31 Mar 2025
08:33

    Жас футболшылар беллести

    Нөкис Олимпия хам Паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы стадионында футбол бойынша «Үмит нәлшелери – 2025» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

    Оған усы жарыстың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған жас футболшылар қатнасты.

    Жас өспирим футболшыларымыздың талантын жүзеге шығарыў ҳәм олардың ойын шеберликлерин арттырыўға хызмет еткен беллесиўлер жуўмағында, Қараөзек районы командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың Өзбекстан Республикасы басқышы жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

    Ал, Нөкис ҳәм Мойнақ районлары командалары сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге еристи.

    Жарыс жуўмағында, жеңимпаз командалар арнаўлы диплом, медаль ҳәм кубоклар менен сыйлықланды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech