Керисинше, сондай болыўы керек сыяқлы қабыл етип атырмыз. Мектеп партасында отырып бир ўақыттың өзинде дүньяның бир неше абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етилип атырған жигит-қызлардың табысы да жаңа әўлад ўәкиллеринен күтилетуғын тәбийғый нәтийже болып қалды. Бүгин буның ушын шараят та, имканият та бар. Қалаберди, қәнигелестирилген мектеплердиң шөлкемлестирилгени билимлендириўдиң орта буўыны имканиятларын көрсетиў менен бирге жасларды жоқары билимлендириў басқышына руўхландыратуғын трамплин ўазыйпасын да атқармақта.
Мәмлекет көлеминде жумыс алып барып атырған 182 қәнигелестирилген мектеп арасында Наўайы қаласындағы 1-қәнигелестирилген мектеп-интернат айрықша орын ийелейди. 2022-жылдан жумыс баслаған бул билимлендириў дәргайының педагог-хызметкерлери ҳәм оқыўшылары қысқа мүддетте өз билим ҳәм потенциалын, қәбилетин көрсетип, көплеген табысларға ерисип киятыр. Ҳәзирги ўақытта мектепте 50 ге шамалас педагог 450 ден аслам оқыўшыға тәлим-тәрбия берип атыр. Муғаллимлердиң 37 си жоқары категориялы, 39 ы миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе. Дурыс, бүгин билимлендириў процесине алдынғы сырт ел тәжирийбеси, электрон сабақлықлар, санлы технологиялардың енгизилип атырғаны оқыўшылардың заманға сай билим алыўына кеңнен имканият жаратпақта. Бирақ заманагөй педагогикалық технологиялардан пайдалана алыў ушын да муғаллим заман менен тең қәдем таслаўы керек. Соның менен бирге оқыўшының дыққатын тартыў шеберлиги жетерли болыўы керек. Қәнигелестирилген мектеп-интернаттағы билимлендириў процесинде әне усы тәреплерге қатаң қатнаста болады. Сонлықтан, жақында жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларының нәтийжелери жәрияланғаннан соң, мектеп-интернат питкериўшилериниң табысы жәмийетшилик тәрепинен тән алынды. Билимлендириў мәкемесиниң барлық питкериўшиси ЖООларға оқыўға қабыл етилди. Оқыўшылардың 42 си мәмлекетлик грант, 18 и шәртнама тийкарында абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алады.
- Мен жүдә бахытлы әкемен, - дейди наўайылы Хуршид Қурбонов. - Себеби, екинши перзентим Анвар Қурбонов усы мектеп-интернатты алтын медаль менен тамамлап, мүддетинен алдын студент болды. Буның тийкарында мәмлекетимиз билимлендириў системасындағы реформалар ҳәм Үшинши Ренессанс тырнағын қойыўдағы исенимли қәдемлер тур. Өзим педагог болғаным ушын бул нәтийжеге ерисиў жолында устазларының қаншелли мийнет еткенин, машақат шегип атырғанын жақсы билемен.
Илим ийелеў ийне менен қудық қазыўға теңлестирилген екен, илим үйретиў машақаты да оннан кем болмайды. Өз үстинде тынымсыз ислеў, жумысының жаңа қырларын көрсетиў педагогтың кәсиплик раўажланыўының әҳмийетли факторы есапланады. Быйылғы жылы муғаллимлер арасында физика ҳәм химия пәнлери бойынша өткерилген олимпиадада 1-орынды ийелеген химия пәни муғаллими Дилшод Норқулов, ҳүрметли орынларды қолға киргизген физика пәни муғаллимлери Бобуржон Ҳалимов, Жаҳонгир Холмўминовты излениўшең педагоглар қатарына киргизиў мүмкин. Устазларының үгит-нәсиятларына әмел еткен оқыўшылар да түрли таңлаў ҳәм олимпиадаларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.
Мектеп-интернат директоры Одил Норовтың айтыўынша, 2024/2025-оқыў жылында мәкеме оқыўшылары 248 миллий ҳәм халықаралық сертификатты қолға киргизген. Барлығы мүддетинен алдын студентлер қатарына қабыл етилген питкериўшилердиң 11 и ең жоқары (189) баллды топлады. Дилнура Нарзуллаева, Жавоҳир Ихтиёров, Анвар Қурбонов, Амирхон Тоҳиров, Фахриддин Яхшибоев сырт елдиң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң грантын қолға киргизгени, "Жаңа Өзбекстан" университетине мүддетинен алдын оқыўға қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек.
2021-жылы Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм халық билимлендириў басқармасы "Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына 30 мектеп" сүрени астында 30 улыўма билим бериў мектебиниң питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине толық оқыўға кириўин тәмийинлеў басламасы менен шыққан еди. Сол жылы 30 мектептиң барлық питкериўшиси толық жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етилген. Ғәрезсизликтиң 35 жыллығына 35 мектеп усындай нәтийже көрсетсе әжеп емес...
Гүлистан районлық қәнигелестирилген мектеп-интернаты 315 орынға мөлшерленген. 200 орынлық жатақхана ҳәм 150 орынлық асхана билимданлар хызметинде. Сабақлар 8:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди. Оқыўдан кейин балалар пән, спорт, китапқумарлық дөгереклеринде бос ўақтын мазмунлы өткериўи ҳәм билимлерин беккемлеўи ушын зәрүр шараят жаратылған.
Быйылғы оқыў жылы мектеп-интернат ушын әўметли келди. Мине, үшинши жылдан берли билимлендириў мәкемеси питкериўшилериниң жоқары оқыў орнына кириў көрсеткиши 100 процентти қурамақта. Быйыл студентлик статусына ерискен 42 оқыўшының 35 и мәмлекетлик грант, 7 и төлемли-контракт тийкарында жоқары билим алыў имканиятына ийе болды. Бир ғана Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетине 12 оқыўшының грант тийкарында оқыўға қабыл етилгени қуўанышлы нәтийже, әлбетте. Гүлистан районы қәнигелестирилген мектеп-интернатының 11-класс оқыўшысы Шоҳрух Комилжонов АҚШтың абырайлы жоқары оқыў орынларынан бирине оқыўға кирди.
Мектеп-интернаттың питкериўши болмаған оқыўшылары да быйыл рекорд нәтийжелерди қолға киргизди. Жергиликли ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында жоқары орынларды ийеледи. Таңлаўлар ҳәм мәдений илажларда да мектеп айрықша тән алынды. Қысқасы, тәжирийбели муғаллиминиң тәжирийбеси ҳәм шеберлиги оқыўшыларының бир қатар табысларында сәўлеленди.
- Нәтийжелилик өз-өзинен болмайды. Оқыўшыларымызға сабақтан кейинги сабақларда ҳәр бир тема бойынша тереңлестирилген билим бериледи. Өзлестирилген сабақлар анализленеди. Оқыўшылар өзи имтихан тапсыратуғын пәнлерден тест арқалы сыналады, - дейди мектеп директоры Ғолиб Бозоров.
Улыўма билимлендириў системасында Қаракөл тәжирийбеси мыңлаған ата-аналардың исенимине ериспекте. Соның ушын да бул аймақтың өзине тән тәжирийбеси пүткил республикамыз бойлап ғалаба ен жаймақта. Бухара мәмлекетлик университети Қаракөл академиялық лицейин быйыл тамамлаған 201 оқыўшының барлығы жоқары оқыў орнына қабыл етилгени де пикиримизди тастыйықлайды. Питкериўшилердиң 191 и мәмлекетлик грант (95 процент), 10 ы төлем шәртнамасы (5 процент) тийкарында студентликке усыныс етилди. Лицейдеги оқытыўшылардың маманлығы ҳәм тәжирийбеси ҳаққында айтпай-ақ ҳәммеге күндей анық. Бәринен бурын, "устаз-шәкирт" дәстүрлери ҳәўес етсе арзыйтуғын дәрежеде. Педагоглар "Қутқарыў - тек билимлендириўде" сүренин беккем тутқан. Билимге қуштар оқыўшылар болса устазлардың меҳиринен күш алады. Материаллық-техникалық имканиятлар да қолайлы. Пән ханалары заман талабына сай үскенеленген, керекли көргизбе ҳәм оқыў қураллары, техникалар менен тәмийинленген.
Қаракөл академиялық лицейи директоры Ғолиб Жумақулов оқыўшылардың жоқары нәтийжелери ҳаққында пикир билдирер екен, питкериўшилердиң 95 процентине мәмлекетлик грант несип еткенинен оғада қуўанышлы екенин айрықша атап өтти.
- Мине, усы оқыўшылардың барлығы оқыў жылы даўамында миллий ҳәм халықаралық сертификатларды қолға киргизди, пән олимпиадаларында белсендилик көрсетип, сыйлы орынларды ийеледи. Бул бағдарда ата-аналар да устазлар менен бирдей пикирде болып, перзентиниң келешеги ушын ҳәр қандай сынаққа ийинлес болды. Бул болса өз жемисин берди. Студентлик босағасында турған оқыўшыларымызға билимлендириўдиң ендиги басқышында буннан да үлкен табысларды тилеймиз. Олар жоқары мағлыўматты да усындай қуштарлық пенен алса, әлбетте, мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын жетик кадрларға айланады, - дейди Ғолиб Жумақулов.
Халқымыздың ертеңги күни бүгин перзентлеримиздиң қандай тәлим-тәрбия алыўына байланыслы екен, бул бағдардағы машқалаларды шешиў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып қала береди. Табыслар негизинде болса, әлбетте, жақсы нийет жәмленген болады. Жүзди сорасақ онды, онды сорасақ, бирди қолға түсириўимизде де ҳикмет бар. Буны турмыслық мысаллар көрсетип тур. Солай екен, елимиздеги барлық мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орнына кириў көрсеткиши жүз процент болыўын тилеймиз. Әжеп емес, келеси жылы басқа мектеплер де усы нәтийжеге ерисип, тилегимиз орынланса...
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы