Бул қарама-қарсылық жәҳән шахмат тажы ушын ең жас ойын сыпатында тарийхқа
киреди: жарыс басланған ўақытта еки қатнасыўшы да 20 жаста болады.
Бул ойынды Женевада өткериў ҳаққындағы қарар Халықаралық шахмат
федерациясы (ФИДЕ) тәрепинен турнирди өткериўден мәпдар болған бир қатар
мәмлекетлер, соның ишинде, Ҳиндстан, АҚШ ҳәм Кипрдиң усынысларынан кейин қабыл
етилди.
ФИДЕ президенти ўазыйпасын атқарыўшы Вишванатан Ананд Женеваны
халықаралық бирге ислесиўдиң бай тарийхына ҳәм ҳәр қыйлы мәдениятларды
бирлестириў дәстүрине ийе қала сыпатында таңлағанын атап өтти.
Биз дүнья шахмат
жәмийетшилигиниң Швейцариядағы ушырасыўын интизарлық пенен күтпектемиз.
Ықласбентлер ең жоқары дәрежедеги шахматты жанлы тамаша етиўи мүмкин, пүткил
дүнья бойлап миллионлаған ықласбентлер болса ойынды онлайн бақлайды", -
деди ол.
Швейцария шахмат
федерациясы президенти Андре Вёгтлин жәҳән чемпионатының өткерилиўи
мәмлекетимиз шахматы ушын әҳмийетли ўақыя болатуғынын атап өтти.
"Бриссагодан
22 жыл өтип, жәҳән дәрежесиндеги жарыс Швейцарияға қайтпақта. Бул тек ғана
үлкен мақтаныш емес, ал шахматтың ғалабалығын арттырыў ҳәм жаңа ойыншыларды
тартыў ушын теңсиз имканият", - деп атап өтти ол.
Ойыншылардың
ойынға барыў жолы
Гукеш Доммаражу
2024-жылдың декабрь айында Сингапурда қолға киргизген жәҳән чемпионлық атағын
қорғайды. Ҳиндстанлы гроссмейстер 18 жасында 14-шешиўши классикалық ойында
Қытай ўәкили Дин Лиженди жеңип, шахмат бойынша 18-жәҳән чемпионы, сондай-ақ,
тарийхтағы ең жас шахматшы болды.
Жавоҳир Синдаров
2026-жылы Кипрде болып өткен ФИДЕ талабанлар турниринде жеңиске ерискеннен соң,
жәҳән шахмат тажы ушын гүрес алып барыў ҳуқықына ийе болды. Өзбекстанлы
гроссмейстер жарыс жуўмағына бир тур қалғанда жеңисти қолға киргизип,
мүддетинен алдын биринши орынды ийеледи. Бул жетискенлик оның 2025-жылғы ФИДЕ
жәҳән кубогындағы жеңисинен кейинги және бир үлкен жетискенлиги болды.
Женевадағы ойын
жәҳән шахмат спортының бас сыйлығы ушын гүресетуғын жаңа әўлад шахматшыларының
еки ўәкилиниң қарсыласыўы болып табылады.
Жарыстың форматы
Ойын 14
классикалық партиядан ибарат болады. Биринши болып 7,5 упай топлаған шахматшы
жеңимпаз болады. Егер барлық ойынлар жуўмақланғаннан кейин есап тең болса,
чемпионлық ийеси қосымша ойынлар - тай-брейклерде анықланады.