Қарақалпақстанлы жас исбилермен, "Биогумус" фермер хожалығының басшысы Шерзод Ниёзимбетовты тек ғана Нөкисте емес, ал пүткил Өзбекстанда жақсы биледи. Ол 2018-жылдан берли органикалық помидор жетистирип, қуяшта кептирип, қадақлап, Италия, Франция, Израилға экспорт етип келмекте. Еки жүзге шамалас жумыс орнын жаратқан бул кәрхана 2022-жылы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен "Жылдың ең жақсы start-up жойбары" номинациясына ийе болған еди.
"Биогумус" фермер хожалығы "Қуяшта кептирилген экологиялық таза органикалық помидорлар таярлаў ҳәм экспортын кеңейтиў" жойбарын табыслы әмелге асырып келмекте. Жойбар ушын 320 миллион сум қаратылған болып, 2022-жылы өндиристи кеңейтиў мақсетинде 5,7 миллиард сум инвестиция тартылды. Нәтийжеде 300 тонна сыйымлы заманагөй музлатқышлы қоймахана ҳәм қадақлаў үскенелери орнатылды.
Негизинде Нөкис районы Нөкис қаласы халқын мийўе-овош пенен тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген. Бүгин районның бағман ҳәм дийқанлары бул ўазыйпаны орынлап, жетистирилген өнимлерин сырт елге де экспорт етпекте.
Райондағы “Qudekov Jadiger” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қаўын ҳәм ғарбыз жетистириў бойынша алдынғы хожалықлардан бири. Быйыл хожалық 10 гектар майданда қаўын ҳәм ғарбыз жетистирип, жоқары зүрәәтлиликке еристи. Район фермерлери базарға бириншилерден болып өним шығарды. Олардың мийнети нәтийжесинде зүрәәттиң 100 тоннасы Қазақстанға экспорт етилди. Бул тек ғана хожалықтың емес, ал пүткил Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўына қосқан үлеси болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта атызларда өним жыйымы қызғын даўам етпекте. Бул хожалық тек ғана қаўын ҳәм ғарбыз бенен шекленип қалмаған. Атап айтқанда, 13 гектарда алма ҳәм алмурт, 7 гектарда жүзим жетистирилмекте. Бул мийўелер де ҳәр жылы Қазақстан ҳәм Россияға экспорт етиледи. Бул олардың өнимлери сапалы ҳәм халықаралық базарда бәсекиге шыдамлы екенин көрсетеди.
Райондағы Тақыркөл аўылында жайласқан "Диана Мардана" фермер хожалығы 2005-жылы Амангүл Алламбергенова тәрепинен шөлкемлестирилген. Бул хожалықтың 10 гектары бағ етилген, бийдай ҳәм палыз егинлери жетистириледи. Пиллекешлерге жәрдемлесиў мақсетинде 3 гектар тутзарлық шөлкемлестирилген. Қаўын болса Қазақстанға экспорт етиледи. Хожалықта 15 адам турақлы, және 10-15 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.
Нөкис районындағы Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспесиниң атызларында салыны тамшылатып суўғарыў бойынша инновациялық жойбар әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде 5 гектар майданда салыны тамшылатып суўғарыў Израиль ҳәм Германияның алдынғы технологиялары тийкарында тәжирийбе сыпатында сынақтан өткерилмекте.
Жойбар нәтийжесинде суўды үнемлейтуғын технологиялар тийкарында салы жетистириў бойынша қолланбалар таярланып, келешекте тәжирийбе майданы кеңейтиледи. Жойбар Қарақалпақстанда салы жетистириўде жаңа технологиялар енгизилип, суўдан ақылға уғрас пайдаланыўға хызмет етеди.
"Атыздан - дастурханға" принципи әмелде
Аманбай Ражабов жәзийрама ыссыны да писент етпей, агротехникалық илажларды избе-излик пенен сапалы орынлап киятырған тәжирийбели дийқанлардан. Әсиресе, шилле киргеннен кейин, агротехникалық жумыслар өз ўақтында сапалы орынланбаса, гөзленген мақсетке ерисиў қыйын. Соның ушын тәжирийбели дийқан температура жүдә жоқары болған ўақытларда да атыз жумысларын кейинге қалдырып, "күнниң ыссысы пәсейсин", демейди.
- 2024-жылды аўыл хожалығының барлық бағдарлары бойынша табыслы жуўмақладық. Фермер хожалығымызға тийисли жер 26 ижарашы-дийқанға бөлип берилген, - дейди Әмиўдәря районының "Хызр ели" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы "Ражабов Аманбай" фермер хожалығының баслығы Аманбай Ражабов. - Быйыл ерте бәҳәрде 40 гектарға "Султан" сортлы тез писер шигит егилген еди. Ҳәзирги ўақытта пахта зүрәәтке кирди. Хожалық ижарашы-дийқанларының өз-ара аўызбиршилиги, агротехникалық илажларды аўызбиршиликте әмелге асырыўы нәтийжесинде ғаўаша жақсы раўажланды. Температура ең жоқары болған күнлери хожалық жумысшылары атыз жумысларын азанғы ҳәм кешки салқын ҳаўада орынлады. Бул өнимди сақлап қалыў ушын жүдә әҳмийетли. Егер суў берилмесе, гүл төгиле баслайды. Ыссы ўақытта суўғарылса, қарықларда суў узақ ўақыт турып қалады. Ақыбетинде суў ысып, зүрәәтти набыт етеди. Ҳәзирги күнлерде болса жабайы шөплерден тазаланып, шилле суўына қандырып суўғарылған ҳәм тәмийинленген атызларда ғаўашаның қатар араларына ислеў бериў, шырпыў жумыслары орынланбақта.
Фермер хожалығында пахтадан тысқары 10 гектар майданға бийдай да егилди. Хожалық ғәллекешлери быйылғы дийқаншылық жылында ғәлледен берекетли қырман көтерип, 62 тоннадан аслам жоқары сортлы қырмызы дән жыйнап алды. Зүрәәттиң белгили бир бөлеги ижарашы-дийқан ҳәм жумысшыларға берилди. Хожалықта пахта ҳәм ғәлледен тысқары дәнли егинлер егиўге де айрықша итибар қаратылған.
- Ҳәзирги ўақытта 3,5 гектар майдандағы гүнжи мол зүрәәттен дәрек бермекте. Буннан тысқары, 2 гектарда ғарбыз, 1,5 гектарда қаўын тәрбияланбақта, - дейди О.Ражабов. - Жумысты "Атыздан - дастурханға" принципи тийкарында шөлкемлестиргенбиз. Жетистирилген палыз өнимлери ҳәр қашанғыдай өтимли. Ҳәзирги ўақытта ғарбыз-қаўын атызларында писип жетилген зүрәәтти ишки базарда сатып, халқымыз дастурханының молшылығына үлес қосып атырмыз.
Жерге меҳир берген инсан берекет табады. Қарақалпақстанда мийнети себепли халқымыз дастурханына пайыз-берекет бағышлап атырған дийқанлар көп.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы