Атап өтилиўинше, мәмлекетимиз басшысының "Өзбекстан Республикасының 2023-2025-жылларға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы 2022-жыл 28-декабрьдеги қарарына тийкарланып Сырдәрья ыссылық электр станциясында 220 кВ лы ҳаўа линиясын ҳәм 220 кВ лы "Зафарабад" санлы подстанциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў белгиленген еди. Бүгинги күнге келип қуўатлылығы 500 Мегаватт болған бул инвестициялық жойбардың қурылысы жуўмақланды.
Бул жойбар Азия раўажланыў банкиниң кредит қаржылары есабынан қаржыландырылған болып, бул санлы подстанцияны қурыў жойбары Фориш районының "Егизбулақ" МПЖ аймағында алып барылды. Подстанцияны қурыўда болса бас жумысты бөлип алып ислеўши сыпатында Қытайдың “Shanghai Electric Group”, линия тартыўда болса “Syncro” компаниялары тартылды.
- Подстанцияның қурылыс жойбары ушын 60 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы өзлестирилди, ҳәзирги ўақытта шанхайлы инженерлер менен подстанция үскенелери ҳәм тийкарғы басқарыў серверлерин жергиликли жумысшыларға үйретиў процесслери алып барылмақта, - дейди "Өзбекстан миллий электр тармақлары" АЖ Жиззақ магистраль электр тармақларының басшысы Ғайрат Аҳмедов.
Қурылыс жойбарына бола, бул подстанцияға 280 км узынлықтағы 220 кВ ҳаўа линиясы Сырдәрья ыссылық электр станциясынан тартылады. Оның ушын бул линия Сырдәрья ўәлаятының Ширин ҳәм Янгиер қалалары, Ховос районынан өтип, Жиззақ ўәлаятының Замин, Пахтакор, Шараф Рашидов, Зарбдор ҳәм Фориш районлары аймақларын байланыстырады.