Мәмлекетимиз басшысының медицина хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманына бола, I дәрежели "Соғлом авлод учун" ордени менен сыйлықландым. Буннан қаншелли қуўанған болсам, соншелли үлкен жуўапкершиликти сездим. Себеби тараўдың түп-тийкарынан реформаланып атырғаны, система хызметкерлерине бундай исеним билдирилип атырғанында да өзине тән мәни бар.

Ҳақыйқатында да, бүгин елимизде медицина тараўы тек ғана технологиялық жақтан емес, ал инсан саламатлығына мүнәсибет көзқарасынан да жаңа басқышқа көтерилди. Шыпакерлердиң мийнети ҳәм пидайылығы - мәмлекетимиздиң турақлы итибарында. Тийкарғысы, инсан қәдирин улығлаў, оның өмири ҳәм саламатлығын тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған.

Самарқанд мәмлекетлик медицина институтын тамамлағаннан соң, мийнет жолымды Қарақалпақстан Республикасы туберкулёзге қарсы гүресиў диспансериниң шыпакери болып ислеўден басладым. Ҳәзир Қарақалпақстан медицина институты хирургия кафедрасы баслығы ҳәм профессоры ўазыйпасында ислеп атырман. Ярым әсирден аслам өмиримди медицина тараўына бағышладым. Көп жыллық теориялық, иммуногенетикалық ҳәм клиникалық жумысларым жақсы нәтийже берди. Қарақалпақ популяциясында қызыл өңеш рак кеселлигиниң жүдә жоқары дәрежеде пайда болыўына имканият жарататуғын тийкарғы факторларды анықладым. Усы тийкарда қызыл өңеш ракине қарсы гүресиў бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығылып, әмелге асырылды. Қубла Аралбойы халқы арасында қызыл өңеш ракының бирлемши ҳәм екилемши профилактикасы концепциясын ислеп шықтық.

Сондай-ақ, эзофагитлердиң клиникалық-эндоскопиялық классификациясын әмелиятқа киргиздик. Қарақалпақ популяциясы арасында биринши мәрте иммуногенетикалық изертлеўлерди әмелге асырдық. Бул қызылөңеш кеселликлериниң этиопатогенетик механизмлерин үйрениўде жаңа басқышты баслап берди.

Ғалабалық витамин менен тәмийинлеў түриндеги бирлемши ҳәм де қызылөңеш өспеси алды кеселликлерин емлеў сыпатындағы екилемши профилактиканы әмелиятқа киргиздик. Нәтийжеде Қарақалпақстанда қызыл өңеш рагы менен кеселлениў көлемин алты есеге азайтыўға ерисилди.

Қырық жылдан аслам мүддет Республика онкология ҳәм радиология орайы ҳәм Академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалларының директоры ўазыйпасында ислеген ўақтымда 150 ден аслам онколог, хирург ҳәм эндоскопистлерди таярладық. Жаңа операция түри - қызыл өңештиң көкирек бөлими менен асқазанды жалғаў усылын ислеп шықтық. Сондай-ақ, скальпелдиң жаңа түрин жаратып, оның ушын патент алдық.

Жыллар даўамындағы мийнетимиздиң нәтийжеси сыпатында, Қарақалпақстанда онколог ҳәм хирурглар мектеби жаратылды. Қарын (асқазан, ишек, баўыр) ҳәм көкирек (өкпе, қызыл өңеш) бослығы ағзаларында 20 мыңнан аслам оғада қурамалы, жоқары технологиялы операцияларды орынладық. Диагностика ҳәм емлеў эндоскопиялық усыллар тийкарында өкпе, қызыл өңеш, баўыр, асқазанның кардиал бөлими рагы менен аўырған наўқасларды операция етиў әмелиятын биринши мәрте Қарақалпақстанда енгиздик.

Қарақалпақ халқында өспелер кеселликлериниң комплексли профилактикасын, басланғыш медицина системасында скрининг жүргизиў есабынан онкологиялық наўқасларды ерте басқышта анықлаў ҳәм заманагөй технологиядан пайдаланып наўқасларды емлеў бойынша Президентимиздиң тийисли қарары шықты. Оған муўапық Нөкис қаласында жаңа Онкология ҳәм радиология орайының қурылысы басланды. Келеси жылы 175 орынлық клиника иске қосылады.

Бул орай заманагөй медициналық диагностика, радиологиялық, хирургиялық, эндоскопиялық үскенелер ҳәм лаборатория әсбап-үскенелери менен тәмийинленеди. Сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санкт-Петербургтағы абырайлы онкология орайы менен 3 жылға мөлшерленген меморандум дүзилди. Онда қәнигелеримизди оқытыў, жаңа операцияларды әмелиятқа енгизиў, иммунотерапия ҳәм вакцинотерапия сыяқлы онкологиядағы ең алдынғы емлеў усылларынан пайдаланыў бойынша тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған.

Соңғы жыллары елимизде денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў, медициналық мәкемелерди заманагөй талаплар тийкарында жаңалаў ҳәм шыпакерлер ушын қолайлы мийнет шараятын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысының тараўға үлкен итибары себепли медицина күн сайын раўажланып бармақта. Бизге берилип атырған имканиятлар, жеңилликлер, ең тийкарғысы, Президентимиздиң итибарынан үлкен күш алдық. Енди билим ҳәм тәжирийбемизден және де нәтийжели пайдаланып, халықтың саламатлығы жолында хызмет етемиз.

Мэлс КАБУЛОВ,

Қарақалпақстан медицина институты профессоры,

I дәрежели "Соғлом авлод учун" ордениниң ийеси.