Олар да тынышлықта жасап, жумыс ислеп, шаңарағының қушағында шийрин перзентлердиң камалын көриўди әрман ететуғын еди. Буған ҳақылы да еди.

Оларға нан тислетип, узатып салған ата-ана, туўған-туўысқан, сүйикли ярына "көрискенше," деп хошласты. Бирақ бабамыз Әлийшер Наўайы ҳәзиретлери айтқанындай:

"Хазан әскерине, әй бағман, емес тосық.

Бул бағдың үстине егер ийнеден тикен қылғыл."

Фашизм "жаўыз жәллад" болып шықты. Олар өмир бағы гүллерин сарғайған жапыраққа айландырды. Олар халқымыз тыныш, ашық аспан астында жасасын, деп урысты. Усы тәризде урыс майданына еки миллионға шамалас өзбекстанлы кирди. Олардың 500 мыңнан асламы қайтыс болды.

Бул апатшылық бирде-бир үйди шетлеп өтпеди. Биз XX әсирдиң 40-жылларында сол үйлерде жасаған адамлардың ақлық, шаўлықларымыз. Демек, урыс ҳеш биримизди шетлеп өтпеген. Ата-бабаларымыздың мине, усы урыстағы қаҳарманлықлары, аўыр сынақлы жыллардағы машақатлы өмир жолы бизге үлги болып есапланады. Олардан үлги алыўымыз зәрүр екенлиги Президентимиздиң "Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм мүнәсип белгилеў ҳаққында"ғы қарарында да айрықша атап өтилген.

 

Не ушын урыс болды?

 

Екинши жер жүзилик урыстан мақсет ресурсларды ийелеў еди. Бул ҳаққында Гитлер суўық қанлылық пенен "Биз халықты қырып таслаўдың нәтийжели жолларын ислеп шығыўымыз керек. "Халықты қырып таслаў" дегенде мен пүткил расаларды жоқ етиўди түсинемен ҳәм нийетим - буны әмелге асырыў. Жумысым сол. Тәбият аяўсыз. Демек, бизлер де бул исте мийримсиз болыўымызға туўра келеди. Урыста немис миллетиниң қаны төгилгенине зәрре өкинбейтуғын болсам, бул маған паразитлер сыяқлы тынымсыз көбейип атырған миллионлаған төмен расалы адамларды жоқ етиў ҳуқықын береди," деген еди.

Фашизмниң бас идеологи Геббельс оны идеологиялық жақтан қоллап-қуўатлап: "Бул урыс таж-тахт ушын емес. Бул урыс дән, нан ушын. Азанғы аўқат, түслик ҳәм кешки аўқатымызда столымыздың толып турыўы ушын. Бул урыс шийки зат, каучук, темир ҳәм рудалар ушын исленеди," дейди.

Бул дәлиллер фашистлер өз нийетинде жәннетмәкан Өзбекстанның жер асты, жер үсти ресурсларын, бағ-бақшаларын да жаўыз режелерине киргизгенин түсиниўге жеткиликли. Демек, 1941-жылы Өзбекстанның темурий жигитлери тийкарынан совет дүзиминиң емес, өз ўатаны - Өзбекстанды қорғаў ушын саўашқа кирген.

 

Шырақтай уллар ҳәм Тумарис қызларының мәртлиги

 

Урыстың соңғы күнлери Рейхстаг үстине жеңис байрағын тиккенлер қатарында өзбекстанлылар да бар еди. Брест қаласы дийўалында ҳәзир де сақланып турған "Өлмекшимен, бирақ тәслим болмайман, Хош бол, ўатаным" деген жазыўда олардың да аты бар.

Өзбеклердиң мәртлиги фронтларда үлги болган. Олардан бири - Аман Умаров душпанды Смоленск, Киев, Одесса, Севастополдан қысып шығарыўда қатнасты. Оның командирлигиндеги отряд душпанның Одесса жанындағы аэродромына ҳүжим етип, 16 самолёт ҳәм 30 автомашинасын истен шығарады.

353-таў оқшылар полки жаўынгери Қошқар Турдиев болса 1941-жылдың 25-октябрь күни жолдаслары менен разведкаға барады. Күшли атыспадан соң барлық жолдаслары набыт болады. Ол бир өзи душпан дзотаы онлаған немис солдат ҳәм офицери менен қайтарады. Оның үстине, бир неше душпанды тутқынға алып келип, фронт сәркардасының аяғының астына таслайды. Оған қаҳарман атағы бериледи.

Өзбеклер ерк-ықрары ҳәм шебер мергенлиги менен де даңққа ерискен. Бул, әсиресе, Москва босағасындағы қырғынларда айқын көринди. Әйне, усы саўашта душпанның тумсығынан қәҳәрли, шойын муш тийди. Гитлердин жасын тезлигиндеги урыс режеси иске аспады. Бул саўаш урыста үлкен бурылыс жасады. Онда Ишоқов, Абубеков, Юсупов, Мадаминов сыяқлы өзбек мергенлериниң үлеси үлкен болды. 1 мың 753 өзбекстанлы "Москваны қорғаны ушын" медалы менен сыйлықланғаны пикиримизди дәлиллейди. Бул факт өзбеклердиң ерк-ықрарын, душпанга жек көриўшилик, ўатанға муҳаббатының жаўынгерлигин көрсететуғын еди.

Өзбектиң мәрт қызлары жаўынгер досларына үлги болды. Урыс басланғанда институтта оқып атырған Зебо Ғаниева "Мени фронтқа жибериўиңизди сорайман," деп арза берди. Ол қысқа ҳәм тез таярлықтан кейин разведка ҳәм мерген болып саўашқа атланды. Оның аты, саўаштағы мәртлиги, көрсеткен қаҳарманлықлары тарийх бетлеринде жоқары ҳүрмет пенен еске алынады.

 

9 өзбек 300 душпанды қалай жеңди?

 

Волгоград қаласы әтирапында "Шығыстың 11 қаҳарманы" деп аталатуғын төбелик бар. Урыстан алдын бул жер Перелазовск хуторы деп аталатуғын еди. Өзбеклердиң мәртлиги бул жердиң атын өзгертип жиберди. Немислер 128-гвардияшы Түркстан таў оқшы дивизиясы атын еситкенде, қорқып кететуғын еди. Себеби дивизияда өзбеклер көп еди! Бир мысал. Взвод командири, ўатанласымыз киши лейтенант М.Кабировқа Перелазовск хуторын ийелеп, душпанды жоқ етиў ўазыйпасы тапсырылады. Қырық жаўынгер тегисликтен өрмелеп өтип, аяўсыз саўаш ҳәм жоғалтыўлардан кейин төбени ийелейди. Олардан 11 адам, соннан 9 өзбек жигити тири қалады. Мине, усы 9 темурий өзбек душпаннын 300 әскерине шидам берди. Төбеликти 12 күн қолында услап турды. Душпан қашты. Үлкен саўаштың тәғдирин шешкен өмир-өлим гүресинде 11 адамнан тек А.Ердонов ҳәм М.Кабиров тири қалады. Перелазовск аўылының "Шығыстың 11 қаҳарманы" деп аталыўының себеби сонда.

Екинши жер жүзилик урыс болып өткен аймақларда өзбеклердиң аты менен аталған орынлар көп. Солардан бири - Шукуровка. Ферганалы Ахмеджан Шукуров Курск әтирапында душпанның 110 солдат ҳәм офицерин қырып таслап, 15 ин тутқынга алган. Оған саўашта көрсеткен ерлиги ушын қаҳарман атағы бериледи. Сол себепли урсс болган Золотарёвка аўылы ҳәзир де Шукуровка деп аталады.

Партизан отрядының разведкашысы Мамадали Топиболдиевти беларуслар терең ҳүрмет пенен еслейди. Ол жеке өзи душпанның көплеген солдат ҳәм офицерин жоқ етип, 180 ин тутқынға алган еди. Өзбек халқының баҳадыр улы беларус халқының азатлық тымсалына айланды. Писарево аўылының адамлары оның ҳүрметине бул жерди Топиболдийевка деп атайтуғын болды.

Сталинград саўашында офицер Мамасоли Жабборов командирлигиндеги мотоатқыш рота душпанның 400 ден артық солдат ҳәм офицерин жоқ етип, еки жүзден асламын тутқынға алды, көплеген қурал-жарақларды қолга киргизди. Мерген Ҳайит Хожаматов болса душпанның онлаган солдат ҳәм офицерин жерге көмди.

 

Бабаларымыз - және Европаның қутқарыўшысы

 

Французлар уллы сәркарда Амир Темурға алтын ескерткиш қурып, "Европаның қутқарыўшысына" деп жазып қойган. Арадан 500 жыл өтип, темурийлер Европа мәмлекетлерин фашизмнен екинши мәрте қутқарыўда мәртлик көрсетти. Францияны азат етиўде Абдулла Раҳматов, Сорибой Шомуродов, Раҳмон Раҳимов, Насиб Амиров сыяқлы өзбек уллары қатнасты. Саўашларда көрсеткен қаҳарманлықлары ушын Ҳошимжон Исмоилов ҳәм Тожибой Зиёев Францияның "Жанна д‘Арк" ордени менен сыйлықланған. Турғун Қўчқоров ҳәм Аҳмад Мамажонов Италияның Каррару қаласын азат етиўде қатнасты.

Урыстың соңғы күнлери Рейхстаг гүмбезине жеңис байрағын тиккенлер арасында ўатанласымыз Каримжон Исоқовтың күшли қолларын көремиз. Қулласы, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңисте өзбеклер шешиўши соққылары, мәртлиги менен таң қалдырып, ҳүрметке еристи. Бул олардың қанында аққан Әмир Темурдей уллы әскербасының қаны бар екенлигинен дәрек береди. Демек, бүгин де усы қайнап турған қан тамырларымызда ағып атыр. Миллий армиямыз қатарында көзлери жанып, исенимли қәдем таслап баратырған жаўынгер, дәў тулғалы әскерлеримизде де ата-бабалардың қаны бар. Еслеў ҳәм қәдирлеў күни оларға Екинши жер жүзилик урыста бул қан қандай көпиргенин еслетип турады. Бир өзбектиң жүзлеген фашистти жеңгенин факт ҳәм санлар менен ядына мәңги мөрлейди. Бул болса бәршемизге олардың атын ядлап, қәстерлеп жасаўдың парызымыз екенлигинен дәрек береди. Демек, бул күн жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда муқаддес, мәңги дәрек болып есапланады.

 

Муҳаммад ҚУРАНОВ,

педагогика илимлериниң докторы, профессор