурылыс процесинде 12 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады, пайдаланыў басланыўы менен 2 мыңнан аслам маман қәнигелер жумыс пенен тәмийинленеди. "Ақыллы қала" концепциясы шеңберинде "Атомшылар қалашасы" қурылады.
Бул жойбар ўәлаятқа үлкен инвестициялар тартылыўын тәмийинлеп, инфраструктураны раўажландырыўға түртки болады. Биз халықаралық бирге ислесиў ушын ашықпыз. МАГАТЭ буны мақуллап, қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Бул жойбар тек ғана энергетика ғәрезсизлиги жолындағы қәдем емес, ал Россия Федерациясы менен стратегиялық шериклик үлгиси, деп исеним менен айтыў мүмкин.
Атом электр станциясы Өзбекстанның жаңа санаатласыўының тымсалы, энергетиканы модернизациялаўдың ҳәрекетлендириўши күши ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң беккем тийкары болады, - деди өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Ж.Хўжаев.


