Сыртқы ислер министрлигиниң мағлыўматына бола, сөйлесиўлер ўақтында мийнет миграциясы ҳәм Өзбекстан пуқаралары ушын виза тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери додаланды.
Күн тәртибиндеги тийкарғы темалар Қубла Корея мийнет базары ушын жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў, сондай-ақ, қоспа оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм жумысқа кетиўден алдын таярлық ушын жаңа билимлендириў басламаларын жаратыў мәселелери болды.
Виза талапларын әпиўайыластырыў, соның ишинде, өзбекстанлы мәўсимлик жумысшылар ушын қолайлы имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер Корея Республикасында мийнет етип атырған Өзбекстан пуқаралары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде бул бағдардағы жумысларды даўам еттириўге келисип алды.








