Атап өтилиўинше, "Тоштемиржоллойиҳа" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Самарқанд ўәлаятының Жамбай районынан Ургутке қарай узынлығы 50 километрден аслам болған темир жол қурылысы басланды.
Жамбай районындағы “МАN” заводы жанынан басланатуғын жаңа темир жол тармағы 4Р-238 автомобиль жолын кесип өтип, Зарафшан дәрьясы бойлап өтеди ҳәм кейин ала усы дәрья үстинде қурылатуғын көпир арқалы Ургут районына барады.
Сондай-ақ, темир жол өтетуғын Жамбай, Самарқанд, Тайлақ ҳәм Ургут районларының халық көп жасайтуғын аймақларында станциялар шөлкемлестириледи. Мәселен, Тәжикстан Республикасы менен шегаралас Ургут районында жайласқан "Жартепа" шегара бажыхана посты жанында бәндирги қурылады.
Бул болса тәжикстанлыларға елимиз бойлап темир жол арқалы да саяхат етиў имканиятын береди.