Әлбетте, ҳәр қандай ийгиликли мақсет ҳәм идеялардың тырнағы, түп тийкары болады. Бүгин Өзбекстан жәҳән сахнасында өз сөзин бәлент даўыс пенен айтып атырғаны, дүньяның ири мәмлекетлериниң басшылары, сиясатшылары ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери тән алып атырғаны мәмлекетимиз басшысының қатаң сиясий ерк-ықрары ҳәм жетекшилик пазыйлетиниң көриниси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Шавкат Мирзиёев президент сыпатында жумыс баслаған ўақтында-ақ мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларын сын көзқарастан көрип шығып, реал жағдайды есапқа алған ҳалда түпкиликли реформалаў басламасын алға қойған еди. Өткен жыллар даўамында мәмлекетимизди социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық жақтан раўажландырыў бағдарындағы машақатлы ҳәм марапатлы жол басып өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде былай деди: "Соңғы жыллары Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке қысқартыўға еристик. Оған, бәринен бурын, билимлендириў ҳәм илим тараўын өзгертиў, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларын қурыў, "жасыл" энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларын жаратыў арқалы ериспектемиз".

Сиясатшы ҳәм әмелиятшы сыпатындағы бақлаўларымның дәлили, Өзбекстан бүгин өз қабығына оралып қалған, қайсыдур мәмлекетлердиң тар мәплери ямаса сиясий амбицияларына сүйенип ис тутатуғын мәмлекет емес. Мәмлекеттиң халқымыздың исенимине ерискен, узақты көре алатуғын дана сиясатшысы, дүнья тән алған жетекшиси бар. Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШ минберинде алға қойған көплеген әҳмийетли басламалары ҳәм АҚШта өткерген ушырасыўлары да пикиримизди анық тастыйықлайды. Өзбекстанда Жәҳән профессионал билимлендириў саммитин ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық раўажланыўы мәселелерине бағышланған халықаралық форумды өткериў, Азия ҳаял-қызлар форумын турақлы платформаға айландырыў, санаатта "жасыл" технологиялар регионаллық хабын жаратыў, "Жәҳән жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекети"н шөлкемлестириў ҳәм оның резиденциясын Өзбекстанда жайластырыў сыяқлы басламалар усылардың қатарына киреди.

Жигирма жылдан аслам республика жаслар шөлкемлеринде жуўапкер лаўазымларда ислеген инсан сыпатында мени, әсиресе, дүнья жигит-қызларының тынышлық жолындағы умтылысларын бирлестириў идеясы қуўандырды. Өйткени, Өзбекстанда соңғы жыллары жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат бойынша үлкен жумыслар исленди. Атап айтқанда, Жаслар ислери агентлиги ҳәм "Жаслар - келешегимиз" қоры шөлкемлестирилди. "Жаслар дәптери" енгизилди. Соңғы 7-8 жылда жасларымыздың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы 9 проценттен 42 процентке жетти. Ашығын айтқанда, бул бағдарда исленген жумысларды санап таўысыў қыйын.

Және бир әҳмийетли тәрепи, 2017-жылдың 30-июнь күни елимиз жасларының ядында мисли көрилмеген күн сыпатында мәңги мөрленип қалады. Усы күни мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте мәмлекетимиз басшысы мыңлаған жаслар менен тиккелей сөйлесип, бул сәнени елимизде Жаслар күни сыпатында белгилеў усынысын алға қойған еди. Жаслардың дәрт-тәшўишлери, арзыў-нийетлери, мақсет ҳәм режелерин залда турып тиккелей тыңлады. Узаққа мөлшерленген жаслар бағдарламасын баян етти.

Президент ҳәм жаслар сөйлесиўи соннан берли мәмлекетимизде дәстүрге айланды. Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан жаслар менен ислесиў бағдарында дүньяда басқаларға үлги болатуғын үлкен тәжирийбе топлады. Усы мәнисте бундай басламаның алға қойылыўы оғада орынлы.

Әпиўайы бир өзбек перзенти сыпатында мақтанышыма мақтаныш қосқан, кеўлиме мақтаныш бағышлаған ўақыя, әлбетте, Президентимиздиң ана тилимизде шығып сөйлеген сөзи болды. Биз минберде тек ғана үлкен сиясатшы ҳәм басшыны емес, ал халқын, миллетин, ана тилин сүйетуғын үлкен жүрек ийесин де көрдик.

Мәмлекетимиз жетекшисиниң бул позициясы, әлбетте, өзбек тилиниң халықаралық дәрежедеги статусын көтериўге үлкен үлес қосты, Өзбекстанның халықаралық қатнасықларда өз ҳаўазы ҳәм орнына ийе екенин және бир мәрте көрсетти.

Қаҳраман ҚУРАНБАЕВ,

сиясий илимлер докторы, профессор