Жас исбилерменлер ҳәм стартаперлер ушын жаңа имканиятлар есиги ашылмақта

    29 шілде 2025 6272

    Нөкис қаласындағы Жаслар орайының мәжилислер залында жас исбилерменлер ҳәм стартап идеясына ийе жаслар ушын әҳмийетли ушырасыў болып өтти. Бул илажда ҳәр қыйлы тараўларда өз бизнес идеясына ийе жаслар, стартаперлер ҳәм қәнигелер қатнасты.

    Ушырасыўдың тийкарғы темалары төмендегилерден ибарат болды:

    C1 сертификатына ийе болған жаслар ушын ссудалар ажыратылыўы – шет тиллерин билиў дәрежесин тастыйықлаўшы C1 сертификатына ийе жаслар ушын бизнес тараўында ссудалар ажыратылыўы режелестирилген. Әсиресе, шетки районларда шет тили бойынша оқыў орайларын ашыў ушын арнаўлы жеңиллетилген финанслық жәрдем бериледи.

    Жаслар ҳәм стартаперлер арасында пикир алмасыў – илажда қатнасқанлар өз идеялары бойынша додалаўлар өткерди, тәжирийбе алмасылды ҳәм қәнигелерден мәсләҳәтлер алды. Бул процессте бизнес идеяларды қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылатуғын грантлар ҳәм кредит линиялары ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.

    Жаңа жаслар қорының шөлкемлестирилиўи – жаслардың басламалары ҳәм бизнес идеяларын қаржыландырыў мақсетинде жаңа арнаўлы фонд шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Бул арқалы ҳәр бир жас өз стартапын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыны алыў имканиятына ийе болады.

    Стартап идеяларына инвестиция – Жаслар ислери агентлиги тәрепинен келешекте перспективалы стартапларға инвестиция киргизиў әмелияты жолға қойылады. Бул арқалы жойбарларды әмелге асырыўда мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў және де сезилерли болады.

    Бул семинар шеңберинде қатнасыўшылар бизнес реже дүзиў, инвестиция тартыў, грантлар ҳәм жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў механизмлери ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болды.

    Еслетип өтемиз, 2025-жыл 14-февраль күни Президентимиз тәрепинен жаслар менен өткерилген сөйлесиўде де усындай басламалар алға қойылған еди. Онда жасларға финанслық жәрдем көрсетиў, билим ҳәм кәсип ийелеўде шараятлар жаратыў, олардың бизнес идеяларын қоллап-қуўатлаў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген.

    Азизбек Дабылов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates