Атап айтқанда, жекпе-жек беллесиўлерде Самира Шокирова алтын медальды қолға киргизген болса, командалық жарыста Гүлистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова, Наргиза Жақсыбаева ҳәм Самира Шокировадан ибарат командамыз да барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Командалық беллесиўлерде қызларымыз шерек финалда Германия, ярым финалда Италия, финалда Венгрия сайланды командалары қылышпазларын жеңип шығыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.









