Олардың арасында үш айлық дем алыста бос ўақытларын нәтийжели өткерген жас өнерментлер, художниклер, IТ қәнигелери өзлери таңлаған бағдар бойынша терең билим алыўға кириседи. Бурын билимлендириў тараўында тек еки жол бар еди - бала ең жақсы билимлендириў дәргайларында оқыўы ямаса ата-анасы таңлаған дәраматлы кәсипти баслаў мәселеси. Ашығын айтқанда, көп жаслар өзи қызықпаған ямаса қәлемеген тараўларда оқып, жумыс таба алмай басқа жумысты баслап кеткен жағдайлар да бақланған.
Бүгин жаслар өзи қәлеген кәсип-өнер таңлаўына айрықша итибар қаратылмақта. Билимлендириў процесинде жүзеге шықпаған талантларын көрсетиўге көплеген имканиятлар жаратылмақта. Мысал ушын, кейинги жети жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўине ажыратылатуғын қаржы 7 есеге арттырылды. Усы жылы бул мақсетлер ушын 60 триллион сум қаратылды. Усы қысқа дәўирде мектеплерде 1 миллионға шамалас, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 1,5 миллионға шамалас жаңа орынлар жаратылды. Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў үш есеге арттырылып, ҳәзирги ўақытта 78 процентке жетти. Бул көрсеткишлер мәмлекетимизде жас әўладтың сапалы билим алыўы ушын жаратылған үлкен имканият болып есапланады.
Мәмлекетимизде жас әўладтың заманагөй мәлимлеме технологияларынан қандай пайдаланыўына айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Жасырыўдың қәжети жоқ, ҳәзир жаслар күнине орташа 8 саатқа шекем ўақытын телефон ҳәм социаллық тармақларда өткермекте. Усы ўақыт даўамында қанша китап оқыў ямаса бир өнермент, устаға шәкирт болып, алдын ала өз келешеги ушын қаржы топлаўы да мүмкин. Тилекке қарсы, көпшилик жаслар интернеттен пайдаланыў мәдениятына ийе емес. Олар көрип атырған мәлимлемелер ҳәм видеокөринислер қандай да бир кәсип-өнер ийелеў түўе, саламат пикир жүргизиўге де тосқынлық етпекте. Бул бағдарда мектеп директорлары ҳәм муғаллимлерге жәрдем бериў мақсетинде билимлендириўде "Әҳмийетли 90 күн" жойбары ислеп шығылды. Жазғы дем алыстың ең жақсы басламасы сыпатында басланған жойбар тек ғана ўақыт өткериў ушын емес, ал жаслардың алдына анық мақсетлер қойып умтылыўы ҳәм оны әмелге асырыў ушын жаратылған имканият болып есапланады. Елимиз бойлап ең жақсы қәнигелер, билимли муғаллимлер, өнерментлер ҳәм дөретиўшилер жаслардың жаңа билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы ушын еркин түрде үзликсиз шынығыўлар алып барды.
Президентимиздиң "Бир китап оқыйтуғын бала, он телевизор көретуғын баланы ертип кетеди", деген пикирлери усы жойбар себепли және бир мәрте өз тастыйығын тапты. Себеби бүгин барлық тараўларда заманагөй, алдынғы технологиялардан хабардар, шет тиллерди билетуғын қәнигелерге талап жоқары. Дүньяның абырайлы университетлеринде билим алып атырған жасларымыз халықаралық майданда мүнәсип бәсекилесе алатуғын кадрлар сыпатында камалға келиўи ушын билимлендириў тараўындағы бундай жойбарлардың әҳмийети шексиз.
"Әҳмийетли 90 күн" шеңберинде мәдений-әдебий кешелер, илимий-әмелий семинарлар, социаллық жойбарлар ҳәм жаслар ушын руўхый илажлар шөлкемлестирилмекте. Мәселен, "Карьера күни", "Жазғы кәсиплер" сыяқлы жойбарлар арқалы жаслар түрли аймақлардың тарийхый ҳәм мәдений мийрасы менен таныспақта. Жаңа кәсип ҳәм тараўлар ҳаққында тиккелей мағлыўмат алыў имканиятына ийе болды. Сондай-ақ, китапқумарлық, поэзия ҳәм ағартыўшылық кешелерин шөлкемлестирди. Театр труппалары, эксперименталь студиялар дүзип, сахна шығармаларын көрсетти.
Өзимнен бир мысал, университетимиз китапханасына барып, бир китапты сорадым, басқа студентлер алған екен. Әдетте жазда барлық студентлер үйлерине кеткени ушын дерлик барлық китапларды табыў мүмкин еди. Қызығып және 5 китапты сорасам, оларды да алыпты. Өзим қәлеген китапларды таппағанымнан қапа болмадым. Керисинше, жасларымыз кимдур буйырмаса да китап оқып атырғанынан, оқығанында да таңлап китап оқып атырғанынан қуўандым.
Демек, жасларымыз ўақтында әмелге асырылып атырған бундай басламалардан оқытыўшылардың мийнети зая болмай атыр екен. Әйне IТ тараўында билим алған жасларымыз усы қысқа дәўирде өз бетинше жойбарлар жеңип алып, дәраматлы дөретиўшилик жумысларға киристи. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин, жаздың ең ыссы күнлеринде муғаллимлер ағартыўшылық жолында пидайылық көрсетти. Бағдарлама даўамында педагог ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын барлық шараятлар жаратылды. Олар жаслар менен бирге түрли илажларда қатнасып, өз билим ҳәм тәжирийбелерин бөлисти. Бул устаз-шәкирт арасында жаңаша қарым-қатнас ҳәм нәтийжели бирге ислесиў орталығын жаратып атырғанына исендик.
"Әҳмийетли 90 күн" тек ғана жазғы дем алыс жойбары емес, ол жаслардың жеке ҳәм кәсиплик раўажланыўы ушын әҳмийетли платформаға айланатуғыны сөзсиз. Мәмлекеттиң келешеги болған бүгинги жасларға қаратылған ҳәр бир баслама миллий раўажланыўымыз ушын тийкарғы инвестиция болып есапланады. Бул бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар жасларды ҳәр тәреплеме жетик шахс етип тәрбиялаўға хызмет етеди.
Гулноза Жураева,
филология илимлериниң докторы, профессор