Қысқасы, YouTube бетиндеги подкастлардан биринде айтылыўынша, социаллық тармақлар арқалы үгит-нәсиятланып атырған идеал турмыс, идеал инсан ҳаққындағы жалған түсиниклер жасларды ҳақыйқый турмыстан үзип қойып атырған, олардың турмысын изден шығарыўға хызмет етип атырған екен. Бирақ, усы жерде бир сораў туўады: хош, идеал өзи не ҳәм не ушын керек? Ҳәзирги дәўир адамлары ушын идеал образ қалай қәлиплеспекте?

Дәслеп, бул түсиниктиң мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында қысқаша тоқтап өтсек. Идеал түсинигине бир қанша илимий, теориялық анықламалар берилген. Оны бир сөз бенен жәмийеттиң руўхый бағдарын белгилейтуғын тымсал деп айтыў мүмкин. Бүгин Өзбекстанда жаслар кимди үлги деп биледи, қандай пазыйлетти қәдирлейди, қайсы идея олардың жүрегине жақын - әне усы сораўлар дәўир руўхы ҳаққында ең анық түсиник береди. Оларға табылатуғын жуўаплар болса идеал тымсал мәнисине жақынластырады. Усы мәнисте, жаслардың санасында қандай қәдирият тамыр жайып атырғаны, олар қандай инсаный пазыйлетлерди қәдирлеп атырғаны ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Ҳәр бир жәмийет өз раўажланыў жолында жаңа әўлад ушын руўхый өлшем, идеал излер екен, бәркамал инсан образы жәмийеттиң әрманының көриниси сыпатында пайда болады. Сонлықтан, жаслардың идеалын қәлиплестириў, оларды миллий руўх ҳәм заманагөй ой-пикир үйлесиминде тәрбиялаў мәселеси ҳәр қандай дәўирде, ҳәр қандай мәмлекеттиң ең әҳмийетли руўхый ўазыйпаларынан бири болып келген.

Тарийхый тамыр

Миллий идеал тамыры халықтың өзин-өзи аңлаў тарийхы менен байланыслы. Өзбек халқы әсирлер даўамында өз турмысы, мийнети, үрп-әдетлери, қосықлары, әпсаналары, дәстанлары арқалы идеал инсан келбетин қәлиплестирген. Бул идеал ҳәр бир дәўирде түр-түсин өзгерткен болса да, мәниси өзгермеген - инсанның қәлби пәк, сөзи ҳақ, мийнети ҳадал болыўы керек.

Тарийхый көринис халық идеалының дәслепки қатламлары мифологиялық ойлаўдан басланғанын көрсетеди. Тәбият пенен бирге жасаған ата-бабалар суў, от, терек, ҳайўан, аспан сыяқлы күшлерди муқаддес деп билген, оларды тиришилик тымсалы сыпатында жырлаған. Кейин ала бул исенимлер диний ҳәм көркем пикирлеўге өтип, қосық арқалы эстетикалық көриниске ийе болған. Мине, усы процесте халық өз арзыў-әрманларын, меҳир-муҳаббатын, садықлығын, ар-намысын көркем образлар арқалы көрсеткен.

Усы тамыр кейинги әсирлерде де түрли көринисте раўажланған. Дәслепки дәўирлерде идеал тымсал миф ҳәм дәстан қаҳарманларында сәўлеленген, баҳадыр келбети мәртлик, ар-намыс ҳәм опалықты жырлаған болса, жадидлер дәўиринде норма өзгерип, қаҳарман тымсалы ағартыўшы муғаллим, тәўип, инженер, тилши, баспа сыпатында көзге таслана баслаған. Мектеп ашыў, ана тилин раўажландырыў, баспасөз хызмети сыяқлы жумыслар идеалды саўаш майданынан билим майданына көширди. Бул бурылыс жас әўлад қәлбинде илим арқалы халық хызметинде болыў деген маякты жақты.

Бурынғы аўқам дәўиринде идеал орайы мийнет майданына көширилди. "Норманы бир неше есе арттырыў" қаҳарманлық өлшеми етип белгиленди. Фронт арты пидайылығы, колхоз-совхоз бригадалары, пахта планлары, завод ҳәм цехлар, қурылыс объектлериндеги рекордлар - булар ғалаба хабар қураллары, плакатлар ҳәм сабақлықлар арқалы үлгиге айландырылды. Бунда көбинесе сан ҳәм көрсеткишлер руўхый мазмуннан үстин қойылды, бирақ дөретиўшилик баслама көп жағдайларда қатаң формаға салынды. Соның ушын да идеалдың ишки мазмуны мийнет пенен шекленип қалмаўы, руўхый-әдеп-икрамлылық өлшемлер менен турақлы тойынып барыўы әҳмийетли еди.

Ғәрезсизликтен кейинги басқышта норма және кеңейди. Тарийхый естелик тикленди, миллий қаҳарманлар, ағартыўшылар, жазыўшы ҳәм илимпазлардың тулғасы қайта ашылды. Идеалға хызмет ететуғын жаңа тараўлар пайда болды: исбилерменлик, мәлимлеме технологиялары, социаллық хызмет, экологиялық басламалар. Студент ҳәм оқытыўшы, шыпакер ҳәм инженер, ойлап табыўшы ҳәм стартапшы, спортшы ҳәм көркем өнер ғайраткери - булардың барлығы мәмлекеттиң раўажланыўы ушын жуўапкер шахс сыпатында көрила басланды. Глобал ашықлық күшейген сайын информация ағымы да тезлести. Идеаллар енди тек сабақлықларда жасамайды, олар көбирек социаллық тармақлар, ҳәр қыйлы платформалар, қысқа форматтағы гүрриңлер арқалы тарқалады. Соның ушын бүгинги идеал тек ғана кәсипке садықлықты емес, ал медиа саўатлылықты, сын көзқарастан пикирлеўди, санлы орталықта жуўапкершиликти де талап етеди.

Тарийхый қатламлар арасындағы үзликсизликти сақлаў да зәрүр. Алпамыс дәўиринен киятырған мәртлик руўхы ағартыўшылар арқалы илимге көшти, бүгин болса технология ҳәм дөретиўшилик пенен үйлеспекте. Өзгерип атырған формалар ишинде өзгермейтуғын мәнис жәмленген. Бул - жәмийеттиң идеалға мүтәжлиги. Усы талап бүгинги идеал келбетин нызам үстинлигин тән алатуғын, түрли миллет ҳәм көзқарастағы инсанлар менен бирге ислесетуғын, қоршаған орталыққа абайлы мүнәсибетте болатуғын, санлы мәденият талапларын түсинетуғын шахс көринисинде көрсетеди.

Демек, миллий идеал тамырларын аңлаў бүгин де өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Идеалдың тамыры болса халықтың ана тилинде, қосықларында, исениминде жасайды. Оны терең аңлаў жас әўлад санасында миллий өзликти беккемлеў, руўхый таянышты тиклеў, тарийхый руўхты заманагөй пикирлеў менен байланыстырыў керек. Усы тәризде миллий идеал әсирлер даўамында жаңаланып, бүгинги әўлад қәлбинде де жасап қалады.

Руўхыйлық майдандағы гүрес

Бүгин идеал қай жерде, қалайынша ҳәм қалай қәлиплеспекте? Бул сораўға жуўап излеп атырған жәмийет тийкарында өзиниң руўхый орайы, таяныш ноқатын излеп атырған болады. Себеби идеал халық өзин қалай көрмекши, қандай инсанды "бизге уқсас" деп билетуғыны менен белгиленеди. Өтмиште бул өлшем белгили мәнисте анық, жәмийет өзи жаратқан идеаллар, қаҳарманларга қарата қолланылатуғын еди. Енди болса процесс бираз қурамалы: ҳәр қыйлы дәреклер, ҳәр қыйлы бағдарларда бир ўақытта қәлиплеспекте. Енди ол тек ғана сабақлық, фильм ямаса минберлерде емес, ал социаллық тармақта, мәҳәлле жойбарларында, стартапларға тийкар салып атырған жаслар арасында, илимий лабораторияда, сахнада, ҳәттеки әпиўайы жумыс орынларында да пайда болмақта. Бул процесс көп қырлы, бирақ әҳмийетли тәрепи, идеал халық арасынан шығып атыр, жақын өтмиш картинасынан өзгеше түрде жоқарыдан таяр түрде түсип атырғаны жоқ.

Дәўир өткен сайын идеалды қәлиплестириўши күшлер де өзгерди. Алдынлары мәмлекет идеологиясы бир бағдарды көрсеткен болса, ҳәзир бул ўазыйпаны жәмийет, мәлимлеме майданы ҳәм тармақтағы жаңа әўлад дөретиўшилери бөлип алмақта. Телевизион бағдарламалар, блоглар, жәмәәтлик басламалар, спорт майданшалары, дөретиўшилик жойбарлар - барлығы усы қурамалы механизмниң бир бөлеги. Кимдур бул майданға спорт арқалы кирип атыр, кимдур социаллық жумыс, кимдур технология, кимдур көркем өнер менен. Сонлықтан, бүгинги идеал көп көриниске ийе, бирақ бирден-бир руўхқа ийе - ол ҳәрекетте, дөретиўшиликте ҳәм жуўапкершиликте қәлиплеспекте.

Бирақ, мине усы еркинлик идеал ҳаққындағы түсиниклеримизди бираз булдырластырып жиберди. Енди ҳәр кимниң "қаҳарманы" өзгеше. Кимдур сахнадағы артистти, кимдур YouTube платформасындағы стримерди, кимдур чемпион спортшыны, кимдур болса илимге басын қосқан жасты идеал деп биледи. Дыққат орайын алгоритмлер басқарып атырғаны жәмийеттиң идеал таңлаўын қурамалы ҳәм бир қанша шийеленискен көриниске алып келди. Соның ушын бүгинги идеалдың келбети бөлинип кеткендей: бир тәрепте тез табыс, белгилилик, бирлемши тәсир беретуғын көринислер, екинши тәрепте болса тыныш, бирақ турақлы мийнет ҳәм пикир.

Усы көринис негизинде жәмийеттиң өзин талқылап атырған айнасы болып есапланады. Идеал не менен өлшенип атырғаны сол жәмийеттиң ишки мүтәжлиги менен байланыслы. Ҳәзир бизге интакер, билимли, ашық пикирли, бирақ миллий тамырын умытпаған инсанлар керек. Сол себепли идеалды жаратыў да енди тек рәсмий тараўдың мойнында қалып атырған жоқ. Ол журналисттиң қәлеминде, муғаллимниң сабағында, кинофильм кадрларында, музыка ырғағында, тармақтағы кишигирим гүрриңлерде қәлиплесип атыр.

Бүгин идеал тосыннан пайда болмайды, ол мәлимлеме ағымы, тән алыў механизмлери, тармақтағы дыққат орайлары арқалы жүзеге шығады. Егер итибар пайдалы идеялар, ҳадал мийнет ҳәм илимге қаратылса, жәмийеттиң идеалын усы бағдар белгилейди. Болмаса, тез итибарға түсетуғын, бирақ мазмуны сайыз образлар руўхый майданды да әсте-ақырын ийелеп барады. Сол себепли бүгин идеалды жаратыў ҳәм көрсетиў, оған исеним бериў жуўапкершилиги ҳәр бир тараўда өзин көрсетеди: мәмлекеттиң сиясий ерк-ықрарында, билимлендириў системасының ашықлығында, мәҳәлле ҳәм ҒХҚның белсендилигинде...

Жаңа идеал тымсалы

Мәлимлеме майданы дүнья сахнасында ҳәр бир халықтың абырайы ҳәм тәсирин белгилейтуғын ең әҳмийетли фактор екени белгили. Ким өз сөзин исенимли, түсиникли ҳәм турақлы айта алса, сол итибар орайына шығады. Усы процессте Өзбекстан да өз даўысын беккемлеў, мәлимлеме ағымында миллий руўхты сақлап қалыў ушын изленбекте. Кейинги жылларда мәмлекет, жәмийет ҳәм дөретиўшилер биргеликте миллий контент жаратыў, мәденият ҳәм тарийхты заманагөй сәўлелендириў, жаслар ушын пайдалы медиа өнимлер ислеп шығыў бағдарында сезилерли қәдемлер таслады. Бирақ бул бағдарда ерисилген нәтийжелер енди басқышпа-басқыш жетилискенликке алып барылыўы керек. Себеби мәлимлеме майданы бүгин ҳәрекетти тоқтатыўды кеширмейтуғын орталыққа айланған.

Мәмлекет бул процесстиң тийкарғы бағдарлаўшысы сыпатында әҳмийетли орын ийелемекте. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде мәлимлеме сиясатын жетилистириў, миллий контент жаратыў жумысын кеңейтиў, медиа билимлендириўди раўажландырыў, жас дөретиўшилер ушын грант ҳәм таңлаўларды жолға қойыў усылардың қатарына киреди. Бундай басламалар миллий идеяны сәўлелендиретуғын, жаслардың санасында арзыў-нийет ҳәм мийнетке садықлық оятатуғын мазмунды көбейтиўге хызмет етпекте. Соның менен бирге, жәмийеттиң белсендилиги де бул процессте үлкен әҳмийетке ийе ҳәм ол ғалаба исенимди талап етеди. Бул бағдарда жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы тийислилик, жуўапкершилик ҳәм керек болса, жуўапкершилик сезими менен жасаўы, соған сәйкес ҳәрекет етиўи зәрүр.

Сондай-ақ, мағлыўматлар ағымын дурыс бағдарлаў, оларда пайдалы, илҳамландырыўшы, әмелий турмысқа жақын контент жаратыў мәселеси оғада әҳмийетли. Социаллық тармақлардың күши сонда, олар жәмийеттиң кейпиятын, жаслардың көзқарасын өзгерте алады. Усы күштен дурыс пайдаланылса, миллий идеалды қәлиплестириўде қүдиретли қуралға айланады.

Мәлимлеме ағымы барған сайын күшейип, ҳәр қыйлы дәреклер арқалы жаслардың санасына кирип атырған бир ўақытта мазмунлы контент ислеп шығыў жуўапкершилиги ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып қалды. Сапалы медиа өнимлер, ҳақыйқый таллаўлар, реал турмыстағы унамлы мысаллар жасларға жол көрсетеди. Мәмлекет ҳәм жәмийет бирге ислесиўиндеги ҳәрекет, дөретиўшилердиң пидайылығы, социаллық тармақлардың мақсетли ислеўи нәтийжесинде миллий идеалды сәўлелендиретуғын мазмун турақлы жаңаланып турады.

Ҳәр бир дәўир өз қаҳарманын жаратады, бирақ ҳәр бир қаҳарман алдыңғы әўладлар тәжирийбесинен азықланады. Жаңа әўлад ушын илҳам дәреги технология, илим ҳәм дөретиўшилик болыўы мүмкин, бирақ бул процесс әсирлер даўамында топланған руўхый мийрас пенен байланыстырылса, идеал шахс тымсалы бәркамал әўлад тәрбиясында шешиўши орынға шығады.

Мине усы идеал келбетин санасына сиңдирген әўлад болса өзлигинен ажыралмайды, жаңаша пикирлейди, таңлаған жолынан қайтпайды. Оқыған сайын өзлигин аңлайды, пикирлеген сайын халыққа жақынласады. Бундай инсан ушын әрман дегени жеке табыс пенен тамамланбайды. Ол әрманды ел мәпи жолында хызмет етиў дәрежесине жеткереди. Усы үнлеслик жаңа Өзбекстан жасларын күшли, исенимли ҳәм мақсетли әўладқа айландырады.

Аслиддин АБДУРАЗЗОҚОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы